Ийсаның шөлде сыналыўы
Мухаддес Китап, Лука 4-бап, 1-13 аятлар
Қудайдың ҳәм Оның Улының ең ғәзепли душпаны шайтан еди ҳәм ол ақырына дейин қарсы болып қалады. Ийса Масийх оның менен аяўсыз түрде гүреске түсти. Бул гүрес Ийса Иорданда Әкениң тапсырмасын орынлап, жердеги Өз хызметин баслаған ўақытта басланды. Мухаддес Руўх Ийсаны шайтанның сынаўы ушын шөлге алып барды.
Ийса шөлде қырық күн, қырық түн ораза тутты, сол күнлери ҳеш нәрсе жемеди де, ишпеди де.
Адамларды ҳәмме ўақытта гүнаға жетелейтуғын азғырыўшы шайтан, Оған жақынлап келди. Ол Ийсаның аштан ҳәлсиреген ўақтында, Оны азғыра аламан, деп ойлады. Солай ислесе, шайтан өз мақсетине ериседи, себеби егерде Қутқарыўшы гүна қылса, онда Ол барлық адамлардың гүналарын Өзине ҳеш қашан ала алмайды. Және де, адамларға мәңгиге қутқарылыў болмайды.
Сонда шайтан Ийсаға:
– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, мына тасқа буйыр, ол нанға айлансын, – деди.
Бирақ Ийса оған жуўап берип:
– «Адам тек ғана нан менен жасамайды», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, – деди.
Кейин шайтан Ийсаға ҳеш қандай қарсылық билдире алмады. Сонда ол Оны және азғырыўға урынды. Ийсаны бир бийик жерге шығарды да, Оған бир демде дүньяның барлық патшалықларын көрсетип, Оған менменлик пенен:
Ийса Мухаддес Руўхқа толып, Иордан дәрьясынан қайтып келгенде, Руўх Оны шөл далаға алып барды.
Лука жазған Хош Хабар 4:1
– Егер маған табынсаң, ҳәммеси Сеники болады, – деди.
Ийса оған жуўап берип:
– Шайтан, Меннен ары кет, себеби Мухаддес Жазыўда: «Қудайың Жаратқан Ийеге сыйынып, тек Оған хызмет ет», – деп айтылған, – деди.
Соңынан шайтан Ийсаны Ерусалимге апарып, Ибадатхананың төбесине турғызып қойды да, Оған:
– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, Өзиңди бул жерден төменге тасла, себеби былай деп жазылған: «Ол периштелерине Сени сақлап қалыўға буйрық береди. Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени қолларында алып жүреди», – деди.
Ийса шайтанның Қудайдың Мухаддес Жазыўын өзгеше етип талқылаўына тартысып отырмастан, Қудайдың Сөзи менен жуўап берип:
– «Қудайың Жаратқан Ийени сынама!», – деп айтылған, – деди.
Шайтан ҳәмме сынаўларын тамамлағаннан соң, Ийсаның қасынан кетти.
СОРАЎЛАР:
1. Шайтан не ушын Ийемиз Ийсаның исин жоқ етиўге талпынды?
2. Ийсаны шөлге ким алып барды?
3. Шайтан Ийсаны қандай үш сынаў менен азғырды? Ийса буған қандай жуўап қайтарды?