Зақай менен ушырасыў
Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 19-бап, 1-10 аятлар
Ерихода салықшылардың баслығы Зақай жасайтуғын еди. Ол атақлы ҳәм бай адам еди. Оның жумыс орны Ерихо дәрўазасына жақын жерде жайласқан еди. Сол жерден ҳәмме ўақытта қалаға келетуғын саўдагерлер өтетуғын еди. Зақай оларды тоқтатып:
– Тоқтаң! Бул жерде салықты төлемей ҳеш кимниң де өтиўге ҳақысы жоқ. Еки гүмис теңгеден, пулыңызды төлеңлер, бул рим ҳүкиметиниң нызамы тәрепинен орнатылған, – дейтуғын еди.
Сонда жолаўшылар тисленип турып, ақшасын шығарып берер еди, ал Зақай қуўанар еди.
Себеби сондай ўақытта, оның байлығына байлық қосылар еди. Ол Рим ҳүкиметине тек ғана бир гүмис теңге берип, екиншисин өзине қалдыратуғын еди. Аўа, ол жийи күлип жүретуғын еди, бирақ оны ҳеш ким жақтырмағанлықтан ол бахытлы емес еди. Ол көп адамлардың ғәзебине тийер еди. Әлбетте, усындай қарым-қатнасқа ийе болғанына Зақайдың өзи айыпкер екенин ол жақсы билетуғын еди. Себеби ол надурыс ис-ҳәрекет еткен еди.
Бир күни Зақай тез арада Ерихоға Ийсаның келетуғыны ҳаққында бир неше адамлардан еситти.
– Ийса ма? – деп Зақай қәўетерге түсти.
«Ийса! Мен де Оны көриўим керек, себеби Ол атақлы адам-ғо.
Ҳәмме Ийсаны адамларды сүйеди, деп айтады, бирақ Ол мени, әлбетте, жақсы көрмейди, – деп ойлады Зақай. – Мени ҳеш ким сүймейди. Деген менен, мен Оны көриўди жүдә қәлеймен».
Зақай қол астындағы адамға жумысын тапсырып, Ийса өтиўи керек болған көшеге қарай шығып кетти. Ал ол жерде әлле қашан Ийени көриўди қәлеген көп адамлар жыйналған еди! Зақай бойы кишкене болғанлықтан, аламан ишинен Ийсаны улыўма көре алмас еди. Зақай не қылыўы керек еди? Көшеде жүз берип атырғанды көриў ушын, ол қандай да бир бийиклеў жерге миниўи керек еди. Жақын жерде ол теректи көрди. Әне, сол жерге миниў керек! Адамлар салықшылардың баслығының терекке өрмелеп атырғанын көрип, күлди. Бирақ Зақай оларға итибар бермеди. Оған не болса да, бәрибир Ийсаны көриўди қәледи. Мине, Ийса он еки шәкирти менен бирге көринди. Олардың изинен көп халық ерип киятыр еди. Зақай төменде, ол отырған теректиң төменинде болып атырған ўақыяларға дыққат пенен қарады.
Бирақ Ийса оның қасынан өтип кетпеди! Ол теректиң астына келгенде тоқтады да, жоқарыға қарап, даўыслап:
– Зақай, тезирек төмен түс! Бүгин сениң үйиңде қалыўым керек, – деди.
Зақай: «Ол мениң атымды қаяқтан биледи? Не ушын Ол тап мениң үйиме барыўды қәлеп атыр?» – деп таң қалды.
Деген менен, ойланып отырыўға оның ўақты жоқ еди. Зақай асығыслық пенен теректен түсти де, Ийсаны шәкиртлери менен бирге үйине алып барды. Үйине бара сала, дәрҳәл қонақ асын таярлаўды ҳәм үйинде бар болған ең жақсы азық-аўқатларды дастурханға жайыўды буйырды. Зақай Ийса менен жеке танысқаны ушын жүдә қуўанышлы болды. Адамлардың айтқанларының ҳәммеси дурыс болып шықты: Ийса оны жаман көрмеди. Ол ҳәмме адамларды сүйди. Ҳәттеки, барлық дөгеректегилердиң өмир тәризин билетуғын Зақайға уқсағанларды да сүйди.
Зақайдың жүрегинде үлкен өзгерис жүз берди. Ол Ийса менен сәўбетлесип, өз өмириниң гүнаға толы екенин түсинди ҳәм буның ушын тәўбе етти.
Түслик ақырлап қалғанда, Зақай Ийсаға ўәде етип:
– Ийем, мал-мүлкимниң ярымын жарлыларға беремен. Егер кимниң ҳақын жеген болсам, төрт есе артығы менен қайтарып беремен, – деди. Зақай Ийсаның үйине келгени ушын жүдә қуўанышқа толған еди. Ийса менен көрискеннен соң, салықшыда жаңа өмир басланды.
Ендигиден былай, ол Қудай нени қәлесе, сондай өмир сүриўди қәледи. Зақайдың үйине дейин Ийса менен бирге барған көп адамлар, буған наразылық билдирип:
– Не ушын Ийса усындай адамның үйине барады? Бул өтирикши менен бизлер ҳәттеки сөйлеспеймиз де. Оннан қала берсе, ҳеш ким оның менен бирге бир дастурханда аўқат жеўди қәлемейди. Ал Ийса оның үйине баратыр, ал бизлерге келмейди! – деди.
Адамлар ҳәмме ўақытта Ийсаны түсинбеди. Ийемиз Зақайға:
– Бүгин сениң үйиңе қутқарылыў келди! Енди сен қутқарылдың ҳәм Қудайдың халқына тийислисең. Мен бул дүньяға сен сыяқлы гүнакарларды таўып, қутқарыў ушын келдим! – деди.
СОРАЎЛАР:
1. Зақайдың жумысы қандай еди?
2. Зақай Ийсаға нени ўәде етти? Не ушын ол усындай шешимге келди?
3. Ийса бул дүньяға не ушын келген?