Ҳаялдың шыпа табыўы
Мухаддес Китап, Лука 8-бап, 42-48 аятлар.
Ийса кеме менен Капарнаҳумға қайтып келгенде, ол жерде Оны көп халық күтип турған еди. Ҳәммеси қаланың кишкене жолы менен Оның изинен жүрип келетуғын еди. Ийсаның жүриўи қыйынласқан еди, өйткени халық Оны жән-жағынан қысып баратыр еди. Ийса дәрҳәл тоқтады да, бурылып қарап:
– Маған ким қолын тийгизди? – деп сорады.
Ол Өзинен бир күш шыққанын сезген еди.
Шәкиртлери таң қалысып:
– Устаз! Халық Сени қоршап, жән-жағыңнан қысып тур-ғо. Ал Сиз Маған ким қолын тийгизди, деп сорап атырсыз, – деди.
Ийса оларға жуўап бермеди, ал Өзине кимниң қолын тийгизгенин излеп, әтирапқа қарады. Ийсаның изине ерип киятырған адамлардың арасында аўырып жүрген ҳаял бар еди. Он еки жыл даўамында, ол ҳәр түрли шыпакерлерге барып емленип, ем ушын бары-жоғының ҳәммесин сарплаған еди, бирақ ҳеш қандай нәтийже болмаған еди.
Кейин ала ол Ийсаның ислеген кәраматлары ҳаққында еситип, Оннан шыпа алыў ушын келген еди.
Ийса көрмеўи ушын ҳаял артқы тәрептен жақынлап барып: «Егер Оның кийиминиң бир шетине қолымды тийгизсем, шыпа аламан!» – деп ойлаған еди. Бул ҳаял Ийсаның шыпалай алатуғынына пүткиллей исенетуғын еди!
Сонда ол уллы Устаздың кийимине қолын әсте тийгизди ҳәм шыпа тапқанын сезди. Әлбетте, кимниң шыпа тапқанын билип турған Ийса ҳаялдың өзи алдына келиўин күтти. Сонда сол ҳаял алдына келди. Қорққанынан қалтырап, ол Ийемиздиң аяғына өзин таслады да, Оған ҳәммесин айтып берди. Ҳаял буған жуўап ретинде Ийсаның оған сүйиспеншилик пенен айтқан мына сөзлерин еситти:
– Қызым! Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер!
СОРАЎЛАР:
1. Ийемиз шәкиртлери менен қайсы қалаға келди?
2. Он еки жылдан берли аўырып жүрген ҳаял не қылған еди?
3. Ҳаялға не шыпа берген еди?