Мухаддес Китап ўақыялары 57 bob

Ийсаның дәслепки шәкиртлери

Мухаддес Китап, Юхан 1-бап, 35-51 аятлар

Ийсаның дәслепки шәкиртлери  Мухаддес Китап, Юхан 1-бап, 35-51 аятлар

Бир күни Шомылдырыўшы Яқыя халыққа Ийса ҳаққында гүўалық бергеннен соң, Ийса және Иорданға келди. Яқыя өзиниң еки шәкирти – Андрей ҳәм Юхан менен сөйлесип турған еди. Қасынан өтип баратырған Ийсаны көрип, Шомылдырыўшы Яқыя Оны көрсетип:
– Мине, Қудайдың Қозысы! – деди.
Бул сөзди айтып, ол Андрей ҳәм Юханға өзи менен бирге қалыўды емес, ал Масийхтың изине ериўин түсиндирген еди. Өйткени Ийса олар ушын ең жақсы Устаз бола алатуғын еди. Андрей менен Юхан Ийсаның изинен ерди. Ийса артына бурылып, изинен киятырғанларды көргенде, олардан:

– Не излеп жүрсизлер? – деп сорады.

– Қай жерде жасайсаң, Устаз? – деди олар.

– Келип көриңлер, – деди Ийса.

Олар барып, Ийсаның қай жерде жасайтуғынын көрди ҳәм сол күни Оның менен қалды. Олар Ийса менен сәўбетлесип сондай қуўанышқа толды! Ҳеш ким ҳеш қашан Ийемиз Ийса сыяқлы шын ҳәм әпиўайы етип, бундай терең мазмундағы сөзлерди айтпаған еди. Андрейдиң Шимон деген туўысқаны бар еди. Олар әкеси менен бирге Галила көлине жақын жайласқан Бетсайда қаласында жасайтуғын еди.

 

Ертеңине Яқыя және шәкиртлериниң екеўи менен бирге турған еди. Ол өтип баратырған Ийсаны көрип:

Мине, Қудайдың Қозысы! – деди.

Еки шәкирт оның бул сөзлерин еситип, Ийсаның изине ерди....

Яқыяның сөзлерин еситип, Ийсаның изине ерген еки адамның бири Шимон Петрдиң туўысқаны Андрей еди. Андрей дәслеп өз туўысқаны Шимонды излеп таўып, оған:

Бизлер Масийхты таптық, – деди. Масийх – Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

Юхан жазған Хош Хабар 1:35-41

 

Олар балықшылар еди. Андрей Ийса ҳаққында айтыў ушын туўысқанын излеп таўып, Шимонды көриўден қуўанышлы түрде:
– Бизлер Масийхты таптық! – деди.
Кейин Андрей туўысқанына Ийса менен танысыўы ушын бирге жүриўди усыныс қылды ҳәм ол шын кеўилден келисим берди.
Ийса оған қарап:

– Сен Юхан улы Шимонсаң. Сен «тас» дегенди аңлататуғын Кифа, яғный Петр деп аталасаң, – деди.

Шимон Ийсаның оны биринши мәрте көриўи болса да, әлле қашан оның атын билетуғынына таң қалды. Ийса Шимонға таза ат берип, бир неше ўақыт өткеннен соң, әпиўайы балықшының руўхый күшли, беккем ҳәм тастай қатты болатуғынын билген еди.

 

СОРАЎЛАР:

1. Ийсаның биринши шәкиртлери кимлер еди?
2. Ийса кимге Петр деген ат берди ҳәм бул нени аңлатады?



Shu bobni eshitish:


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.