Мухаддес Китап ўақыялары 52 bob

Даладағы шопанлар

Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 2 бап, 8-20 аятлар.

Даладағы шопанлар Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 2 бап, 8-20 аятлар.

    Бейтлеҳем әтирапында шопанлар далада өз падасын далада қараўыллайтуғын еди. Түн болды, бирақ оларға уйықлаўға болмайтуғын еди: себеби әтирапында жабайы ҳайўанлар көп еди, олар қәлеген ўақытта келип, қозыларды жеп қойыўы мүмкин еди. Ҳәр түни ҳәр қандай ҳаўа-райына қарамастан, олар өз падасына қараўы тийис еди.

   Бирақ бир нәрсе жүз берди ме? Бул қандай жарық нур болды? Қандай да бир жеңил ҳәм жарқырап турған нәрсе аспаннан жерге түсип келген еди. Шопанлар қорқынышқа түскен еди. Бундай болыўы мүмкин емес! Бул Қудайдың периштеси-ғо! Периште шопанларға мүләйимлилик пенен былай деди:

– Қорқпаңлар! Мен сизлерге ҳәмме адамларды шексиз қуўандыратуғын хош хабар жәриялайман.

    Периште шопанларға бүгин Даўыттың қаласында адамлар ушын Қутқарыўшы туўылғаны ҳаққында айтты. Ол – Ийемиз Масийх.

   Көптен берли күтилген Қутқарыўшының туўылғаны ҳаққында еситип, шопанлар ҳайран қалды. Әжайып Хош Хабар! Бирақ кейин олар ҳайран қалды, өйткени периште  шопанларға Оның белгиси мынадай екенин айтты: сизлер ақырда қундақлаўлы жатырған Нәрестени табасызлар, Оны қымбат сарайда излеў шәрт емес. Бул дегени, олар биринши орында қораны излеўи керек еди.

   Шопанлар бир-бири менен сөйлесип үлгерместен, периштелердиң даўысын еситти:

– Аспанда Қудай алғыслансын, Қудайға унайтуғын жердеги адамларға тынышлық болсын!

 

   Бул жер жүзинде айтылған қосықлардың ең әжайыбы болғаны сөзсиз.

   Кейин периштелер жоқ болып кетти.

   Шопанлар бир-бирине қарап, мынадай шешим қабыл етти:

– Жүриңлер, Бейтлеҳемге барайық. Жаратқан Ийемиз бизлерге билдирген, сол жүз берген ўақыяны көрейик, – деди.

   Сол Хош Хабарды Қудайдың Өзи оларға айтқанына шопанлардың исеними кәмил еди.

   Шопанлар падаларын таслап, жолға шықты. Қудай олардың падаларын қорғайтуғынына исенген еди. Асығыслық пенен келип, Мәриям менен Юсупти ҳәм ақырда жатырған Нәрестени тапты.

   Жүреклери ҳақыйқый қуўанышқа толған еди, өйткени олар көптен күткен Қутқарыўшы Ийсаны, Қудайдың Улын биринши болып көриўге миясар болды.

 

СОРАЎЛАР:

1. Түнде далада кимлер бар еди? Олар не қылып атырған еди?

2. Периштеге шопанлар менен сөйлесиўди ким буйырған еди? Ол шопанларға не деди?

3. Периштелердиң қосығы не ҳаққында еди?

4. Шопанлар периштениң сөзлерине исенди ме? Олар Нәрестени көриўге асықты ма, ямаса азанға дейин күтиўди шешти ме?

 

Сол әтирапта шопанлар болып, олар түнде өз падасын далада қараўыллайтуғын еди. Тосаттан олардың алдында Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси пайда болып, Ийемиздиң салтанаты олардың әтирапын жарқыратып жиберди. Олар қатты қорқып кетти. Периште оларға:
— Қорқпаңлар! Мен сизлерге ҳәмме адамларды шексиз қуўандыратуғын хош хабар жәриялайман. Бүгин Даўыттың қаласында сизлер ушын Қутқарыўшы туўылды. Ол — Ийемиз Масийх. Сизлер ушын оның белгиси мынадай: сизлер ақырда қундақлаўлы жатырған Нәрестени табасызлар, — деди.
 Бирден периштениң қасында аспандағы периштелердиң үлкен топары пайда болды ҳәм былай деп Қудайды алғыслады:
Аспанда Қудай алғыслансын,
Қудайға унайтуғын жердеги адамларға тынышлық болсын!

Лука жазған Хош Хабар 2:8-14.



Shu bobni eshitish:


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.