Бабыл минарасы
Мухаддес Китап,Жаратылыс китабы,11-бап
Дүнья жүзлик топан суўынан соң, Нухтың балалары Сам, Хам ҳәм Яфеттен көп балалар ҳәм ақлықлар туўылды. Адамлар топан суўынан алдынғыдай узақ ўақыт жасамаған. Егер Нух 950 жыл жасаған болса, оның баласы Сам 600 жыл, ал Самның баласы болса 430 жыл жасады.
Нухтың әўлады ҳәр тәрепке тарап кетпестен бурын, мынадай ўақыя жүз берди. Шығыс тәрептен адамлар Шынар жерине келди. Олардың ҳәммеси бир тилде сөйлесетуғын еди. Бир күни оларда жоба пайда болды ҳәм бир-бирине:
- Келиңлер, ылайдан гербиш қуйып, оларды отқа писирейик. Өзимизге бир қала қурайық ҳәм төбеси аспанға жететуғын бир минара тиклеп, даңқымызды шығарайық. Сонда бизлер жер жүзине тарап кетпеймиз – дести.
Қудай адамлардың жүреклериниң менменлигин көрип:
–Қәне, төменге түсейик, олар бир-бирин түсинбей қалыўы ушын тиллерин араластырып таслайық, – деди.
Бирден адамлар бир-бирин түсинбей баслады, себеби олар ҳәр-түрли тиллерде сөйлей баслады. Сонлықтан да минара қурылысы тоқтап қалды.
Жаратқан Ийе оларды жер жүзине таратып жиберди ҳәм сол қала Бабыл деп аталды, бул атама «араласыў» дегенди аңлататуғын еди.
Усылай етип, Бабыл минарасының тарийхы ҳаққында жер жүзилик топан суўынан кейинги ҳәр түрли тиллердиң пайда болыўы, деп тәрийиплейди.
СОРАЎЛАР
1. Адамлар жер жүзи бойлап тарамасынан алдын не қурыўды қәлеген еди?
2. Олар не ушын ҳеш нәрсе ислей алмады?
3. Бабыл қаласының аты нени аңлатады?