Екинши бөлим
Жаңа келисим
Жабрайыл периштениң Мәриямға көриниўи
Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 1-бап, 5-38-аятлар.
Қудай Жабрайыл периштени Галила үлкесиниң Насыра деп аталатуғын қаласына, Даўыт әўладынан шыққан Юсуп деген жигитке атастырылған бир қызға жиберди. Қыздың аты Мәриям еди.
Мәриям үй жумысларын ислеп жүрген ўақытта, бирден Периште үйге кирип, оған:
– Сәлем саған, Қудай жарылқаған! Жаратқан Ийемиз сениң менен бирге, – деди.
Мәриям периштениң сөзлерине аң-таң болды ҳәм бул қандай сәлемлесиў болды екен, мениң менен ҳеш ким еле бундай етип сәлемлескен жоқ еди деп, ойланып қалды.
- Қорқпа Мәриям, мине, сен ҳәмиледар болып, Ул туўасаң ҳәм Оның атын Ийса деп қоясаң. Ол уллы болып, Қүдиретли Қудайдың Улы деп аталады. Жаратқан Ийемиз – Қудай Оған бабасы Даўыттың тахтын береди. Ол Яқыптың халқының үстинен мәңгиге патшалық етеди ҳәм Оның патшалығының шеги болмайды, – деди периште.
Мәриям периштениң сөзлерин түсинбей оннан:
– Мен ер адамға жақынламаған болсам, бул қалай болады? – деп сорады. Периште оған жуўап берип:
– Сениң үстиңе Мухаддес Руўх түседи ҳәм Қүдиретли Қудайдың күши саған саясын салады. Сонлықтан да, сеннен туўылажақ Мухаддес Бала – Қудайдың Улы деп аталады, – деди.
Мәриям периштениң сөзлерине исенди. Қудай көп жыллар бурын берген ўәдеси жақын арада орынланыўы керек еди! Мәриям ўәде етилген Қутқарыўшының анасы болады!
Бирақ ол қалай болатуғынын ҳеш түсинбей периштеден:
– Ол қалай болады?- деп сорады.
Сонда Жабрайыл былай деп жуўап берди:
– Мухаддес Руўх бул ҳаққында Өзи ғамхорлық етеди. Қудайдың қүши Нәрестеге жан береди. Соның ушын, сен дүньяға алып келетуғын Бала мухаддес болады ҳәм Қудай Улы деп аталады!
Мәриям Қудайға қулақ салып, Оған:
– Мен – Жаратқан Ийениң бендесимен, айтқаныңдай болсын, – деди.
Кейин периште Мәриямның қасынан кетип қалады.
СОРАЎЛАР:
1. Жабрайыл периште кимге көринди? Мәриям қай жерде жасайтуғын еди? Ол кимге атастырылған еди? Олар кимниң әўладынан шыққан еди?
2. Периште Мәриямға қандай хабар алып келди?
3. Периштениң айтқан сөзлерин Мәриям қалай қабыл етти?