Мухаддес Китап ўақыялары 6 bob

Ибрайым ҳаққында ўақыялар

Ўәде етилген жер

Мухаддес Китап,Жаратылыс китабы,12 бап, 1-9 аятлар.

Ўәде етилген жер Мухаддес Китап,Жаратылыс китабы,12 бап, 1-9 аятлар.

Нухтың улларында көп балалар болып адамлар және көбейди ҳәм жер жүзи бойлап тарқады.Олар Қудайдан қорқатуғын адамлар болды ма ямаса жаўыз адамлар болды ма?  Олардың көбиси ҳақыйқый Қудайды умытқан еди, себеби олар Оны көре алмайтуғын еди. Олар өзлерине үлкен ҳәм кишкене етип бутларды  ҳәм жалған қудайларды ойлап таўып, қолдан ислеп алған еди. Бул бутларды ағаш ҳәм таслардан ислейтуғын еди. Олар өз бутларын ҳәр жерге койып, олардың алдында жығылып, сол мүсинлерге былай деп дуўа ететуғын еди: «Булар бизлердиң қудайларымыз, олар бизлерди жаратты ҳәм бизлерге жеўге азық-аўқат береди».

   Ўақыттың өтиўи менен адамлардың көбиси бутқа табыныўшы болып кетти. Олар Қудайға емес, ал бутқа табынатуғын еди. Көбинесе олар бутларының кеўлинен шығыў ушын, мүсинлерди алтыннан ҳәм гүмистен ислейтуғын еди.

   Қудай аспанда турып, адамлардың  Оннан жүз бурып, бутларға табынып атырғанын көрди ҳәм буған қатты ғәзепленди. Бирақ Қудай адамларды жер жүзинен жоқ қылып жибермеди, өйткени дүньяға адамлардың гүналары ушын қурбан болатуғын Қутқарыўшы келиўи керек еди.

   Қудай Өзине айрықша бир халықты жаратыў ушын Ибрайымды таңлады. Дүньяға тек ғана Ибрайымның урпағынан Қутқарыўшы келиўи керек еди.

 

Средиземное море = Жер Орта теңизи

о. Кипр = Кипр

Галилейское море = Галила теңизи

Хананская земля = Қанан жери
Мертвое море = Өли теңиз

река Нил = Нил дәрьясы

Египет = Мысыр

Красное море = Қызыл теңиз

 

Харран = Харан

Река Тигр = Тигр дәрьясы

Вавилон = Бабилон

река Евфрат = Евфрат дәрьясы

Ур Халдейская = Калдейлердиң Ур қаласы

Аравийская пустыня= Арабстан шөли

Қудай Ийе Ибрайымға:

  • Өз елиңди, ағайин-туўғанларыңды ҳәм әкеңниң үйин қалдырып, Мен саған көрсететуғын елге бар. Мен сеннен уллы халық дөретемен. Сени жарылқайман ҳәм атыңды мәртебели қыламан, – деди.

   Ибрайым ҳәм ҳаялы Сарай узақ ҳәм аўыр сапарға шықты. Олар менен бирге Ибрайымның ағасының баласы Лут та бар еди.

Жаратқан Ийе Ибрайымға Қанан жерине қарай жол көрсетти. Сол жерде ол және Қудайдың даўысын анық еситти:

– Бул жерди сениң урпағыңа беремен, – деди Қудай.

   Ибрайым өзинде енди мақсет бар болғаны ушын, қуўанышлы болды ҳәм ол: «Мен барыўым керек болған жер – бул Қанан!» - деп ой жуўыртты. Кейин Ибрайым Қудай Ийеге қурбанлық бериў ушын, қурбанлық орын қурды. 

Деген менен, Қудайдың урпақлар туўралы айтқан сөзи оған түсиниксиз еди. Өйткени Сарай екеўиниң перзенти жоқ еди. Бирақ Ибрайым Қудайға өз өмирин тапсырып, исениўин даўам етти.

Жаратқан Ийе бир неше мәрте Ибрайымға мынадай сөзлерди айтты: «Мен сени жарылқайман ҳәм қорғайман, ҳеш ким саған жаманлық ислемейди». Қудайдың Ибрайымнан кеўли толды ҳәм оны достым деп атады.

СОРАЎЛАР

1. Жер жүзиндеги адамлардың көбиси кимге табынып, хызмет ететуғын еди?

2. Қудай достым деп атаған адамның аты ким еди?

3. Қудай Ибрайымға нени ўәде етти?



Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.