Ибрайым ҳәм Лут
Мухаддес Китап, Жаратылыс китабы,13-бап, 18-бап, 20-33-аятлар,19-бап.
Ўақыттың өтиўи менен Ибрайым ҳәм Лут жүдә байып кетти. Олардың ири ҳәм майда маллары ҳәм алтын менен гүмислери бар еди. Бирақ тез арада олардың адамлары арасында келиспеўшиликлер басланды. Сүриўлери соншелли үлкен болғанлықтан, оларға жайлаўлар жетиспейтуғын еди ҳәм тез-тезден хызметкерлериниң арасында тартыслар пайда болды.
Сонда Ибрайым Лутқа:«Бизлердиң арамызда да, шопанларымыздың арасында да жәнжел болмасын. Ақыры, бизлер туўысқанбыз-ғо! Барлық жер сениң көз алдыңда. Кел, бөлинейик. Егер сен солға кетсең, мен оңға кетемен. Егер сен оңға кетсең, мен солға кетемен», – деди.
Ибрайым Лутқа қайсы жерге жайғасыўды таңлаў мүмкиншилигин берди. Лут әтирапына қарап, пүткил Иордан дәрьясы ағып турған тегислигиниң Соарға шекемги жемисли жерлерин көрди. Ол жерди Мухаддес Китапта Қудайдың бағындай, жәннеттей еди – деп қойыпты. Лут өзине сол әжайып жерди таңлады. Ол тек ғана өзи ҳаққында ойлады. Бирақ ол сол жерде өзин не күтип турғанын билмейтуғын еди. Қудай Содом ҳәм Гомора қаласын жоқ қылатуғынын билмеди, себеби сол жердеги адамлар жүдә жаўыз еди.
Лут Жаратқан Ийеге бойсынатуғын адам болса да, Содомдағы гүнакар адамлардың арасында жасаўдың жаман тәрепин көре алмады.
Бир неше ўақытлар өтти. Бир күни Қудай Ибрайымға Өз шешими ҳаққында айтты:
– Содом ҳәм Гомора турғынлары жүдә көп гүна ислеп атыр. Мен усы напәк қалалар Мен таярлап қойған жазаға ылайықлы ма, ямаса жоқ па, соны көриў ушын бараман.
Еки периште Содом ҳәм Гомора қалаларына кетти, Ибрайым болса Қудайдан:
- Мүмкин, бул қалада елиў ҳақ адам бар шығар? Сен ҳақыйқаттан да, сол жерди ишиндеги елиў ҳақ адам ушын кеширмей, қырып тасламақшымысаң? – деп сорады.
Сонда Қудай сондай болса, қыйратпайтуғынын айтып ўәде етти. Ибрайым сол сораўын қайта-қайта сорай берди, бирақ ҳақ адамлардың саны 45, 30, 20 ҳәм 10-ға дейин азайтып сорады. Сонда Қудай ҳәр бир жуўап бергенинде, егер ол жерде сондай сандағы адамлар бар болса, солар ушын қаланы кеширетуғынын айтып, ўәде берди.
Кеш болғанда, еки периште Содомға келди. Лут қаланың абырайлы адамлары жыйналатуғын қала дәрўазасының жанында отырған еди. Лут оларды көргенде, күтип алыў ушын орнынан турды да, маңлайы жерге тийгенше ийилип, тәжим етти ҳәм оларға:
– Мырзалар, қулыңыздың үйине кириңлер. Аяқларыңызды жуўыңлар ҳәм бизикинде қонып қалыңлар, – деди.
Олар:
– Яқ, бизлер түнди қала майданында өткиземиз, – деди.
Содомдағы адамлар таныс болмаған адамларға жаман қатнаста болатуғынын билип, Лут оларды үйине барыўын айтып, илтимас етип турып алды. Кешки аўқатты жеп болар болмастан далада қатты шаўқымлар еситиле баслады. Сол қалада жасайтуғын адамлар Луттан, үйине келген еки бийтаныс адамды сыртқа шығарыўын талап етти. Луттың өз мийманларын қорғап атырғанын көрип, адамлар оны қорқыта баслады. Бирақ периштелер Содом қаласының адамларының көзлерин соқыр қылып таслады, ал Лутқа:
– Бул жерде басқа кимиң бар? Күйеў балаларың, улларың, қызларың ҳәм қалада өзиңе дерек ким болса да, ҳәммесин бул жерден алып шық. Себеби бизлер бул жерди жоқ етемиз. Бул халықтың үстинен Жаратқан Ийеге жетип барған шағымлар жүдә көп, – деди.
Тилекке қарсы, Луттың күйеў балалары оны ҳәзиллесип атыр, деп ойлап, оның бул сөзлерине исенбеди. Ал Лут еле екиленип турған еди. Лутқа Жаратқан Ийениң мийрими түскенликтен, периштелердиң өзлери Луттың, оның ҳаялының ҳәм қызларының қолларынан услап, қаладан шығарды. Өйткени Қудай олардың қутқарылып қалыўын қәледи. Жаратқан Ийе оларға таўға қарай қашыўын ҳәм кейнине қарамаўын буйырды. Бирақ Луттың ҳаялы бул буйрыққа қулақ салмады. Ол артына бурылып қарап қойды ҳәм дузға айланып қатып қалды. Сол ўақытта Лут ҳәм оның қызлары алдыға қарай қаша берди...
Жаратқан Ийе Содом ҳәм Гомора үстине аспаннан отлы күкирт жаўдырды. Усы қалалар, қалалардың дөгерек аймақлары, сондай-ақ, Иордан тегислигиндеги сол барлық тири жанлар жоқ етилди. Бүгинги күнде сол жерде Өли теңиз жайласқан, Мухаддес Китапта ол және Дузлы теңиз деп те аталған.
СОРАЎЛАР
1. Лут жайласыў ушын қандай жерди таңлады?
2. Ибрайым Қудайға Содом ҳәм Гомораны қутқарыўы ушын қандай сораўларды берди?
3. Жаратқан Ийе сол қалалардағы раўажланып кеткен жаўызлықты қалай жоқ етти?