Ийса Өз шаңарағы менен бирге
Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 2-бап, 40-52 аятлар
Ийса Насыра қаласында уста Юсуптиң үйинде өсти. Ол 12 жасқа толғанда, Юсуп пенен Мәриям Оны Ерусалимдеги Қутқарылыў байрамына бирге алып кетти.
Ҳәр жылы яҳудийлер Қутқарылыў байрамын байрамлайтуғын еди ҳәм бул күнди қуўанышлы түрде күтип алатуғын еди. Олардың көпшилиги Ерусалимге узақ ўақыт жол жүрип келип, сол жерде Ибадатханада байрам мәресиминде қатнасатуғын еди. Олар Өз халқын сүйген ҳәм көп жәрдем берип киятырған Қудайына алғыс-мақтаўлар айтатуғын еди. Ҳәммеси шадлыққа толып-тасатуғын еди, әсиресе, алдынғы жылы он еки жасқа толған балалар қуўанатуғын еди.
Өйткени олар усы салтанатлы байрамға қатнасыўға биринши мәрте ҳуқыққа ийе болған еди.
Усы ретте Ийсаның ата-анасы Оны өзлери менен бирге алып, қоңсылары менен Ерусалимге кетти. Ол Ерусалимге қарай сапарында не еситип, не көрмеди дейсең! Жол жүрип баратырып, көп қызықлы нәрселерди ушыратты, ал қаланың көриниси күткениндей салтанатлы еди. Салтанатлы Ибадатхана ҳәм бирдей болып еситилип турған мың-мыңлаған ҳаўазлар жаңлап турыпты. Ийса ең алды менен Ибадатханада хызметтиң қалай өтип атырғанына қызыққан еди. Ата-анасы Ийсаға сол хызметлердеги ҳәр бир ислердиң ҳәм дәстүрлердиң мәнилерин түсиндирип беретуғын еди.
Байрам жети күн даўам етти. Кейин сыйыныўшылар қайтыў ушын, бир жерге топланды. Мәриям менен Юсуп Баланы изледи, бирақ ҳеш жерден таба алмады. Олар Оны қоңсылар менен бирге жолға шыққан шығар деп ойлады, себеби Ол көбинесе олар менен бирге еди. Олар тәшиўишленбей, жолға шығып кетти. Кеште олар Насырадан келгенлердиң изинен жетип алды. Ийсаның қоңсылар менен бирге емеслигин көрип, Юсуп пенен Мәриям қатты қорқысып кетти! Не қылыў керек?
Ерусалимге қайтыўға туўра келген еди! Олар Оны ҳәмме жерден изледи, алдынан шыққанлардан, он еки жасар баланы көргенин, яки көрмегенин сорастырды. Көп адамлар сол жастағы балаларды көргенин айтты, бирақ олар излеп атырған сол Бала солардың ишинде бар ма ямаса жоқ па билмейтуғын еди. Және де, жолаўшылар Ийсаның ҳәзир қай жерде екенин де айта алмас еди. Енди қай жерди излеў керек?
Юсуп пенен Мәриям көбирек қәўипсинип баслады. Тәшиўишлениў де күшейип баратуғын еди. Ақырында олар Ибадатханаға және кирип, диний муғаллимлердиң Мухаддес Китап ҳаққында даналық бойынша сәўбетлесетуғын бөлимине қарай барды. Ол жерден Ийсаны табамыз, деген оларда үмит жоқ еди. Илимли адамлардың арасында Бала не қылатуғын еди!? Өйткени бала олардың сәўбетин түсинбеўи де мүмкин, ҳәттеки тәбийғый ҳалда жас өспирим балаларға сондай жер зерикерли болыўы мүмкин.
Бирақ ҳәммеси күтилмегендей болып шықты: олар анық сол Ибадатхананың ишинен Баланы тапты. Мәриям ҳәм Юсуп көзлерине ҳәм қулақларына исенерин де, исенбесин де билмей қалды. Ийса диний муғаллимлерге жуўап бериўге қыйналатуғын улыўма қыйын сораўлар берип атыр еди, ал олардың өзлери Оннан сорағанда, Ийса оларға даналық пенен жуўап берип атырған еди. Ҳәр бир усындай жуўаплардан соң, муғаллимлер басларын шайқап, Баланың даналығына таң қалысып турған еди.
Тапқанына қуўанысып ҳәм жеңил тартып, Мәриям менен Юсуп Баласын қушақлады. Бирақ кейин Мәриям қаттырақ былай деп сорады:
– Сен қай жерде едиң? Бизлер сени узақ ўақыт изледик!
Ийса жуўап берип, былай деди:
– Усы ўақытқа дейин усы жерде болдым. Әкемниң үйинде болыўым керек екенин билмедиңиз бе?
Юсуп те, Мәриям да Ийсаның айтқан сөзлерин түсинбеди. Олар Баланы алды да Насыраға қарай жүрип кетти.
Ийса үлкейип, жылдан-жылға даналыққа толып барды. Ол ата-анасын жақсы көрди, оларға қулақ салып, он сегиз жыл даўамында олардың қолында өсти. Оның анасы Мәриям Ийсаны Ибадатханада таўып алған ўақытта, Оның айтқан сөзлерин пүткил өмир бойы есинде сақлап қалды. Ол еле булардың үстинде ой жуўыртпаған еди.
СОРАЎЛАР:
1. Яҳудийлер қандай байрам ўақтында Ерусалимге барыўы тийис еди?
2. Қутқарылыў байрамына балаларды неше жасынан баслап алып баратуғын еди?
3. Юсуп ҳәм Мәриям Ийсаны жойтып алғанда, Ол қай жерде ҳәм не менен шуғылланып атыр еди?
4. Ийса Ибадатханаға биринши мәрте барғаннан соң, Ол ата-анасының қолында неше жыл жасады?