Мухаддес Китап ўақыялары 67 bob

Яирдиң қызының тирилиўи

Мухаддес Китап, Лука 8-бап, 41-42, 49-56 аятлар

Яирдиң қызының тирилиўи  Мухаддес Китап, Лука 8-бап, 41-42, 49-56 аятлар

Яир бурын бундай болып жылдам, асығыс түрде жуўырып көрмеген еди. Ол мәжилисхананың (мәжилисхана – бул яҳудийлер дуўа етиў ушын жыйналатуғын үй) басшыларынан бир еди, ал усындай ўазыйпада ислейтуғын адамлар арасында бундай етип жуўырыў үрдис емес еди. Бирақ оның қызы өлим төсегинде жатырған еди. Яир қызын жүдә жақсы көретуғын еди, ал енди болса ҳәр күн сайын қызының төменлеп баратырғанын көриўге мәжбүр еди. Сол ўақытта Ийса шәкиртлери менен қалаға келген еди. Сонда Яир Ийемизден жәрдем сораўды шешкен еди. Ийсаның алдына келип, Оның аяғына жығылды да, үмитсизликте былай деп өтине баслады:
– Устаз, қызым өлейин деп атыр. Сизден өтинемен, келип, оны қутқар! Сизден өтинемен! Тез жәрдем бер, болмаса кеш болады!
– Жүр, – деп жуўап берди Ийса. – Сен алдымыздан барабер, ал Мен сениң изиңнен бараман.
Деген менен, аламан халықтың арасында жүриў аңсат емес еди, олар жүдә әсте жүрип баратырған еди. Сонда Яир үйинен биреўдиң киятырғанын байқады. Сол келген хызметкери:
– Қызыңыз өлди, енди Устаздың тынышын алмаң, – деди.
Яирдиң жүреги тоқтап қала жазлады. Ҳәммеси тамам болды! Сүйикли қызы өлди! Барлық урыныўылары нәтийжесиз болып қалды. Яир қатып қалды, оның жүзи де өлидей болып ағарып кетти.
 

Ийса хызметкердиң айтқан сөзин еситти.
Ол Яирдиң ийнинен қушақлап:
– Қорқпа, тек исен, қызың шыпа табады, – деди.
Мәжилисхана басшысы неге исенерин билмеди. Қайғыға батқан ол үйине қарай сүйретилип жүре баслады. Ийса оның артынан барды. Үйине жақынлағанда бәлент даўыста дад салысыўлар еситилди.
Ийса:
– Жыламаңлар, ол өлген жоқ, тек уйықлап атыр, – деди.
Бул сөзлерди еситип, адамлар Оның үстинен күле баслады. Олар қыздың өлгенин анық билетуғын еди. Ол усындай қолайсыз сөзлерди қалай сөйлеўи мүмкин!
Ийса ҳәммесин сыртқа шығарып жиберди де, қыздың ата-анасы, Петр, Юхан ҳәм Яқып деген шәкиртлери менен бирге төсегинде жатырған қыздың бөлмесине кирди.
Ийса қыздың қолынан услады да, даўыслап:

– Қызалақ, орныңнан тур! – деди.

Сонда қыз терең демин алып, көзин ашты. Қыздың жүзи бурынғыдай түске енип, орнынан турды. Ата-анасы өз көзлерине исеенбеди. Перзенти енди тири! Қандай бахыт!

– Қызға жейтуғын бир нәрсе бериң, ол ҳәзир күшин тиклеўи зәрүр, – деди Ийса.
Кейин Ол орнынан турды да, қызға күле шырай менен қарады ҳәм сыртқа шықты. Таң қалған шәкиртлери өзине келиўи ушын бир неше ўақыт өтти ҳәм кейин қуўанышқа толып-тасқан шаңарақты қалдырып, Устазының изинен асығыслы түрде жүрип кетти.

 

СОРАЎЛАР:


1. Мәжилисхана басшысының аты ким еди?
2. Онда қандай қайғы-ҳәсирет жүз берди?
3. Яирдиң үйинде Ийсаның қайсы шәкиртлери кәраматтың гүўасы болды?

 

Ийса қыздың қолынан услады да, даўыслап:

Қызалақ, орныңнан тур! – деди.

Қыздың жаны қайтып кирип, ол дәрриў орнынан турды. Ийса оған жеў ушын бир нәрсе бериўди тапсырды.

 

Лука жазған Хош Хабар 8:54-55



Shu bobni eshitish:


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.