Соқырдың шыпаланыўы
МухаддесКитап, Маркжазған Хош Хабар, 10-бап, 46-52 аятлар.
Ийса шәкиртлери менен Ериходан шығып, Ерусалимге баратырғанда, ҳәммеге таныс болған гедей Бартимей жолдың бойында отырған еди. Бартимей соқыр еди, өз азығы ушын жумыс ислей алмайтуғын еди, сонлықтанда, тиленшилик етиўге мәжбүр еди. Ҳәр күни соқыр жүзи қайғыға батқан ҳалда жол бойында отырар еди. Ол дүньяны: адамларды, гүллерди, таўларды ҳәм тегисликлерди көриўди әрман ететуғын еди. Бир күни ол Ийсаның соқырлардың көзин ашып атырғанын еситти. Сонда Бартимей: «Егерде Ийса мениң көзиме шыпа берсе, қандай жақсы болар еди. Бирақ мен соқыр болсам, Ийсаны қалай табаман?» – деп ойланды.
Бир күни Бартимей өз орнында отырғанда, көшеде қандай да өзгеше нәрселер жүз берип атырғанын түсинди. Ол екиленбестен өтип баратырған адамлардан не болып атырғанын түсиндириўди сораўға урынды:
– Ҳәй, ол жерде не болып атыр?
Биреў оған:
– Ийса өтип баратыр! – деп жуўап берди.
– Ийса?!
Бартимей толқынланып, ҳәўлиреп кетти. Ол қатты даўыслап:
– Ийса, маған жәрдем бер! Ийса, маған реҳим ете гөр! – деди. Сол жерден өтип баратырған бир адам, оған үнин шығармаўын айтып:
– Тыныш! Булай қатты бақырма! Ийсаның әтирапында әлле қашан жетерли халық топланған. Тек ғана сениң даўысың жетпей тур еди! – деди.
Бирақ Бартимей адамлардың сөзине қулақ салмады. Ол:
– Ийса, маған жәрдем бер! – деп бақырыўын даўам етти.
Ийса Бертимейдиң даўысын еситип, тоқтады.
Ийса:
– Бақырып атырған адамды Мениң алдыма алып келиң! – деди.
Шәкиртлер Бартимейдиң қасына келип:
– Ийса сени еситти ҳәм шақырып атыр. Оның алдына бар. Бартимей орнынан ушып турып, Ийсаның алдына келди. Кимдур оның қолынан услап, топланған адамлардың арасынан Ийсаның алдына барыўына жәрдем берди. Бартимей:
– Сен ушын не ислеўимди қәлейсең? - деген мийримли даўысты еситти.
– Устаз! Көзлерим көретуғын болсын! – деди ол ентигип.
Ийса оған:
– Көзиң ашылсын! Исенимиң сени қутқарды, – деди.
Сол ўақыттың өзинде Бартимейдиң көзи көретуғын болды! Бир сәттиң өзинде-ақ оны ашық жарықлық қаплап алды! Өмиринде биринши мәрте ол дүньяның сүлдерлериниң ҳәм реңлериниң ҳәр түрлилигин көрди! Бул ақылға сыймайтуғын дәрежеде болды! Енди ол алдында турған Ийсаны да көре алатуғын болды. Оның жүзинде сондай сүйиспеншилик ҳәм ийгилик көринип турған еди! Бартимей усындай мийрим түсирген Ийеге қалай миннетдаршылық билдирерин билмеди! Ол кишкене баладай болып, қуўаныштан секирди ҳәм Қудайды алғыслады. Ийса Өз дослары менен жолын даўам еткенде, ол да олардың изине ерди.
СОРАЎЛАР:
1. Ериходағы соқыр адамның аты ким еди?
2. Соқыр адам Ийсаны ким деп атады? Ол Ийсадан не сорады?
3. Оның көзи ашылғанда, ол не қылды?
Ийса Масийхтың дәўириндеги үй ҳәм өмир