Мухаддес Китап ўақыялары 71 bob

Мийримли самариялы ҳаққында тымсал

Мухаддес Китап, Лука 10-бап, 25-37 аятлар

Мийримли самариялы ҳаққында тымсал  Мухаддес Китап, Лука 10-бап, 25-37 аятлар

Бир күни Ийсаның алдына Мухаддес Жазыўларды жақсы билетуғын бир адам келди. Бундай адамларды нызам муғаллимлери, яғный Қудайдың Нызамын билиўшилер деп атайтуғын еди. Ол өз жанын қайғырғаны ушын емес, ал Ийсаны сынаў ушын, Устазға бир сораў ойлап қойды. «Егер Ийса ол сораўға жуўап берсе, онда мен Оның қәтесин анық көрсете аламан», - деп ойлады нызам муғаллими.

Ол Ийсадан астарлап:
– Устаз, мәңгилик өмирди алыўым ушын не қылыўым керек? – деп сорады.
Ийса Оған жуўап берип:
– Мухаддес Нызамда не деп жазылған? – деди.
Сол сум нызам муғаллими өзи жуўап бериўге туўры келип:
– «Қудайың Жаратқан Ийени шын жүрегиң, жан-тәниң, бар күшиң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй». Және де: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй», – делинген, – деди.

Ийса оған:

– Дурыс жуўап бердиң, усылай исле, сонда жасайсаң, – деди.

Бирақ ол өзин ақлағысы келип, Ийсадан:

– Мениң жақыным ким? – деп сорады.

Ийса оған жуўап берип, былай деди:
– Мен бир ўақыя айтып беремен.

 

Бир адам Ерусалимнен Ерихоға киятырып, қарақшылардың қолына түсип қалыпты. Қарақшылар оның кийимлерин шешип алып, оны сабап, өлимши етип таслап кетипти. Сонда (Ибадатханада хызмет етиўши) бир руўханий сол жол менен жүрип, оны көрип, басқа жаққа бурылып кетипти. Бир лебийли де сол жерге келип, оны көрип, оның жанынан тез өтип кетипти.

Ақырында үшинши болып сол жерден ешекте бир адам өтип баратыр еди. Ол руўханий де емес, лебийли де емес, ол ҳәтте израил халқына да тийисли емес. Ол самариялы, яғный Самария турғыны еди. Израиллылардың көпшилиги оларға жек көриўшилик пенен қарайтуғын еди. Себеби оларды Қудайға надурыс сыйынады деп есаплайтуғын еди. Сонлықтан да жәбир көрген адам самариялы бул адамнан ҳеш қандай жәрдем аламан деп күтпеген еди.   

 Бирақ сол самариялы адам жәбир көрип жатырған адамға келип, оны көргенде жаны ашыпты. Оның жанына барып, жарақатларын шарап пенен жуўыпты ҳәм май жағып таңыпты. Оны ешегине абайлап мингизип,  мийманханаға жетип келемен дегенше жол бойы оған ғамхорлық етип келипти.

 

Ертеңине еки динар шығарып, мийманхана ийесине берипти де: «Оған жақсылап қара. Егер буннан артық қәрежет шығарсаң, қайтып келгенимнен соң төлеймен», – депти.
Енди усы үшеўиниң қайсысы қарақшылардың қолына түскен адамның жақыны болады, деп ойлайсаң?
Бул сораўға жуўап бериў қыйын еди. Нызам муғаллими:

– Оған мийримлилик көрсеткени, – деди. Ийса оған:

– Бар, сен де усылай исле, – деди.

 

СОРАЎЛАР:


1. Ийсаға сораў берген адам ким еди? Ол не ҳаққында сорады?
2. Ийса қандай тымсал айтып берди?
3. Бизлердиң жақынымыз ким болып есапланады?



Shu bobni eshitish:


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.