Таң қаларлық балық аўы
Мухаддес Китап, Лука 5-бап, 1-11 аятлар
Бир күни Ийса Геннесарет көлиниң бойында ўаз етип атыр еди. Оның ўазын тыңлаў ушын соншелли көп халық жыйналғанлықтан, Ол қайыққа минип, жағадан бир неше қашықлыққа жүзип, сол жерден сөйлеўине туўры келди. Усылай Оны ҳәмме көрип, адамлардың Оның айтып атырғанларын түсиниўи аңсатлаў еди. Ўаз етип болып, Ийса Петрге:
– Тереңирек жерге жүзип барып, балыққа аў сал, көп балық услайсаң, – деди.
– Ҳәзир ме? Көлдиң ортасына ма?
Петр бириншиден, күндизги ўақытта ҳеш ким балық аўламайтуғынын, екиншиден көлдиң ортасында аў суўдың түбине дейин бармайтуғынын ҳәм терең жеринен ҳеш ким балық аўламайтуғынын билетуғын еди. Балық аўы ушын жағаға жақын болған тегис жерлери туўры келеди. Сонда Петр:
– Устаз! Бизлер түни менен мийнет етип, ҳеш нәрсе тута алмадық. Ырасын айтқанда, көлдиң ортасынан бизлер ҳеш нәрсе тута алмаймыз. Бирақ, Сениң сөзиң бойынша аў саламан, – деди.
Андрей менен Петр қайыққа минди де, жағадан жүзип кетти. Юхан менен Яқып та басқа қайыққа минип, олардың изинен барды. Олар бул таң қаларлық балық аўлаўдың нәтийжеси қандай болатуғынын көриўди қәлеген еди. Көлдиң ортасына дейин барып, Петр менен Андрей аўын суўға таслады да, сабырсызлық пенен суўдың түбине үңилди. Күтилмегенде суўда балықлар қайнай баслады.
Шимон Оған жуўап берип:
– Устаз! Бизлер түни менен мийнет етип, ҳеш нәрсе тута алмадық. Бирақ, Сениң сөзиң бойынша аў саламан, – деди.
Олар усылай ислегенде, көп балық тутқанлығы соншелли, ҳәтте, аўлары да жыртыла баслады.
Лука жазған Хош Хабар 5:5,6
Балықшылар шаққанлық пенен аўдың шетинен услады да, тарта баслды. Балық аўы жүдә үлкен болғанға уқсайды, себеби аў сондай аўыр болып атыр. Екеўлеп олар тартып шығара алмады, сонлықтан Яқып пенен Юханды жәрдемге шақырды. Төртеўи зорға дегенде аўды суўдан тартып шығарып, еки қайыққа балықларды салды.
Аў усыншама аўырлықты зорға көтерген еди, ҳәттеки бир неше жери жыртылып та кетти. Буған айтарлықтай улыўма исениў мүмкин емес еди! Ол ҳеш қашан усыншама балықты услап көрмеген еди! Усы ғайры тәбийғый балық аўын көрип, оларды қорқыныш бийлеп алды, ал Шимон Петр Ийсаның аяғына жығылып, қорқыныштан былай деди:
– Ийем! Мениң қасымнан кет, өйткени мен гүнакар адамман. Мен Сениң қасыңда турыўға арзымайман!
Бирақ Ийса оның ийнине қолып қойып:
– Қорқпа, буннан былай адамларды аўлайтуғын аўшы боласаң, – деди.
Ийсаның шәкиртлери еки қайықты да жағаға шығарып, басқаларға балықларды алып жайғастырыўды айтты, ал өзлери болса Ийсаның изине ерди.
СОРАЎЛАР:
1. Геннесарет көлинде қандай кәрамат жүз берди?
2. Петр не ушын Ийсадан қасынан кетиўин сорады?
3. Ийса Петрге нени ўәде етти?