Бес мың адамның тойыўы
Мухаддес Китап, Лука 9-бап, 10-17 аятлар
Күн бойы Ийса халыққа қарата сөз айтты. Тыңлаўшылардың арасындағы тек ғана ер адамларды есаплағанда бес мың адам еди, ҳаял ҳәм балалардың саны одан кем емес еди. Ийса тек ғана ўаз етип қоймай, алдына келген аўырыўларға да шыпа берди. Күн кеш бола баслағанда, шәкиртлер Ийсаға:
– Устаз, адамлар бир нәрсе жеп алыўы керек, – деди.
Ийса күле шырай берип:
– Оларға жеўге аўқат бериң! – деп жуўап берди.
– Бирақ усыншама көп адамлар ушын нанды қаяқтан аламыз? Бизлерде тек ғана бес нан менен еки балық бар. Бул жер шөл даланлық. Оннан қала берсе бизлердиң ақшамыз да аз, – деди Филип.
Ийса:
– Маған нан менен балықларды алып келиң, – деди.
Ийса бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап олар ушын Қудайға шүкирлик етти. Оларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын, шәкиртлерине берди.
Шәкиртлер көзлерин уўқалап, сүртти. Бир нәрсе өзгеше болған еди. Бир себет нан ҳәм балық – және де бул бoлғaны да емес. Ал енди болса барлық себетлер нан ҳәм балық пенен толған! Олар шөплерге топар-топар болып отырған адамларға нан менен балықты тарқатқанда, себеттеги аўқат айтқарлықтай таўысылған жоқ еди.
Бул ҳәммеге жетти! Ҳәр бири тойғанынша жеп алды.
Ийса қандай Адам болды? Усындай әжайып исти қылатуғындай Ондағы күш қаяқтан келген?
Ийса шәкиртлерине:
– Ҳәр бир топардағы адамлардан айланып шығып, аўысқанларын жыйнап алың. Ҳеш бири зая болмаўы тийис, – деди.
Олар қайтып келгенде, олардың ҳәр биринде азықтың аўысқанлары менен толтырылған бир себеттен бар еди.
Адамлар жеп тойып алды, ал азық болса тарқатпастан алдынғыға қарағанда көбирек аўысқан еди! Адамлар көз алдында жүз берген кәраматқа таң қалысып, олар:
– Ол – усы дүньяға келиўи тийис болған ҳақыйқый Сол Пайғамбар-ғо, – дести.
Бирақ, тилекке қарсы, бес мың адамның ишинде Ийсаның негизинде неге ерисип атырғанын улыўма түсине алмайтуғын адамлар да бар еди.
Олар: «Егер Ийса усындай бостан-босқа азық бере алса, онда бизлердиң буннан былай аўқат ушын жумыс ислеўимиздиң ҳәжети жоқ. Оны патша етип тайынлайық ҳәм Ол бизлердиң барлық мүтәжликлеримиз ушын ғамхорлық қылсын», – деп ойлады.
Ийса адамлардың кеўлиндеги усындай қәлеўин билди, бирақ Ол бул дүньяға усындай жердеги патша болыўды мақсет етип келмеген еди. Сонлықтан да, Ийса дәрҳәл сол жерден кетип қалды, жалғыз қалып дуўа етиў ушын, аламаннан қашып, таўға қарай кетти. Адамлар үйлерине тарқалысты. Олардың базылары Ийсаға қапа болды.
СОРАЎЛАР:
1. Халық Ийсаның алдына не ушын келди?
2. Ийса Өзиниң ҳәмме нәрсеге қүдиретли екенин қалайынша дәлилледи?
3. Усы кәраматтан соң, халықта Ийсаға деген қандай жобасы бар еди?
Ийса бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап олар ушын Қудайға шүкирлик етти. Оларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын, шәкиртлерине берди. Ҳәмме жеп тойды. Аўысқан бөлеклерин жыйнап, үлкен он еки себет толтырды.
Лука жазған Хош Хабар 9:16-17 аятлар