Мухаддес Китап ўақыялары 55 bob

Ийсаның суўға шомылдырлыўы

Мухаддес Китап, Лука 3-бап, 1-18, 21-22 аятлар

Ийсаның суўға шомылдырлыўы Мухаддес Китап, Лука 3-бап, 1-18, 21-22 аятлар

Зехария ҳәм Элизабетаның улы Яқыяның туўылыўы ҳаққында да периште Жабрайыл тәрепинен алдын ала хабар айтылған еди. Қудай Яқыя ушын айрықша хызмет таярлап қойған еди. Сол ўақытқа дейин ол Яҳудия шөлинде жасап, үлкейди. Усы шөлде оны руўхый ой жуўыртыўы ушын ҳеш нәрсе кесент бермеўи керек еди, Яқыя пүткиллей тынышлықты ҳәм Қудайға қулақ салыўды қәлейтуғын еди. Сонда Қудайдың даўысы Яқыяға келип:
– Иорданға бар да, ол жерде ўаз айт! – деди.
Жаратқан Ийе оған не ҳаққында ўаз етиўи кереклигин де айтқан еди. Яқыя бойсынып, Қудайдың көрсеткен жерине барды. Ол жерде Яқыя Иордан тегислигиндеги аўылларда жасап атырған барлық адамларға қарата:
– Тәўбе етиңлер! Өмириңизди өзгертиңлер! Себеби Аспан Патшалығы жақынлады! Ол жүдә жақын, таяр болыңлар! Сизлер усы ҳалыңызда қалмаңлар! – деп жәриялады.
Басында адамлар оның шақырығын таң қаларлық деп ойлады. Базылары Яқыяның үстинен күлди, басқалары оның сөзлерине ашыўланды. Ал базы адамлар бул адамның Қудайдың Сөзин ўаз етип атырғанын сезди.
– Суўға шомылдырыңлар! Мен сизлерди Иорданның суўына шомылдыраман.

 

Бул мынаның белгиси: суўға шомылдырылғаныңызда, сизлер әпиўайы ғана патаслықтан жуўынбайсыз, ал ески өмириңизди таслайтуғыныңызды жәриялайсыз, – деп Яқыя ўаз ететуғын еди.
Көплер суўға шомылдырылды. Олар өз досларына ҳәм танысларына сол сәттен баслап, таза өмирди баслаўды қәлейтуғынын айтып беретуғын еди. Олардың сөзлери еситкенлердиң қызығыўшылығын оятып, сол Яқыя менен танысыў қәлеўи пайда болатуғын еди. Базылар Яқыядан:
– Қулақ сал! Адамларды қандай ҳуқық пенен шомылдырып, олардан өмирлерин өзгертиўин талап қылып атырсаң? Пайғамбарлар алдын ала айтып кеткен сол Қудайдың Улысаң ба? – деп сорады.

– Яқ, мен сизлер айтып атырған Ол адам емеспен. Деген менен, көп жыллар алдын мен ҳаққымда Ийшая пайғамбар былай деп айтқан: «Шөл далада бақырған бир даўыс еситиледи: Ийемизге жол таярлаңлар».  Мен сизлерди суўға шомылдырыў ушын келдим. Ал сизлер күтип атырған Ол сизлерди Мухаддес Руўх пенен шомылдырады. Ол соншелли әҳмийетли болып, мен ийилип, Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен, – деп жуўап берди Яқыя.

Яқыя сөйлеп турғанда, ол Ийсаның өзиниң алдына киятырғанын байқады. Ҳәмме Оның өтиўи ушын жол ашып, шетке шықты. Сонда Яқыя жәриялап:
– Қараңлар: мине, дүньяның гүнасын Өзине алатуғын Қудайдың Қозысы! Ҳәзир пайғамбаршылық орынланды. Мен Сол ҳаққында айтқаным Мине! – деп Ийсаны көрсетти.

Яқыяға жақынлап, Ийса:
– Мен сениң алдыңа шомылдырылыў ушын келдим, – деди.
– Мен Сени шомылдырыўым керек пе?! – деп таң қалды Яқыя. – Сениң қолыңнан шомылдырылыўға мен мүтәжбен-ғо! – деди.
Ийса:
– Енди ыразы бол, пүткил ҳақлықты бизлер усылайынша орынлаўға тийислимиз, – деди.
Олар екеўи де Иорданға түсти. Яқыя Ийсаның басына қолын қойып, басқа адамларға қылғанындай етип, Оны суўға батырды. Сонда ғайры тәбийғый нәрсе жүз берди. Ийса суўдан шыққанда, Мухаддес Руўх аспаннан кептер пишининде Оған түсип келди. Кейин сол жердеги ҳәмме мынадай даўыс еситти:
 

– Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман!

Яқыя өзине тапсырылған исти орынлады. Ол адамларға Қутқарыўшының келетуғынын жәриялады. Мине, Ол усы жерде – Насыралы Ийса, Қудайдың Улы! Бирақ бул барлық яҳудийлер Ийеге дәрҳәл исенди, дегенди аңлатпайтуғын еди. Яқ, тек ғана бир неше адамлар Оны өз Ийем, деп тән алды.

 

СОРАЎЛАР:

1. Яқыя узақ жыллар даўамында қай жерде жасады?
2. Оған адамларды суўға шомылдырыўды ким айтты? Гүнаны ким «жуўа» алады?
3. Ийса суўға шомылдырылғанда, аспаннан Қудай Әке не деди?




Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16