Мухаддес Китап ўақыялары 53 bob

Шығыс жулдыз изертлеўшилери

Мухаддес Китап, Матта жазған Хош Хабар, 2-бап, 1-12 аятлар.

Шығыс жулдыз изертлеўшилери Мухаддес Китап, Матта жазған Хош Хабар, 2-бап, 1-12 аятлар.

Узақ күн шығыс жерде жулдыз иззертлеўшилер жасайтуғын еди. Не ушын оларды жулдыз изертлеўшилер деп атаған? Мүмкин,  олар көп илимлерди иззертлейтуғын болғаны ушын шығар. Олардың жақсы көрип шуғылланатуғын иси жулдызларды изертлеў еди.

   Күнлердиң бир күни, олар аспанға қарап атырған еди. Бирден олар таза бир нәрсени көрди. Бул жарық ҳәм жарқырап турған жулдыз еди. Шығыс аспанында жулдызлар көп еди, бирақ бул жулдыз басқаларынан айрықша болып турған еди. Яқ, олар бул жулдызды алдын ҳеш қашан көрмеген еди. Ол өзгеше ҳәм ҳеш бир жулдызға уқсамайтуғын еди.

   Қудай бул жулдыздың пайда болғанының себебин көрсетти: жердиң бир шетинде Патша туўылды ҳәм егер жулдыз изертлеўшилер сол жулдыздың изинен жүрсе, жулдыз оларды сол жерге алып барады. Олар буған сондай қуўанышлы болды! Олар жолға шығыўға таярланып баслады ҳәм туўылған Патша ушын сыйлықларды да умытпады. Барлық керек затларды алып, олар жолға шықты.

   Жол жүдә узақ еди, деген менен, олар жулдыздың изинен жүрди. Жулдыз аспанда жарық болып, жулдыз изертлеўшилерге жол көрсетип турды.

Көп жол жүрип, ақыры олар мухаддес Ерусалим қаласына жетип келди. Жулдыз изертлеўшилер туўылған Патшаны көриўге асықты, сонлықтан дәрҳәл патшаның сарайына барды, себеби олар нәрестени сол жерден табамыз деп ойлады.

   Оларды Ҳирод патша күтип алды. Аўқат ўақтында мийманлардан не ушын келгенин сорады.

 

Олар келгениниң мақсетин айтып, жулдыз ҳәм бул жулдыздың пайда болыўы Патшаның туўылғанын билдиретуғынын айтып берди.

– Нәрестени сарайда излеў керек болғаны ушын, бизлер биринши болып усы жерге келдик, – деп түсиндирди жулдыз изертлеўшилердиң биреўи.

– Сизлер дурыс қылдыңыз, бирақ бул жерде жаңа туўылған нәресте жоқ. Деген менен, мен сизлерге оны табыўға жәрдем беремен. Мениң сарайымда дана адамлар бар, мен оларды шақырып, барлық нәрсени билип аламан, – деп жуўап берди патша.

   Солай етип, сарайдың дана адамлары перзентти табыўға жәрдем берди. Олар:

– Патша Бейтлеҳемде туўылыўы тийис, деп Мухаддес Китапта Миха пайғамбар айтқан, – деди.
Ҳирод:

– Бейтлеҳем жақын жерде жайласқан. Егер күнниң екинши ярымында жолға шықсаңыз ҳәм қубла тәрепке қарай жүрсеңиз, қараңғы болмай турып жетип аласызлар. Ол жаққа барып барлық затты көриңлер, кейин маған қайтып келип, айтып бериңлер, себеби мен де жаңа туўылған Патшаға сыйлықларымды апараман, – деди.

   Усыларды айтып атырып, Ҳирод өз жаўыз күлкисин жасырыўға ҳәрекет етти. Ол перзентке ҳеш нәрсе апарып бережақ емес еди, ал оны өлтириўди нийет еткен еди. Ал бул ҳаққында жулдыз изертлеўшилер билмейтуғын еди.

