Мухаддес Китап ўақыялары 61 bob

Қудық жанындағы ушырасыў

 Мухаддес Китап, Юхан 4-бап, 4-29 аятлар

Қудық жанындағы ушырасыў  Мухаддес Китап, Юхан 4-бап, 4-29 аятлар

Мынадай сүўретти көз алдымызға келтирейик: күнниң ыссы ўақтында бир топар жолаўшылар жүрип баратыр. Мине, олар Сихар қаласына жақын жерге жақынлап, бир неше жүз жыллар бурын Яқып тәрепинен қазылған қудықтың қасында тоқтады.
Бул жолаўшылар Ийса ҳәм Оның шәкиртлери еди. Түслик ўақты жақынлағанлықтан Устаз шәкиртлерин азық сатып алыўы ушын қалаға жибереди, ал Өзи қудықтың қасында қалады. Түски ўақыт болып, қуяш тас төбеде еди. Бундай ўақытта әдетте қудыққа адам келмейтуғын еди, бирақ қаладан өз гүзесин көтерип, бир ҳаял қудыққа келди. Ол қудықтан суў алғанда, Ийса күтилмегенде оған:
– Маған ишиўге суў бер, – деди.

Ҳаял яҳудийдиң оған хабарласқаны ушын қатты таң қалды, өйткени яҳудийлер самариялылар менен сөйлеспейтуғын еди.

Бирақ Ийса оның жүрегиндегилерди билип, оған жәрдем бериўди қәледи. Ол оған ең әҳмийетли нәрсе: исеним ҳәм Жаратқан Ийеге қалай дурыс сыйыныў кереклиги ҳаққында айтты. Ийса ҳаялға:
– Қудай – Руўх, Оған сыйынатуғынлар да руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйыныўы тийис, – деди.
Ийса оған сыйынатуғын орын ондай әҳмийетли емес, деп айтыўды қәлеген еди. Бизлер Қудайға ҳәмме жерде сыйына аламыз, себеби Ол ҳәмме жерде. Ҳаял қатты дыққат қойып тыңлады, Мухаддес Руўх оған Ийсаның сөзлерин түсиниўине жәрдем берди.

Ҳаял әлле қашаннан берли ҳақыйқатлықты излеп жүрген еди, сонлықтан ол:
 

– Масийхтың келетуғынын билемен. Ол келгенде, Қудайға мақул болыўымыз ушын, не билиўимиз керек болса, бизлерге ҳәммесин билдиреди, – деди.
Ийса оған:
– Сениң менен сөйлесип турған Мен – Солман, – деди.
Енди ҳаял шынлықты билип алды. Ол енди Ийсаның – Қутқарыўшы екенине исениўи керек.

 

Самариялы ҳаял сондай қуўанышқа толып, бул ҳаққында ҳәммеге айтып бериў ушын қалаға қарай асықты. Өйткени ол тири суў берген Қутқарыўшы менен ушырасты. Ҳаял өзине Масийхпан деп таныстырған Адамды көриң деп, Сихар турғынларын қудықтың қасына барыўға шақырды.

Барлық турғынлар ҳәўлиресип, Ийсаға қарай асықты, себеби олар Масийхты көриўди қәледи.

Көп самариялылар ҳаялдың: «Ол өмирим ҳаққында барлығын айтып берди», - деп гүўалық берген сөзлери бойынша Ийсаға Ийе деп исенди. Олар Ийсаның алдына келгенде, Оны үйлерине мирәт етип, сол жерде қалыўын өтинди.

Ийса адамлар менен сәўбетлесип, қалада еки күн қалды. Сонда еледе көбирек адамлар Оған исенди, ал ҳаялға олар қуўанышлы түрде былай деди:
– Бизлер енди сениң сөзлериң себепли емес, ал Оның сөзлерин өзлеримиз еситип, Оның ҳақыйқаттан да дүньяның Қутқарыўшысы екенин билгенимиз себепли исенемиз.

 

СОРАЎЛАР:

1. Ийса дем алыў ушын тоқтаған қудық Израилдың қайсы аймағында жайласқан еди?
2. Ийса самариялы ҳаялға не ҳаққында айтып берди?
3. Ҳаял не ушын қалаға қарай асығып кетти? Қаланың турғынларына ол не айтты?



Shu bobni eshitish:


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.