Мухаддес Китап ўақыялары 79 bob

Ийсаның Ерусалимге кирип келиўи

Мухаддес китап, Матта жазған Хош Хабар, 21-бап, 1-11аятлар

Ийсаның Ерусалимге кирип келиўи Мухаддес китап, Матта жазған Хош Хабар, 21-бап, 1-11аятлар

Қутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди. Ийса шәкиртлери менен Бетфагеден Ерусалимге қарай жол жүрип кетти. Көп адамлар олар менен бирге жүрди. Усы ўақытқа дейин Ийса Ерусалимде Оны үлкен азап күтип турғанын бир неше мәрте айтқан еди. Деген менен Оның бул келиси, дәслеп салтанатлы түрдеги жүристи еслететуғын еди. Қуўанышлы түрде аламан жеңис ҳәм азатлық мәнисин беретуғын пальма ағашының жапырақларын былғап ҳәм төсеп, Ийени күтип алды. Демек, Ийсаны күтип алып атырған ерусалимлилер Оны узақ ўақыттан берли күтип атырған әрманларын орынлайды, деп үмит еткен еди. Пайғамбарлар арқалы Қудайдың ўәде еткен Яҳудий Патшасы, Миссия оларды римлилердиң қол астынан азат етиўи керек! Насыралы Ийса усы Патшаның ўазыйпасына басқаларға қарағанда анық туўры келетуғын еди! Ийемиз тек ғана аламанның кеўиллерин емес, ал Қудайдың Ийса ҳаққында Зехария пайғамбар арқалы айтқан Мухаддес Жазыўды да билетуғын еди: «Мине, сениң Патшаң ешекке, жас ешекке, гүрреге минип кишипейиллик пенен саған киятыр!».  
Аспандағы Әкесиниң еркин орынлаў ушын, Ийса жас ешекти әкелиўи ушын шәкиртлерин жақын жердеги аўылға жиберди.
Шәкиртлери Ийсаның айтқанларын орынлады. Жас ешекти Оған әкелип, өз кийимлерин ешектиң үстине төседи ҳәм Ийемиз ешектиң үстине минди. Оның изине ерип жүрген халық қуўанысып:
– Даўыттың Урпағына ҳосанна! Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын жарылқансын! Ең жоқарыда ҳосанна! – деп бақырысты.
 

Әййемги еврейше «ҳосанна» деген сөз: «Жаратқан Ийе, жарылқап, қутқара гөр!» деген мәнисте. Базы адамлар: «Ҳалилуя!»,- деп те бақырысты, бул сөзди аўдарғанда «Қудайға алғыс-мақтаў айтың!»,- деген мәнисте. Күтип алып атырған адамлар да әсте-әсте усындай көтериңки кейпиятқа бөленди. Ҳәммеси Қудайды даўыслап алғыслады:

  – Ийса, Сен бизлерге жәрдем бериў ушын, Қудай тәрепинен жиберилген Адамсаң!
Адамлар Ийсаны күтип алыў ушын, пальма шақаларын кесип алды ҳәм еле де даўыслап:
 
  – Сени алғыслаймыз! Сен Қудайдың Елшиси болып келдиң! Сен Патшамызсаң! Сен бизлерге тынышлық алып келесең! – деп бақырысты.
Патшалардың алдына төселетуғын узын гилем-паластың орнына, адамлар өз кийимлерин ҳәм жапқышларын шешип алып, шаңлы жерге төседи. Олар Ийсаның – ўәде етилген Қутқарыўшы екенин усылай көрсетиўди қәледи. Ийса олардың патшасы болыўы керек!

Өтип баратырған адамлардың ҳәммеси усы шадланып, бақырысып атырған аламанға қосылды. Қай жаққа қарасаң да, ҳәмме жерде қуўанышлы жүзлер, күле шырай берген, жигерленген даўыслар ҳәм шадлы бақырыслар.

Деген менен, ол жердегилердиң ҳәммеси бул қуўанышқа қосылмады. Парисейлердиң базылары бул шадланыўларға қабақларын үйип қарады ҳәм Ийсаның қасына келип:

  – Буны тоқтат! Егер римлилер адамлардың Сени патша, деп атап атырғанын билип қалса, Сенде машқала пайда болады. Себеби олар не деп даўыслап айтып атырғанын да түсинбейди. Оларға үнлерин өшириўин айт, – деди.
Парисейлер Ийсаны көре алмады, өйткени олардың өзлеринен гөре, Ийса әпиўайы халықтың ишинде Өз тәсирин тийгизетуғын ҳәм атақлы болып кетти. Олар яҳудийлер арасындағы өз абырайынан ҳәм тәсир өткизиўинен айырылып қалыўдан қорқты.
Ийса:

– Яқ, егер бул адамлар үнсиз қалса, онда таслар сөйлеп баслайды. Олар Қудайға алғыс айта берсин! – деди. Бирақ усының менен бирге Ийемиз бүгинги даўыслап Оған алғыс айтып атырғанлар, бир неше күннен соң Оны сатып, Оннан жүз буратуғынын да билетуғын еди. Ал олардың сүйиспеншилиги тез арада жек көриўшиликке өзгерип, Оны атанақ ағашқа шегелейди.

 

СОРАЎЛАР:


1. Ийсаның изине Ерусалимге дейин ерип барған адамлар, Оннан нени күткен еди?
2. Ийса Ерусалимге қай тәризде кирип барды?
3. Ийса ушын не әҳмийетлирек еди: патша болыў ма ямаса атанақ ағашта қыйналып, Өз Әкесиниң еркин орынлаў ма? Не ушын?



Shu bobni eshitish:


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.