Мухаддес Китап ўақыялары 66 bob

Жесир ҳаялдың баласының тирилиўи

Мухаддес Китап, Лука 7–бап, 11-16 аятлар.

Жесир ҳаялдың баласының тирилиўи  Мухаддес Китап, Лука 7–бап, 11-16 аятлар.
Ийса Галиланың басқа қаласына, Наин деген қалаға қарай кетти ҳәм көп адамлар Оның менен бирге жүрди. Ол қала дәрўазасына жақынлағанда, бир жесир ҳаялдың жалғыз баласының өлигин шығарып атыр еди.
Мәйит жатырған табыттың изинен дад салып, ҳәсиретке батқан ҳаял жүрип киятыр еди. Ҳаял менен бирге оған кеўил билдириў ушын қаладағы көп адамлар бирге жүрип киятыр еди.
Бул ҳаял жесир еди, ал өлген бала болса – оның жалғыз перзенти еди. Ийса қайғыға батқан ҳаялды көрип, оған жаны ашыды ҳәм оған:
– Жылама! – деди.
Жүрип киятырғанлар тоқтады, ал Ийса табытқа жақынлап, оған қолын тийгизди де, өлген балаға:
– Ҳәй жас жигит, саған айтаман: орныңнан тур! – деди.
Өлген жас жигит тикейип отырды да, сөйлей баслады. Кәрамат жүз берди! Ийса оны анасына қайтарып берди. Бир неше ўақыт булардың ҳәммесин көрип турғанлар үнсиз қалып, қорқыныш бийледи, кейин олар:
– Арамызда уллы пайғамбар пайда болды. Қудай Өз халқына жәрдемге келди, – деп Қудайға алғыс айтты.
Наиндағы кәрамат ҳаққындағы хабар пүткил Яҳудия бойлап тез тарқалды.

 

СОРАЎЛАР:


1. Ийса қайсы қалаға келди?
2. Қала дәрўазасында Ол кимди ушыратты?
3. Наинда не жүз берди? Адамлар кәраматты көргенде өзлерин қалай тутты?



Shu bobni eshitish:


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.