Мухаддес Китап ўақыялары 49 bob

Өз ўатанына қайтыў

Өз ўатанына қайтыў

   Даниел бала ўақтында Бабилонға әкелинип, сол жерде жасағаны менен де, ол өз ўатаны ҳаққында ҳәм Қудайдың Өз халқын алып қайтыў ҳаққында берген ўадесин есинде сақлап жүрген еди.

   Қәнекей, егерде Ибадатхана қайтадан қурылғанда, барлық яҳудий халқы бирге жыйналып, Қудайға дуўа еткенде, жақсы болар еди! Даниел өз үйинде жалғызланып, ораза тутып, Қудайға былай деп дуўа етти:

– Жаратқан Ийе, Сен уллысаң, қүдиретли ҳәм мухаддес Қудайсаң, Сени сүйгенлерге мийримиң шексиз. Сениң халқың болған бизлер соншелли көп гүна иследик. Соның ушын да, Сен Ерусалимниң бузылыўына жол қойдың, сонлықтан да бизлер жат жерде жасап атырмыз. Бирақ мен Сениң мийримиңди болген ҳалда өтинип сорайман: халқымды кешире гөр ҳәм оларға өз ўатанына қайтыўына рухсат бер!

   Қудай сол дуўаны еситти. Бирақ Даниелдиң өзи Ерусалимге қайта алмаған еди, себеби Ерусалимге қайтыў рухсатын Қудай оның өлиминен кейин берди.

 Бабилон патшасы израил халқына тек қайтыўға рухсат берип қоймастан, ал соның менен бирге, оларға Ерусалимдеги Ибадатханадан алып кетилген алтын ҳәм гүмис ыдысларды да қайтарып берди. Ерусалим халқының қуўанышын тәрийиплеў мүмкин емес еди. Енди олар еркинликке еристи!

   Бирақ сонда да ҳәммеси де қайтыўға жүрексинбеди. Себеби оларда бул жерде өз үйи, атызы, қоңсылары ҳәм дослары бар еди. Ал Израилда болса тек ғана қарабақананы табар еди.

 

Олар қаланы қайтадан қурыў ушын, көп күш салып ислеўи керек еди.

   Деген менен, қыйыншылықлардан қорқпайтуғынлар көп еди. Олар Ерусалимге көшип, Қудайдың Ибадатханасын қайта тиклеў шешимин қабыл етти.

   Израил халқының өз ўатанына қайтыўына көп ҳәптелер кетти. Олар келген ўақтында қорққанындай жағдайды көрди: олардың үйлери бузылған ҳәм оларда жасаў мүмкин емес еди, ал аман қалған үйлерде болса әлле қашан басқа адамлар жасап атырған еди. Атызларда ҳәм жүзимзарларда жабайы шөплер өсип кеткен еди, ал басқа атызларды сол жерде жасап атырған адамлар ийелеп алған еди. Олардың алдында қанша гүрес ҳәм мийнет турған еди!

   Бирақ олардың ең үлкен мәселеси тазадан жай салыў, атызларды тазалаў, зүрәәт алыў ҳәм жайғасыў емес еди. Ең әҳмийетли нәрсе олар ушын тутқынлықта ислей алмайтуғын - Қудайды Ибадатханада алғыслаў хызмети турған еди!

   Бирақ бул жерде Ибадахана жоқ еди. Бурын әжайып болған Ерусалим қаласы енди қарабақанаға айланған еди. Буны көрип руўханий былай деди:

– Ибадатхананы қайтадан қурыў ушын көп ўақыт кетеди. Бирақ бизлер қурбанлық орынды ҳәзир-ақ қура аламыз, оны бурынғы қурбанлық орнынлықтың орнына соғамыз.

   Адамлар таза қурбанлық орынлық ушын сол жерди тазалап баслады. Тез арада олар Қудайға адамларды өз ўатанына алып келгени ушын қурбанлық әкелип баслады. Жыллар өткеннен соң таза Ибадатхананың қурылысы питип, ол мухаддесленип, пәкленди. Ерусалим қайтадан бийик дийўал менен қоршалған әжайып қалаға айланды.

  Бабилоннан қайтқан Израил халқына Қудай Өзиниң нызамлары туўралы еслетиў ушын тез-тезден Өз пайғамбарларын жиберип турды. Қудай оларды гүналары ушын  жазалайтуғын еди ҳәм кеширетуғын еди. Бирақ көп ўақытлар алдын, Қудай пайғамбарлар арқалы барлық нәрсе өзгереди, енди алдынғыдай болмайды, деп айтқан емес пе?

 

«Мынадай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен Израил ҳәм Яҳуда халқы менен жаңа келисим дүземен. Бул келисим Мен олардың ата-бабаларының қолынан услап, Мысыр елинен алып шыққан ўақтымда олар менен дүзген келисимдей болмайды. Мен олардың хожайыны болсам да, олар сол келисимди бузды… Бирақ сол күнлерден кейин, Израил халқы менен дүзетуғын келисимим мынаў, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен Өз нызамымды олардың сана-сезимине орналастырып, жүреклерине жазып қояман. Мен олардың Қудайы боламан, олар Мениң халқым болады… Мен олардың қылмысларын кеширемен, гүналарын қайтып есиме алмайман.

(Мухаддес Китап, Еремия китабы, 31-бап, 31-34 аятлар)
 

    Қудай Өз ўәдесин қашан орынлаўды нийет еткен еди?




Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16