Мухаддес Китап ўақыялары 70 bob

Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи

Мухаддес Китап, Марк 6-бап, 45-56 аятлар

Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи Мухаддес Китап, Марк 6-бап, 45-56 аятлар
Түн болды. Қайықта шәкиртлери Галила көли менен жүзип кетти. Ийса олар менен бирге емес еди. Ол жалғыз Өзи болып, таўға шығып дуўа етиўге қалған еди.
Шәкиртлер бир сааттай ескек есиўди даўам етип, жүзип баратыр еди. Олар қатты күш салыўға туўры келди, өйткени жүдә күшли самал көтерилген еди. Қайық толқынларда шайқатылып, қәўип күшейе баслады, ал олар болса Капарнаҳумға жетип барыўы керек еди. Себеби сол жаққа барыўды оларға Ийса буйырған еди. Оның Өзи кейинирек барыўды ўәде еткен еди. Шәкиртлер арғы жағаға жетип барыў ушын бар күшин жумсады, бирақ буған олар ерисе алмады. Қайық ҳәмме ўақытта күшли самалдың қарсылығында болып самал жүдә күшли еди, ал олар буған қарсы гүресиў ушын жүдә ҳәлсиз еди.

Күтилмегенде шәкиртлер жарқыраған бир нәрсени көрди. Ол суўдың үсти менен киятырған болып, қайыққа жақынлады. Арадағы аралық  жақынлаған сайын, олар буның адам екенин анық көре баслады. Шәкиртлердиң бири қорқыныштан бақырып жиберди. Адам сүлдери суўдың үстинде қыймылдап киятыр! Бундай болыўы мүмкин емес! Оларға жақынлап киятырған әрўақ ямаса басқа бир түсиниксиз нәрсе болыўы мүмкин! Енди олар анық адам екенин көрди – егер бул адам болса – деп қоллары менен аўызларын жапты, себеби самал себепли даўысты еситпей атыр еди, бул даўыс:
 

– Қорқпаңлар, бул Мен! – деп бақырды.
Ол Устазы Ийса еди! Олар Ийсаның даўысынан дәрҳәл таныды. Жүреклери тынышланып басланды. Шәкиртлер жеңил тартып дем алды да, Оның қайыққа келиўин күте баслады. Тек ғана олардың бири күтиўди қәлемеди. Петр сабырсыз адам еди. Оннан қала берсе, ол Ийсаны сондай сүйетуғын еди. Ол Ийсаны биринши қарсы алыў ушын, қуўанышлы түрде алдына жуўырыўға тайын еди.

Бирақ буның мүмкиншлиги жоқ еди. Суўда мантықпай, ким жүре алады? Петр: «Неге мүмкин емес? Егер Ийса суўдың үсти менен жүрип киятырған болса, демек мен де жүре аламан. Әлбетте, өзим емес, Оның жәрдеми менен», – деп ойланды.
Усы ой өзине келгеннен, ол:
– Ийем! Егер бул Сен болсаң, маған суўдың үсти менен Сениң қасыңа жүрип барыўды буйыр, – деди.
Ийса:
– Кел! – деди.

Петр қайықтан түсип, бир аяғын суўдың үстине басты. Суў тап қатты топырақ сыяқлы оны көтерди. Кейин ол суўдың үстине екинши аяғын да басып, жүрип кетти.

 

Ол суўдың үсти менен жүрип баслады! Ийсаға дейинги аралық қысқарды. Петр өзине қарай шайқатылып киятырған жүдә күшли толқынды бирден байқап қалды. Толқын көпирип, оның аяғына урылды. Петр Ийсаға қарап атырған жоқ еди – оның дыққаты тек ғана толқынға қаратылған еди. Сонда ол қорқып кетти. Ол тегис суў үстинде турғанындай, толқында да тура ала ма? Ол сол сәтте суўға шөге баслады ҳәм Ийсаға:
– Ийем, мени қутқар! – деп бақырды.
Ийса әлле қашан оның қасына келип қалған еди. Ол қолын созып, суўға бата баслаған Петрди беккем услады да, тартып алды.
Ийса:
– Ҳәй, исеними аз! Сен неге гүманландың? – деди.
Петр қутқарып алынды, ол өз исениминиң күшлилиги арқалы емес, ал Қудайдың Улы, Ийса Масийх арқалы. Сол ўақытта қалған шәкиртлери қайықта оларға жақынлап келген еди. Ийса Петр менен бирге қайыққа минди. Таң қаларлығы, сол сәтте-ақ самал тоқтап қалған еди. Қайық толқында жеңил ғана шайқатылып баслады. Болған ўақыяға шәкиртлер соншелли таң қалысты ҳәм жақынлап, сол дәўирде патшаға ҳүрмет пенен тәжим еткендей етип, Ийсаның аяғына жығылды. Сонда олар:
– Сен шынында да, Қудайдың Улысаң! – деди.
Сол түни олар және бир мәрте Ийсаның жәрдемисиз өлип кететуғынын тән алған еди.

 

СОРАЎЛАР:


1. Түнде шәкиртлери қаяққа баратыр еди? Не ушын Ийса олар менен бирге емес еди?

2. Көлде не жүз берди? Көл үстинде жүзип баратырып не нәрсе шәкиртлерди қорқынышқа салды?
3. Суўдың үсти менен Ийса қалай жүре алған еди?
4. Петр не ушын ойламағанда бирден суўға бата баслады?




Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16