Мухаддес Китап ўақыялары 75 bob

Ийсаның балаларды жарылқаўы

Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 18-бап, 15-17 аятлар.

Ийсаның балаларды жарылқаўы Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 18-бап, 15-17 аятлар.

Ийсаны көплеген халық дөгереклеп турған күнлердиң бири еди. Ол халыққа Қудай ҳәм Аспан Патшалығы ҳаққында айтып берип атыр еди, Ол диний муғаллимлердиң дузаққа түсириў ушын ҳәм сум сораўларына сабыр менен жуўап берер еди ҳәм көплеген аўырыўларға шыпа берип атырған еди.

Оның дөгерегине көп сандағы халық жыйналған еди. Сонда ер ҳәм ҳаяллар топары баллары менен Ийсаға қарай жақынлады. Аламан ишинен биреў:
– Азғантай тоқтап турың, қаяққа өтежақсызлар? – деди. Бир ҳаял:
– Ийсаның алдына, Ол балаларымызды жарылқасын, – деп жуўап берди.
Сол турғанладың бири:
– Балалар! – деп жақтырмай қатты сөйледи.

 

– Балалар менен шуғылланыўдан басқа Ийсаның әҳмийетли иси жоқ шығар! Ол жерде шыпа күтип турған аўырыўларды көрип турған жоқсыз ба? Ол салдамлы ҳәм әҳмийетли болған Қудайдың патшалығы ҳаққында айтып атырғанын еситип турған жоқсыз ба? Ал сизлер болсаңыз, ҳеш нәрсени аңлатпайтуғын балаларыңыз бенен, ҳәттеки жаңа туўылған бөпелериңиз бенен келип турсызлар! Олардың бири:
– Балалар ҳәммесин түсиниўи шәрт емес, бирақ олар Қудайдың оларды сүйетуғынын түсине алады. Сонлықтан мен Ийсадан сорамақшыман, Ол оларды... – деп атырғанда, оған:
– Ол қымбат баҳалы ўақыт саатын балалар ушын қурыдан-қуры босқа сарпламайды, – деди.
– Илтимас, бизлерди өткерип жибериң!
Бул сөйлесиўлер көтериңки даўыслар менен шығып кетти. Ийса тартысып атырғанларға дыққатын қаратты да, былай деди:
– Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер, оларға тосқынлық жасамаңлар. Өйткени Қудайдың Патшалығы усындайлардики!

Шәкиртлери Ийсаға таң қалып, қарады. Ата-аналар балалары менен қуўанғанынан аламан ишинен Ийсаның алдына келди. Өзлерин исенимсиз сезген шәкиртлер енди не болады екен, деп көриў ушын жақынлады.
Оларға қарата Ийса:
– Сизлерге шынын айтаман: ким де ким Қудайдың Патшалығын кишкене бала сыяқлы қабыл етпесе, ол оған кире алмайды, – деди.
Кейин Ийса кишкене балаларды бирме-бир қолына алып, оларды жарылқады, ал үлкенирек балаларға болса қолын қойып, оларды жарылқады.
 

СОРАЎЛАР:


1. Шәкиртлер не ушын балаларды Ийсаның алдына жибериўди қәлемеди?
2. Ийса Қудайдың Патшалығын кишкене бала сыяқлы қабыл етпесе, ол оған кире алмайды, дегенде нени нәзерде тутқан еди?



Shu bobni eshitish:


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.