Мухаддес Китап ўақыялары 73 bob

Жойтылған қой ҳаққында тымсал

Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 15-бап, 3-7 аятлар

Жойтылған қой ҳаққында тымсал Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 15-бап, 3-7 аятлар

Бир күни Ийса диний муғаллимлер менен парисейлерге мынадай ўақыя айтып берди:
– Бир шопан ҳәмме ўақытта ҳақ нийет пенен өз қойларына ғамхоршылық қылады екен. Оның толық жүз қойы бар еди ҳәм сүриўден ҳеш бири жоғалмаўы ушын жақсылап қарап, бағатуғын еди. Аўа, ол жақсы шопан болды, ҳайўанларды жақсы көрди ҳәм қойлары күн бойы жайлаўдан тойып, зыян көрместен үйге қайтыўы ушын ҳәммесин қылатуғын еди. Бирақ бир күни кеште сүриўди санаса, тек ғана тоқсан тоғызы бар болып шықты. Шопан және санап шықты – қараса, және сол тоқсан тоғыз болып турыпты! Демек, бул жерде бир қой жойтылған болып шықты – бир шуқырға түсип кеткен болыўы мүмкин ямаса оны қасқыр жеп кеткен болыўы да мүмкин? Не болса да, оны табыў керек!

Шопан сүриўди және бир мәрте көзден өткерди ҳәм мурнында қара дағы бар кишкене бир қозының жоқ екенин анық билип алды. Есиктиң жақсы жабылғанына исенимли болғаннан соң, ол қозыны излеўге киристи. Әлбетте, тоқсан тоғыз қойы қараўсыз қалыўын қәлемеди, бирақ жойтылған қозыға ҳәр бир минутта өлим қәўпи туўып турғанлықтан, ол асығыўы керек еди.

 

Қәўетерге түскен ол бар күши менен жылдам таўға қарай жуўырып кетти. Деген менен, излеўди енди баслағанлықтан тынышланыўға еле ерте еди. Ҳәр бир мәўритте ол тоқтап, бар даўысы менен кишкене қозысын шақырып, маңыраған даўысы еситилер-аў деп, дыққат пенен қулақ түрип туратуғын еди. Бирақ оны қоршап турған таў жыралары оның даўысын эхо менен қайтарып, жуўап берер еди. Қозы түпсиз ойыққа түсип кетпеген болғай да! Төбешиклерге минип, шопан қайта-қайта қозыны шақырар еди.
– Мә-мә-әәә! – деген маңыраған даўыс зорға еситилип турды. Жуўырып шаршағаннан жүреги қатты урып турған шопан, қуўаныштан жерге бойын таслайын деп қалды. Оның қозысы еле тири!

 

Ол маңыраған даўыс шыққан жаққа қарай асығып барды. Мине, оның жойтылған қозысы! Қозы мөлдир жартастың кишкене шығыңқы жеринде турған болып, ол алдыға да, артқа да қыймылдай алмайтуғын еди. Шопан сол шуқырға нәзерин таслап, қойдың қасына түсиў ушын соқпақ бар ма екен, деп қарады.
Ол: «Қәўипли, бирақ мүмкиншилиги бар», – деген жуўмаққа келди.

Шопан әсте ғана төменге түсти де, қозыны ийнине салды ҳәм жоқарыға шығыў ушын, абайлаған ҳалда жоқарыға шыға баслады. Ол сондай қуўанышлы болды! Қозы оның мойнына қатты асылғанынан, оның да өз қутқарылыўына шадланғанын билиўге болатуғын еди.

– Қудай да Өзинен алыслаған адамларды усылай излейди, – деп Ийса Өз сөзин даўам етти. – Маған исениң, тәўбеге мүтәж болмаған тоқсан тоғыз ҳақ адамлардан гөре, бир гүнакардың тәўбе еткенине аспанда көбирек қуўаныш болады.

 

СОРАЎЛАР:


1. Ийса парисейлерге қандай тымсал айтып берди?
2. Бул ўақыядан сизиң ядыңызда көбирек не нәрсе қалды?
3. «Тәўбе етиў» деген нени билдиреди?



Shu bobni eshitish:


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.