Мухаддес Китап ўақыялары 72 bob

Ийса Бетанияда

Мухаддес Китап, Лука 10-бап, 38-42 аятлар.

Ийса Бетанияда Мухаддес Китап, Лука 10-бап, 38-42 аятлар.
Ийса Ерусалимге келгенде, Ол қаладан бир неше километр қашықлықта жайласқан Бетания аўылына жийи баратуғын еди. Ийса ол жерде Мәриям, Марта ҳәм Лазар деген Өзиниң изине ергенлердиң ҳәм досларының үйинде болатуғын еди.

Ийсаның гезектеги келген ўақтында, Мәриям Оны тыңлап отырды, ал Марта болса дастурхан жайып, қонақ күтиў менен бәнт болды. Сонда Марта Ийсаға келип:
– Ийем, сиңлимниң ҳәмме исти мениң бир өзиме қалдырғанына қарамайсаң ба? Оған айт, маған жәрдемлессин, – деди.
Деген менен, Ийса жыллы сөз бенен оған:
– Эҳ, Марта, Марта, сен көп нәрселерди уўайымлап, тәшиўишленесең. Тек бир нәрсе ғана зәрүр. Мәриям дурыс жолды таңлады, бул оннан тартып алынбайды, – деди.
Уллы Устаз нени нәзерде тутқан еди? Ол Мартаға ҳәм басқа адамлардың ҳәммесине екинши дәрежели нәрсеге көп дыққат аўдарыўдың ҳәжети жоқлығын көрсетиўди қәлеген еди. Марта Мәриям сыяқлы болыўы керек еди, яғный физикалық азықтан гөре, руўхый азықтың көбирек әҳмийетли екенин түсиниўи тийис еди. Ең жақсысы – Ийса Масийхқа исениў – сол ўақытта оның жердеги өмири ерте ме, кеш пе ақыры келеди ҳәм буны ҳеш кимнен алып қойыўға болмайды.

 

Әлбетте, бул – усы жердеги өмир ҳаққында ҳеш қандай ғамхорлық қылмаў керек, дегенди аңлатпайды. Ҳәр бир адамда өз ўазыйпалары ҳәм тапсырмалары бар!

Мартаның өмиринде болғанындай, бул өмирдиң тәшиўишлери адамның руўхый өмиринен жоқары болмаўы тийис. Марта ушын сол ўақытта Қутқарыўшының сөзинен гөре, мийман күтиў жүдә әҳмийетли болған еди.

 

СОРАЎЛАР:


1. Ийса Ерусалимге келген ўақытта, көбинесе қай жерде болатуғын еди?
2. Марта нени умытып шын-жүректен аўқат таярлаў менен шуғылланып кеткен еди?
3. Ийса не ушын Мәриямды Мартаға жәрдем бериўи ушын жибермеди?



Shu bobni eshitish:


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.