Канадағы кәрамат
Мухаддес Китап, Юхан 2-бап, 1-11 аятлар
Ийса Галилаға шәкиртлери менен келгенине үш күн болды, сол күни кишкене Кана қаласында той болды. Ийсаның анасы Мәриям да сол жерде еди. Бул сондай қуўанышлы байрам болды: мийманлар жеп-ишти, қосық айтып, ойнады ҳәм ўақыялар айтысып, күлисти. Күтилмегенде, ойын-заўықтың қызған ўақтында тәшиўишленген Мәриям Ийсаға келди де, былай деп сыбырлады:
– Олардың шарабы таўысылды.
Мине ренжиўлер! Адамлар күйеўди сықмар деп есаплаўы мүмкин. Мәриям усы жағдайдан шығып кетиў ушын, Ийсаның бир нәрсе қылатуғынына үмит етти. Бирақ Ийса анасы Оннан не қәлеп атырғанын билип, оған:
– Апа, бул Мениң жумысым емес. Мениң ўақтым еле келген жоқ, – деп жуўап берди.
Мәриям Ийсаның не айтқанын түсинди ҳәм ол Оның ҳәммесин қыла алатуғынына исенди. Сонлықтан да, ол хызметшилерге барып, оларға әсте:
– Ол сизлерге не десе, соны ислеңлер, – деди.
Азғантай ўақыт өтиўи менен, Ийса шынында да хызметшилердиң қасына барды.
Алдынғы тәрепке нәзер таслап, Ол үлкен алты ылай гүзени көрди.
– Гүзелерди суўға толтырыңлар! – деди Ол хызметшилерге.
Сол алты гүзени толтыраман дегенше, олар көп жумыс илеўине туўры келди.
Сонда Ийса хызметшилерге:
– Енди буннан алып, той басқарыўшыға апарыңлар, – деди.
Хызметшилер Оған таң қалып, тигилип қарап қалды. Оларға Ол не айтып атыр? Той басқарыўшыға қудықтан тасылған суўды алып барыў керек пе? Бул Насыралы жас Адам олардың үстинен күлиўди қәлеп атырған жоқ па? Бирақ олар Мәриямның айтқан сөзин еследи ҳәм өзлерине буйырылғанындай етип, ҳәммесин анық сондай етип орынлады. Той басқарыўшы ыдыстан кесесине қуйды да, татып көрди.
– Ҳим, – деп ыңылдады да, ол дәрҳәл күйеўге асықты.
– Сен әжайып етип той берип атырсаң, бирақ бир нәрсени бос жиберсең, онда ҳәммесин босқа шығарасаң, – деди ол.
Күйеў: «Ол ҳәзир маған шарап жетпей қалды, деп қатты сөйлейди», -деп ойлап, уялғанынан төмен қарады.
Бирақ той басқарыўшы улыўма басқа нәрсени айтып:
– Ҳәр бир адам алдын жақсы шарапты, адамлар мәс болғаннан соң пәсирегин береди. Бирақ сен жақсы шарапты ҳәзирге дейин сақлапсаң-ғо. Хызметшилериңниң ҳәзир қуйып әкелип атырған шарап, ең жоқарғы сападағы шарап! – деди.
Күйеў буны қалай түсинерин де билмеди. Ийсаның анасы Мәриям Баласына күле шырай менен қарады, ал Оның шәкиртлери: «Шынында да, Қудайдың Өзи адамларға жәрдем бериў ушын Ийсаны жиберген», -деп ойланып қалды.
СОРАЎЛАР:
1. Ийса шәкиртлери менен қайсы қалаға келген еди?
2. Ол жерде қандай ўақыя жүз берди? Ийса жақынларынан кимди ушыратты?
3. Тойда не жүз берди? Ийса не қылды? Оның шәкиртлери буған қандай қатнаста болды?