Түнги мийман
Мухаддес Китап, Юхан 3-бап, 1-21 аятлар
Қутқарылыў байрамы ўақтында Ийса көплеген кәраматлар иследи ҳәм көп адамлар Оған исенди. Жарлы адамлардың көпшилиги Оны Қутқарыўшы деп қабыл етти, бай адамлар болса, Оған екиленген ҳалда қарады ямаса Оған гүманлы көз қараста болды.
Бирақ Ерусалимде Ийсаға шынында да мүтәж бир адам бар еди ҳәм ол Ийса менен бир өзи сөйлесиўди қәлейтуғын еди. Күндиз ол буған жүрексинбейтуғын еди, өйткени ол абырайлы болып, алымлардың (жоқарғы диний мәсләҳәттиң) мәжилисханасының ҳүрметли ағзасы еди. Ол парисейлер диний партиясына тийисли еди. Оның аты Никодим еди. Әтираптағы адамлардан ҳеш қандай жағымсыз ҳалға түспеўи ушын, ол Ийсаның алдына түнде барды. Никодим үйге кирип:
– Устаз, Сениң Қудайдан келген бир муғаллим екениңди билемиз. Себеби ҳеш ким Қудай оның менен бирге болмаса, Сен ислеп атырған кәраматлы белгилерди ислей алмайды, – деди.
Никодим Ийсаны уллы Муғаллим, деп ойлаған еди, бирақ ол Ийсаның – Қудайдың Улы екенин билмейтуғын еди.
Сонда Ийса күтилмегенде, оған Аспан Патшалығына кириў ушын ҳәр бир адамның жоқарыдан туўылыўы тийис екенин айтты. Никодим ушын бул мүмкин емес нәрсе еди. Сонлықтан да, ол Ийсадан:
– Қартайған адам қалай қайтадан туўыла алады? Ол анасының қурсағына екинши мәрте кирип, қайтадан туўыла ала ма? – деп сорады.
Сонда Ийса оған адамның аспаннан туўылыўы, Руўхтан туўылыўы керек екенлигин айтып, жуўап берди.
Деген менен, Никодимге буны түсиниў жүдә қыйын еди. Соның ушын, Ийса айтқысы келген сөзлерин оған былай деп түсиндирди:
– Ҳәр бир адам гүнакар ҳәм өз күши менен ҳақ бола алмайды. Ол тек ғана Мухаддес Руўх арқалы өзгерип, басқа адам бола алады.
Бул қалай жүз беретуғыны адам ушын сыр болып қалады.
Ийса Никодимге бул сөзлерди түсиндирип, былай деди:
– Самал қәлеген жеринде еседи, оның даўысын еситесең, бирақ қаяқтан келип, қаяққа кететуғынын билмейсең. Мухаддес Руўхтан туўылған ҳәр бир адам да усындай.
Бирақ Никодимге елеге дейин Ийсаның сөзлери түсиниксиз еди ҳәм ол:
– Бул қалай болыўы мүмкин? – деп сорады.
Ийса оған Қудай адамлардың гүнасы ушын Жалғыз Улын қурбанлық қылатуғыны ҳәм Қудайдың Улына болған исеним ғана ҳәр бир адамды ҳақ ете алатуғынын былай деп түсиндирип баслады:
– Қудай Улын бул дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал дүньяны Ол арқалы қутқарыў ушын жиберди.
Көп өтпей Никодим Ийсаға исенди ҳәм жоқарыдан Руўхтан туўылыўды қабыл етти. Сонда ол Қудайдың Улына исенгенинен уялып, халықтан жасырынбады. Душпанлар Ийсаға қарсы бас көтергенде, ол Оны жақлап, қорғады.
СОРАЎЛАР:
1. Никодим не ушын Ийса менен жалғыз өзи көрисиўди қәлеген еди?
2. Адам Аспан Патшалығына кириўи ушын не жүз бериўи тийис?
3. Қудай Өзиниң Улын не ушын жерге жиберген?