Лазардың тирилиўи
Мухаддес Китап, Юхан жазған Хош Хабар, 11-бап, 1-45 аятлар
Битаниядан болған Марта менен Мәриямның әжағасы Лазар қатты аўырып атырған еди. Оның қарындаслары оны өлип қалады, деп қорқты, соның ушын олар Ийсаға:
«Ийем, Сениң жақсы көретуғын адамың аўырып атыр», – деп хабар жиберди. Ийемиз Ийса гәп ким ҳаққында екенин билетуғын еди, бирақ Ол қәўетерленбеди. Ол:
– Бул аўырыўдың изи өлим менен жуўмақланбайды, ал Қудайдың уллыланыўы ушын болады, – деп жуўап берди.
Ийса Лазардың аўырып атырғанын еситсе де, Өзи болып атырған жерде және еки күн қалды, соңынан Ол:
– Достымыз Лазар уйықлап қалды. Бирақ Мен оны оятыў ушын кетип баратырман, – деди.
Шәкиртлери екиленип қалды, бирақ Ийса:
– Лазар өлди. Сизлердиң исениўиңиз ушын, Мениң сол жерде болмағаныма сизлер ушын қуўанышлыман. Ал енди оған барайық, – деди.
Ийса Битанияға келгенде, Лазардың қәбирде жатқанына әлле қашан төрт күн болған еди. Сол аўылда адамлар көп еди, өйткени көплеген яҳудийлер Ерусалимнен ҳәм дөгерек әтираптан Марта менен Мәриямға кеўил айтыў ушын келген еди. Марта Ийсаның аўылға жақынлап қалғанын еситип, Оны күтип алыў ушын алдына шықты. Мәриям болса үйде қалған еди. Ийса менен ушырасып, Марта Оған:
– Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам өлмес еди. Бирақ ҳәзир де Сен Қудайдан не сорасаң да, Қудайдың Саған беретуғынын билемен, – деди.
Ийса оған:
– Сениң әжағаң тириледи, – деди.
– Ақыреттеги қайта тирилиўде оның да қайта тирилетуғынын билемен, – деди Марта.
Ийса оған:
– Мен қайта тирилиў ҳәм өмирмен. Маған исенген адам өлсе де, жасайды. Маған исенип жасап атырған ҳәр бир адам ҳеш қашан өлмейди. Усыған исенесең бе? – деди.
Марта Оған:
– Аўа, Ийем. Сениң дүньяға келетуғын Масийх, Қудайдың Улы екениңе исенемен, – деди.
Марта усыны айтып болып кетип қалды ҳәм Мәриямды шақырып алып:
– Устаз усы жерде, сени шақырып атыр, – деп оған сыбырлады.
Мәриям буны еситиўден тез орнынан турды да, Ийсаның жанына кетти.
Мәриям Ийса турған жерге келгенде, Оны көрип, аяқларына жығылды ҳәм дад салып жылады. Мәриямның ҳәм оның менен келген яҳудийлердиң жылағанын көргенде, Ийса руўхый қыйналып, жаны ашыды. Кейин Ол:
– Оны қай жерге қойдыңлар? – деп сорады.
Оған көрсетти. Сол жерге жақынлап барып, Ийса көзине жас алды ҳәм Лазар жатқан қәбирдиң аўзындағы тасты алып таслаўды буйырды. Бир неше адам аўыздағы тасты домалатып, бир шетке қойды.
Ийса көзлерин аспанға тигип, былай деди:
– Әке! Мениң тилегимди еситкениң ушын, Саған миннетдаршылық билдиремен. Ийса усыларды айтып, бәлент даўыс пенен:
– Лазар, сыртқа шық! – деп бақырды.
Сонда мүмкин емес ўақыя жүз берди! Сонда аяқ-қоллары кепинлик пенен оралған, бети орамал менен байланған өли тирилип, сыртқа шықты. Ийса оларға:
– Оны шешиндирип жибериңлер, кете берсин, – деди.
Солай етип, Ийсаның қылған ислерин көрген яҳудийлердиң көбиси Ийсаға исенди.
СОРАЎЛАР:
1. Лазардың қайсы қарындасы аўылдан Ийсаны күтип алыў ушын алдына шыққан еди? Ол Ийсаға не деди?
2. Ийса «Мен қайта тирилиў ҳәм өмирмен», деп айтқанда нени нәзерде тутқан еди?
3. Кәрамат қалайынша жүз берди?