Ләң адамның шыпаланыўы
Мухаддес Китап, Лука 5-бап, 17-25 аятлар.
Бир жигит достынан:
– Сен әлле қашан жаңалықты еситкен шығарсаң? Аўырыўларға шыпа беретуғын Ийса бизлердиң аўылымызда! – деди.
– Сен достымыз ҳаққында ойланып көрдиң бе? Өйткени ол жүре алмайды-ғо. Ол Ийсаның алдына қалай бара алады? – деди екиншиси.
– Оны Ийсаға алып барайық! – деди сол жигит.
Кейин олар және бир еки достынан жәрдем сорап, ҳәммеси ләң болып қалған достына келди. Олар биргеликте зәмбер сыяқлы жатқарып көтеретуғын қурылманы соғып, кесел достын оған жатқарды да, Ийса тоқтаған үйге қарай асықты. Бирақ бул қандай шерменделик! Соншелли көп адамлар Ийсаны көриўди ҳәм тыңлаўды қәлегенликтен, аламан халық ҳәттеки үйдиң кирер аўзына дейин толып кеткен еди.
Ләң достысын төсеги менен көтерип турған дослар есиктен Ийсаға дейин ҳеш қашан бара алмайтуғын еди. Бирден олардың биреўиниң жүзи жайнап қоя берди ҳәм ол:
– Пикир бар! Тамның басынан! – деп бақырып жиберди.
– Тамның басынан дейсең бе? Сен нени нәзерде тутып турыпсаң?
– Бул үйдиң төбеси әпиўайы ылайдан-ғо. Төбесин тесемиз ҳәм сол арқалы достымызды арқан менен сол ишке қарай түсиремиз.
Айтылған сөз атылған оқ, дегендей, олардың бири арқан ҳәм тесиў ушын қурал-үскене излеп кетти. Қалғанлары болса, ҳәлсиреген достысын минбер зәңги арқалы тамның тегис төбесине шығарды. Олардың ҳәрекети узаққа созылмады: аўырыў достын арқан менен түсириў ушын, досты сыятуғындай етип тамның басын ашты.
Төбени ашқан жери анық Ийса турған жерге туўры келди. Төменнен сол төбедеги тесикти дөгереклеп турған жигитлердиң үмит етип турған жүзлерин көриўге болатуғын еди. Ийса жоқарыға күле шырай менен қарады да, кейин Өзиниң алдына арқан менен түсирилген ләң адамға улыўма күтилмеген мынадай сөзлерди айтты:
– Сениң гүналарың кеширилди.
Ийсаның жанында турған диний муғаллимлер менен парисейлер ашыўланысып: және мынаўысы не, гүналарды тек ғана Қудай кеширеди! Бул Адам Өзи ҳаққында не ойлайды? – деп ишлеринен ойлап турған еди. Ийса сол сәтте олардың не ойлағанын билип:
– Қайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса: «Орныңнан турып, жүре бер», – деў ме? – деди.
Диний муғаллимлер гүналарды тек ғана Қудай кешириўи мүмкин екенин түсинетуғын еди.
Бирақ Ийса, сол ләң адамға гүналарының кеширилиўи ҳаққында айтып, олардың алдында әпиўайы ғана адамгершиликти үйрететуғын муғаллим турмағанын көрсетип, түсиник берген еди.
«Бирақ гүналары шынында да кеширилгенин ким тексере алады? – деп ойлады жыйналғанлар. – Егерде Сен аўырыўды шыпалай алғаныңда, онда Сениң ғайрытәбийғый қәбилетиң барлығына сөзсиз дәлил болады».
Ийса олардың ой-пикирлерин билип, былай деди:
– Гүнлардың кеширилиўи ҳаққында еситкен болсаңыз, сизлер Қудайдың Маған тек ғана аўырыўларға шыпа бериў бийлигин емес, ал гүналарды кешириў бийлигин де бергенин түсиниўиңиз керек.
Кейин ләң адамға бурылып:
– Саған айтаман: орныңнан турып, төсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди.
Сол адам орнынан турды, аўырыўы жоқ болып кетти. Кейин ол төсегин, арқанды жыйнап алды да, таң қалысқан аламан арқалы жүгин көтерип, жүре баслады. Ол адам Ийсаға миннетдаршылық билдирип, Қудайды алғыслады. Жоқарғы тесиктен қарап турған, қуўаныштан жүзлери жайнап турған дослары да кетти.
Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деп жуўап берди де, ләң адамға:
– Саған айтаман: орныңнан турып, төсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди.
Сонда ләң адам ҳәммениң көз алдында дәрҳал орнынан турып, өзи жатқан төсегин алды да, Қудайды алғыслап үйине қайтты.
Лука жазған Хош Хабар 5:24-25
СОРАЎЛАР:
1. Ләң болған жигиттиң досларының қандай ис-ҳәрекетлери Ийсаға исенгенин көрсетеди?
2. Ийсаның аўырыўға айтқан қандай сөзлери аламанды таң қалдырды?
3. Шыпа тапқан адам үйине қайтпасынан алдын, Ийсаға миннетдаршылық билдирди ме?