Мухаддес Китап ўақыялары 51 bob

Ақырдағы бала

Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 2 бап, 1-7 аятлар.

Ақырдағы бала Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 2 бап, 1-7 аятлар.

Қудай Рим империясының биринши императоры Августың жүрегине пүткил Рим империясында жасап атырған адамларды дизимнен өткериў қәлеўин салды. Император пәрманға қол қойды. Бул пәрманға гөре Палестинада жасап атырған ҳәр бир адам өз ата-бабаларының жерине барып дизимнен өтиўлери керек еди.

Юсуп пенен Мәриям сол ўақытлары Насыра қаласында жасайтуғын еди.

- Бизлердиң шаңарағымыз шығысы бойынша Бейтлеҳемнен келип шыққанын билесең бе? - деп сорады Юсуп Мәриямнан. – Бизлер бир неше жүз жыллар бурын елди басқарған патша Даўыттың урпақларынанбыз. Сонлықтан да мен сол жерге барыўым керек.

- Әдетте бундай саяхат мениң ушын қыйын болмайтуғын еди,- деп жуўап берди терең демин алып Мәриям. Бирақ Перзентти дүньяға келтириў ўақтым жақынлағанын билесең-ғо. Жол узақ ҳәм аўыр. Бала жат елде емес, өз елинде дүньяға келгени жақсы, – деди.

– Мен ҳәмме ўақытта сениң менен бирге боламан, Мәриям. Периште де туўылатуғын Баланың Қудайдың Улы болатуғынын айтты. Қудай ҳәмме нәрсени қарастырады, – деп Юсуп Мәриямды жубатты.

   Солай етип, Юсуп ҳәм Мәриям жолға шықты. Олардың ешеги бар еди, бирақ сонда да олар әстен жүрди. Олардың жолы көп күнлерге созылып кеткен еди. Бейтлеҳемге жеткеннен соң, олар өзлерине түнейтуғын орын излей баслады. Бир мийманхананың алдында тоқтап, Юсуп ийесинен:

– Кеширерсиз, сизиң үйиңизде бизлерге бир бөлме табыла ма? – деп сорады.

 

– Тилекке қарсы, орын жоқ, барлық бөлмелерде адамлар бар, – деп жуўап берди мийманхана ийеси.

– Барлық орын бәнт пе? Онда бизлер қай жерде түнеймиз? Кишкене бөлме де жоқ па? Мениң ҳаялымның босанатуғын ўақыт-сааты жақынлап қалды, бүгин түнде перзент дүньяға келиўи де мүмкин, – деди Юсуп.

– Шын-жүректен жәрдем берер едим, бирақ бизлерде бос орын жоқ, – деди мийманхана ийеси.
 Мәриям қорқып кетип, Юсуптиң қолынан услап:

  • Бизлер түнде ашық аспан астында қала алмаймыз! Дала да суўық, мен Перзенттен қәўетерленип атырман! –деди.

   Мийманхананың ийеси жақынлап келип:

– Сизлер далада қалмайсызлар. Ҳәўлиниң ишинде қора бар. Сол жерде жайғасып алсаңыз болады, сол жерде сабанлар да төселген, ал ҳайўанлар сизлерди жылытып турады, – деди.

  • Жақсылығыңыз ушын сизге шын-жүректен рахмет, – деп Юсуп ҳәм Мәриям миннетдаршылығын билдирди.

   Түнде таң қалдыратуғын ўақыя жүз берди: Өз қоллары менен жер жүзин жаратқан ҳәм барлық нәрсени қолларында услап турған Қудайдың Улы нәресте болып, сол қорада туўылып, Ол сол жердеги сабанның үстинде жатыўға мәжбүр болды. Нәрестеге қарап ҳеш ким бул Қудайдың Улы деп айта алмас еди. Мәриям Перзентин ақырға – маллар ҳәм ешеклер аўқатланатуғын жерге жатқызып қойды. Енди туўылған Нәресте барлық жаңа дүньяға келген бөпелер сыяқлы даўысын шығарып, қыймылдап жатырған еди. Юсуп Мәриямға келип:

– Периштениң усы Бала туўралы не айтқаны есиңде ме? Ол сөзлерге исениў қыйын, өйткени нәресте кишкентай ҳәм бул жер патас жер, – деди.

– Сонда да бул ҳақыйқат ҳәм ҳәмме нәрсе Қудайдың айтқанындай болады, – деп Мәриям әстен жуўап берди.

 

СОРАЎЛАР:

1. Рим империясының қүдиретли императоры ким еди?
2. Яҳудия халқы қай жерге барыўы керек еди?

3. Ийса қандай «қымбат мийманханада» туўылды?




Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16