Даниел арысланлар турған шуқырда
Мухаддес Китап, Даниел пайғамбардың китабы, 6-бап.
Мидия ҳәм Персия пәрманлары басқалардикинен айырмашылығы, булар ҳеш қашан бийкарланбайтуғын еди. Ҳәтте патшаның өзи де буны өзгерте алмайтуғын еди. Даниел пәрманның тастыйықланғанын билсе де, үйине барып, терезелери Ерусалим тәрепке қарап ашылған жоқарғы бөлмесине шықты да, әдеттегидей күнине үш мәрте дизерлеп, Қудайға дуўа етти ҳәм Оны алғыслады. Оған қарсы тил бириктирген адамлар бир топар болып, үйине барды ҳәм Даниелдиң өз Қудайына дуўа етип, мийрим-шәпәәт сорап атырғанының үстинен шықты. Сонда олар патшаның алдына барып, шығарылған пәрман ҳаққында былай деп айта баслады:
– Тақсыр Яҳуда тутқынларынан болған Даниел сизди де, сиз шығарған пәрманды да менсинбей, ол күнине үш мәрте өз Қудайына дуўа етип атыр, – деди.
Патша буны еситип, қатты қәўетерге түсти.
– Бундай болыўы мүмкин емес, – деди патша. – Мениң достым ҳәм ең жақсы жәрдемшим болған Даниелди жоқ қылғыңыз келип атыр, соның ушын сизлер сол пәрманды тастыйықлаўымды айтып, мени мәжбүрледиңлер. Мен буған жол қоймайман!
- Яқ, уллы тақсыр, бизлер оған ҳеш қандай жаманлық ислеўди қәлемеймиз! – деп жуўап берди олардың бири батыллық пенен, – буны тек нызам талап етеди.
– Сен мени алдап атырсаң. Кетиң! Көзиме көринбең! – деди патша.
Ол Даниелди қутқарып қалыўды жүрегинде нийет етти. Ҳәттеки, күн батқанша қолынан келгенше оны қутқарыўға ҳәрекет қылды ҳәм өзиниң басқа министрлерин ҳәм досларын шақырып, олар менен ойласты. Бирақ ҳеш ким бул пәрманды қалай айланып өтиў жолын билмеди.
Сонда илажсыз болған патша арысланлар турған шуқырдың жанында турған Даниелдиң қасына барды. Жынаятшыны жазаға тартпасынан алдын, арысланлар еле де жыртқыш болыўы ушын оларды әдетте бир неше күн даўамында аўқатландырмайтуғын еди. Жүреги дәртке толған патша Дарий қолын Даниелдиң үстине қойып:
– Мен қолымнан келген барлық ҳәрекетти қылдым, бирақ ҳеш нәрсе келиспеди, – деп терең демин алды.
Соңынан патша Даниелди шуқырға таслаўды буйырды. Даниелдиң өзине болса және: «Ҳәмме ўақытта өзиң хызмет етип келген сол Қудайың сени қутқарсын!» – деди.
Кейин патша өз сарайына қайтты. Оған кеўил көтеретуғын ҳеш нәрсе әкелинбеди ҳәм түнди ҳеш нәрсе жемей өткерди. Түни менен уйықламай шықты. Таң атыўдан патша орнынан турып, асығып-үсигип, арысланлар турған шуқырға қарай жүрип кетти. Ол шуқырға жақынлап барғаннан, муңлы даўыс пенен:
– Ҳәй, тири Қудайдың қулы Даниел! Сен ҳәмме ўақытта хызмет етип жүрген Қудайың сени арысланлардан қутқара алды ма? – деди. Даниел:
– Тақсыр, өмириңиз узақ болсын! Мениң Қудайым периштесин жиберип, арысланлардың аўзын жаўып қойды ҳәм арысланлар маған ҳеш қандай зыян тийгизбеди. Өйткени Қудайымның алдында гүнасыз болдым ҳәм сизиң алдыңызда да мен ҳеш қандай айып ис қылмадым, – деп жуўап берди.
Сонда патшаның қуўанышы ишине сыймай, оны шуқырдан шығарыўды буйырды. Даниелди шуқырдан шығарған адамлар, оған ҳеш қандай зыян тиймегенин көрди, себеби Даниел өз Қудайына исенген еди. Патшаның буйрығы бойынша, Даниелди наҳақ қаралаған адамлар алып келинип, ҳаяллары ҳәм балалары менен бирге арысланлар турған шуқырға тасланды. Олар шуқырдың түбине жетпей атырып-ақ, арысланлар оларға тасланып, сүйеклерин сындырып, майдалап таслады. Соннан кейин, патша Дарий жер жүзиндеги барлық халықлар, миллетлер ҳәм ҳәр бир тилдеги адамларға былай деп хат жоллады:
«Сизлерге тынышлық ҳәм берекет болсын! Даниелдиң сыйынатуғын Қудайына сыйының, өйткени ол тири Қудай. Ол азат қылады ҳәм қутқарады, аспан менен жерде белги ҳәм кәраматлар көрсетеди. Оның патшалығы мениң патшалығымнан уллырақ ҳәм Ол мәңги жасайды».
СОРАЎЛАР:
1. Даниел Дарийдиң таза пәрманын еситкенде не қылды?
2. Дарий Даниелди арысланның шуқырына тасламастан алдын, оған не деди?
3. Даниел шуқырдан аман шығып, қутқарылғаннан соң, Дарий қандай пәрман шығарып, ҳәмме жерге хат жоллады?