Теңиздеги даўыл
Мухаддес Китап, Лука 8-бап, 22-25 аятлар
Күнлердиң биринде Ийса Геннесарет көлиниң бойында жыйналған халыққа тәлим берип болып, шәкиртлерине:
– Көлдиң арғы жағасына өтейик, – деди.
Шәкиртлери қайықты таярлады да, Ийса менен бирге отырды ҳәм жөнеп кетти. Ийса күн бойы қатты шаршағанлықтан, дем алыў ушын жатып, уйықлап қалды.
Бирден күшли даўыл басланды, бундай даўыл Галила көлинде жийи болып туратуғын еди. Толқынлар қайықты соққылап, қайық шөгип кетиўге сәл қалып тур еди. Жағдайдың ҳәр тәреплеме қәўипин көрип, шәкиртлер қорқысты ҳәм Ийсаның қасына келип:
– Устаз! Устаз! Набыт болажақпыз! – деп, Оны оятты.
Ийса орнынан турды. Ол қәҳәрли толқынларды көрди, даўылдың күшли ескен даўысын еситти ҳәм қайықтың ана жақтан, мына жаққа урылып, шайқалып атырғанын сезип, бул апатқа:
– Тынышлан, тоқта! – деп буйырды.
Сонда даўыллар тынып, әтирап тым-тырыс болды. Теңиздиң бети теп-тегис, айнадай болып қалды.
Кәрамат! Даўыл усындай болып бирден тоқтап қалғаны ҳеш қашан болмаған, толқынлар да ҳәмме ўақытта әсте-әсте тынышланатуғын еди. Бирақ ҳәзир – бир сәтте-ақ пүткиллей тым-тырыс болып қалды!
Бундай жағдайды шәкиртлер еле көрмеген еди. Ал Ийса олардан:
– Неге буншама қорқасызлар, ҳәй, исеними азлар? Исенимиңиз қәне? – деп сорады.
Қорқысып, таң қалған шәкиртлери бир-бирине:
– Самалды да, толқынларды да Өзине бойсындыратуғын бул ким? – дести.
Олар қабыллаған исенимин, Устазының – Қудайдың Улы екенин өз ақыл-ойы менен толық түсине алмайтуғын еди.
СОРАЎЛАР:
1. Ийемиз Ийса не ушын даўыл көтерилгенде, арқайын уйықлай алды?
2. Не ушын шәкиртлер қорқысты? Олар не ҳаққында умытты?
3. Ийса даўылды тынышландырғанда, олар нени басынан кеширди?