Мухаддес Китап ўақыялары 63 bob

Тери кеселлигине шалынған адамның шыпа табыўы

Мухаддес Китап, Лука 5-бап, 12-14 аятлар

Тери кеселлигине шалынған адамның шыпа табыўы  Мухаддес Китап, Лука 5-бап, 12-14 аятлар

Ийса жердеги хызмети даўамында көп жерлерге барыўына туўры келген еди. Ҳәр түрли қала ҳәм аўылларда болып, Ол ләң аўырыўларды ҳәм кеселлерди ушыратып, оларға шыпа берди. Сол ўақытлары Палестина турғынлары арасында жүдә қорқынышлы тәўир болмайтуғын мақаў кеселлиги кеңнен тарқалған еди. Бул зыянлы тери кеселлиги еди.

Бир күни Ийса шәкиртлери менен Галиланың бир қаласына келди ҳәм ол жерде мақаў, яғный тери кеселлигине шалынған адамды ушыратты. Ол адам Ийсаның алдына жуўырып келип ҳәм Оның аяғына жығылып:
– Ийем! Егер Сен қәлесең, мени кеселликтен тазалай аласаң, – деп жалынды.
Бул адам Ийсаға соншелли исенген еди!
Ийса қолын созып, оған тийгизди де:

– Қәлеймен, тазалан! – деди.
Бул Ийсаның әпиўайы ғана қәлеўи болған жоқ, ал Қудайдың буйрығы менен болды. Қудайдан басқа ҳеш ким бундай етип сөйлеўге батына алмас еди!

Сонда кәрамат жүз берди: сол адамнан тери кеселлиги жоқ болып кетти. Ден саўлығы жақсыланып, терилери тап-таза болып қалды, ол шексиз түрде шадланып, Ийсаның алдында турған еди. Ийса оның бул ҳаққында ҳеш кимге айтыўын қәлемей:
– Буны ҳеш кимге айтпа! Тек руўханийге барып, өзиңди көрсет те, тери кеселлигинен тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деп буйырды.
 

Бирақ кәраматты жасырып болмас еди. Сонда еледе көбирек халық Ийсаны тыңлаў ҳәм шыпа алыў ушын, Оның алдына келетуғын еди.

 

СОРАЎЛАР:
1. Не ушын мақаў кесели, яғный тери кеселлиги әтираптағыларға қәўипли еди?
2. Тери кеселлигине шалынған адам Ийсаны көргенде, не ушын қатты қуўанып кетти?
3. Ийса не ушын тери кеселлигине шалынған адамның алған шыпасы ҳаққында ҳеш кимге айтпаўын қәледи?



Shu bobni eshitish:


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.