   Олар қуўанып жолға шықты. Бейтлеҳемге жетип келгенде, және қараңғы түсип, аспанда жулдыз қайтадан пайда болды. Жулдыз изертлеўшилер бул жулдызды көрип, қуўанып кетти, өйткени бул жулдыз узақ жол бойы оларға қайсы жерге барыў кереклигин көрсетип турды. Жулдыз аспанда нәрестениң жатырған жерине келип, үстинде тоқтады. Олар:

– Усы жер болса керек, усы жерди бизлерге жулдыз көрсетти! Қудай бизлерге жол көрсетти! – деп қуўанысты.

 

Өзлериниң кишкене үйине кирип келген мийманларын көрип, Юсуп өз көзлерине исенбеди. Себеби олар Мәриям екеўи ҳеш қашан узақтан келген бай мийманларды күтпеген еди.

– Бизлер Израилдың жаңа туўылған Патшасын излеп киятырмыз, – деди келген мийманлар.

– Нәресте ана жерде жатыр, – деп  Юсуп ақырдағы Нәрестени көрсетти.

Қымбат баҳалы кийим кийген абырайлы ҳәм дана адамлардың дизерлеп, нәрестениң аяғына жығылып, Қудайға табынғандай тәжим еткенин көриў жүдә таң қаларлық еди.

Ал кейин не болды? Жулдыз изетлеўшилер қымбат ғәзийне ыдысларын ашып, Ийсаға алтын, ладан ҳәм мирра деген хош ийисли затларын сыйға берди.

   Өз сыйлықларын берип, мийманлар Юсуп ҳәм Мәриям менен хошласты да, қайтып кетти.

Түнде жулдыз изертлеўшилердиң биреўине түсинде Қудай Ҳиродтың жаўыз нийетин ашып берди. Кейин ол: 

– Түнде маған Қудай сөйледи, Ҳиродтың нийетлери жаўыз екенин айтты. Ол Нәрестеге сыйлар әкелиў ушын, оны излеп атырған жоқ, ал Оны өлтириў ушын излеп атыр. Сонлықтан да, сарайға емес, ал басқа жол менен өз елимизге қайтып кетейик, – деди қасындағы досларына ол.

   Солай етип, олар патшаға Нәрестени тапқаны ҳаққында айтпай өз елине қайтып кетти.

   Кейинги түнде Қудай Юсуптиң де түсине кирди. Ол Юсупке ҳаялын ҳәм перзентин алып, Мысырға қашыўын буйырды. Юсуп уйқыдан турды да, Мәриямды ҳәм Улын алып, дәрҳәл жолға шықты.

   Мысырға дейин жол узақ еди. Қудайдың оларды үлкен жаўызлықтан қутқарғанын олар кейинирек билди. Өйткени жулдыз изертлеўшилердиң алдап кеткенин билип, Ҳирод қатты ашыўланды. Соның ушын, ол Бейтлеҳемдеги ҳәм оның дөгерегиндеги еки жасар ҳәм оннан да киши ул балалардың ҳәммесин өлтириўди буйырды.

 

Ол сол өлтирилген балалардың арасында жаңа туўылған Ийса да бар деп үмит еткен еди, ал Ийса әлле қашан қәўипсизликте еди. Көп ўақыт өтпей Ҳирод өлди.

   Ҳирод өлгеннен кейин, Қудай Юсупке түсинде және аян берип, Нәрестени өлтирмекши болғанлардың өлгени ҳәм қәўиптиң артта қалғаны ҳаққында хабарлады ҳәм Израилға қайтыўын буйырды.

   Юсуп Мәриямды ҳәм Нәрестени алып, Израил елине қайтты. Ийса Өз балалығын ҳәм жас жигит жылларын усы жерде өткизди.

 

СОРАЎЛАР:

1. Жулдыз изертлеўшилер аспанда қандай өзгеше нәрсени көрди?

2. Олар Израилда кимди көриўди үмит етти? Олар алдын кимге келди?

3. Олар Ийсаға қандай сыйлар алып келди?




Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16