Жойтылған ул ҳаққында тымсал
Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 15-бап, 11-32 аятлар
Ийса парисейлерге және бир ўақыя айтып берди.
Бир адамның еки улы бар екен. Олар үлкейипти ҳәм әкесине үй жумысларына жәрдем бере алатуғын болыпты. Туңғыш улы базыда күшли қәлеўи болмаса да, шынында да жәрдем беретуғын болыпты. Ал генже улына төмендеги ўақыя жүз берди. Ол әкесиниң не қылыў кереклиги ҳаққында бәрқулла буйырған көрсетпелеринен шаршаған еди. Сонда ол бир өзи жасаўды ҳәм ҳәммесин өзи шешиўди мақул таўыпты. Бир күни ол әкесине келип:
– Әке, сен қайтыс болған ўақытта, мен улың сыпатында маған тийисли болған мийрастан үлесимди алыўым керек. Бирақ мен сизиң өлимиңизди күтип отыра алмайман, кәйпи-сапамды қурыўға үлгериўим ушын мен ҳәзир өз үлесимди алыўды қәлеймен. Өйткени сизиң мал-мүлкиңиздиң бир бөлеги ерте ме, кеш пе бәрибир меники болады, – деди.
Әкесин бул сөзлер жүдә қапа қылыпты. Ол улының ақшаларды алғаннан соң, туўған үйинен кетип тез арада кетип қалатуғынын билетуғын еди. Бирақ ол улының қабыллаған шешимин ҳүрметлеп, оны қалыўға көндириўге урынбапты. Сонлықтан да ол улына тийисли бөлегин берипти. Соннан соң, генже улы алыс елге кетипти, ол жерде жасайтуғын жақсы орын таўып, қымбат кийимлер сатып алыпты ҳәм жақсы аўқат пенен кәйпи-сапаға көп ақшаларын сарплапты.
Тез арада дөгеректегилер оның бай екенин ҳәм буған мақтанып жүргенин байқайды. Солай етип, сол жат жерли болған бай жигиттиң қасында жүретуғын жигитлер ҳәм қызлар пайда болыпты, өйткени ол олар ушын да төлемлерди төлеп жүрди. Жас жигит өзине дослар таўып алдым деп ойлапты. Бирақ олар ҳақыйқый дослар емес еди, оларға тек ғана оның ақшасы керек еди. Бундай өмир жас жигитке үлкен ҳәзлик келтирипти. Ол саяхат қылыпты, көплеген кеўил көтеретуғын орынларға барыпты, кәйпи-сапа қылып, өзиниң ҳәр бир қәлеўин қанаатландыра алатуғын еди. Өзиниң туўған үйи ҳаққында есине де алмапты. Бундай жеңил өмир оны өзине тартып кеткени соншелли, жас жигит ҳәр күн өткен сайын ақшасы соншелли азайып баратырғанын байқамапты..
Бир күни ол көп мийман келген қымбат баҳалы байрам кешеге төлейин деп атырғанда, төлемге ақшасы жетпейтуғынын түсинип, қорқып кетти.
– Мениң ақшам таўысылды, – деп гүңкилдеди ол, – сизлер маған жәрдем бериўиңиз керек! Себеби сизлер мениң досларымсыз!
Олар:
– Дослар? Бизлер мийманға шақырып болып, кейин төлей алмайтуғын адамлар менен дос емеспиз. Хош аман бол! – деп қарсылық билдирипти.
Усы сөзлерди айтып, олар кетип қалыпты. Ал жас жигит сол имараттың ийесине ақырғы ақшасын бериўге туўры келген еди, ал ол адам кейин оны қуўып жиберипти. Усы жағдайда жас жигит гезенделик етиўге кетипти ҳәм мүтәжлик деген не екенин тез арада билип алыпты. Усы ўақытлары сол елде күшли ашаршылық басланыпты. Сонлықтан да, ҳеш ким оған азғантай болса да аўқат бергиси келмепти. Ислеў ушын өзине жумыс та таба алмапты. Узақ ўақыт жумыс излеп жүрип, ол төлеми жүдә аз болған шошқа бағыўшылық жумысын таўыпты. Алдынлары жас жигит бундай жумыс ҳаққындағы гәптиң өзин масқарашылық, деп есаплайтуғын еди, бирақ оның менменлиги енди тамам болған еди. Ашлықтан асқазаны жуғырлап кетти. Ол шошқалардың ыдысынан жеўге де разы еди, бирақ хожайыны одан да жеўге қадаған қылып қойған еди.
Мине, ол шошқалардың арасында – үсти-басы патас, жыртылған, аш ҳәм хорланған ҳалда отырған еди. Усы узақ ўақытлар даўамында жас жигит биринши мәрте үйи ҳаққында еслепти.
Ол: «Мен қаншелли ақмақлық қылдым. Егер үйде қалғанымда жақсы болар еди! Әкемниң үйинде жалланған жумысшылары меннен гөре анағурлым жақсы жасап атыр», – деп ойланыпты.
«Не қылыў кереклигин билемен, – деп шешимге келипти ол. – Мен үйге бараман. Әлбетте, әкем маған және улындай етип мүнәсибетте болыўын күтпеймен. Оның маған болған әкелик орнын, мен әлле қашан-ақ жойтқанман. Бирақ ол мени аяп, әдеттеги беретуғын төлемин төлеп, жалланған жумысшы сыпатында жумыс ислеўиме жол қояр?»
Үйине баратуғын жол оған жүдә узақ, жеткермейтуғындай болып көринипти. Деген менен, ол узақтан әкесиниң үйин көрди. Жас жигит тоқтады.
Азғантай жол қалғанда, онда ҳал-дәрманы да қалмады, ал оннан қала берсе, әкесиниң алдында турыўға батылы жететуғынына да исенимли емес еди. Сонда ол өзине қарай жуўырып киятырған адамды байқады. Көзлерин қысып, узақтағыны көриўге күш салды. Бул оның әкеси еди! Ғарры адам қолларын былғап, шадланған даўысы менен бир нәрселерди айтып, бақыратуғын еди. Ырасында да әке оның қайтып келгенине қуўанып атыр ма? Оның буған исенетуғындай күши де жоқ еди. Шынында да әке ашыўланып атырған жоқ па, шынында да ол баласын бурынғыдай сүйе ме? Әке жақынлаған ўақытта, улы көз жаслары менен әсте сыбырлаған даўысы менен:
– Әке, мен сениң алдыңда сондай айыплыман. Мен гүна қылдым, енди сениң улың деп аталыўға ылайықлы емеспен. Мени кешир. Үйиңизде қалыўыма ҳәм хызметшиң болыўыма рухсат етсеңиз. Сизиң алдыңызда айыбымды жеңиллетиўим ушын, ең аўыр жумысты ислеўге таярман, – депти.
Әке баласын қатты қушағына басып, сүйди. Кейин екеўи де үйге қарай жүрип кетти. Ол жерде әке хызметшилерге:
– Тез болыңлар, ең жақсы кийим әкелип, оған кийгизиңлер! Бағып семиртилген баспақты әкелип сойыңлар! Бизлерде ишип-жеп, байрамлаўға себеп бар! Мениң бул улым өлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды! – депти.
СОРАЎЛАР:
1. Ийса парисейлерге қандай ўақыя айтып берди?
2. Усы тымсалдан қандай сабақ алсақ болады?
3. Усы тымсалдағы әке ҳәм генже ул сизге кимди еслетеди?