Мухаддес Китап ўақыялары 8 bob

Ўәде етилген ул

Муқаддес Китап, Жаратылыс китабы,15-бап;18:1-22; 21:1-6 аятлары.

   Ибрайым ҳәм Сара Қанан жеринде шатырда жасады. Оларда перзент жоқ еди. Ибрайым ҳәм Сара қартайған еди: Ибрайым жүз жаста, ал Сара тоқсан жаста еди.

   Бир күни Қудай Ибрайымға былай деди:

  • Аспанға қара. Нени көрип турыпсаң?

   Аспан жулдызға толы еди, олар сансыз көп еди. Сонда Қудай:

– Сениң урпағың аспандағы жулдызлардай көп болады ҳәм олар Қанан жеринде жасайды. Гүнакар адамлар болса бул жерден қуўылады, – деди.

Ибрайымның перзентлери жоқ еди, бирақ ол Қудайдың Өз ўәдесин орынлайтуғынына исенди. Ибрайым Қудайдың ўәделерине исенип дурыс қылды, себеби Қудай ҳәмме ўақытта ҳақыйқатты айтады ҳәм ҳәр дайым Өзиниң сөзин орынлайды.

   Бир күни Ибрайым шатырдың алдында отырған еди. Күн түски ўақытқа жақынлаған еди, шатырға жақынлап киятырған адамларды көрди. Ибрайым олардың алдына шығып, ийилип сәлем берди. Ибрайым жолаўшылардың биреўине:

– Мырзам, илтимас, мениң шатырыма кириң. Аяқларыңызды жуўыўыңыз ушын аз-маз суў алдырайын. Жейтуғын бир нәрселер әкелейин, соң жолыңызды даўам етерсиз, – деди.

   Бул үш жолаўшы Ибрайымның үйинде дем алып қалыўға қайылшылығын билдирди.

 

Сизлер қалай ойлайсызлар бул адамлар ким еди? Олар периштелер еди. Олар аспаннан келип, Қудайдан қуўанышлы жаңалық алып келген еди. Билесизлер ме, Қудай гейпара ўақытлары Өз периштелерин адамларға Өзиниң еркин айтыў ушын жибереди?

 

   Периштелер шатыр алдындағы саяда отырды, ал Сара болса шатыр ишинде еди. Ибрайым Сараға:

– Ең жақсы унды ал да, нан исле! – деди.

   Кейин Ибрайым ең жақсы баспақты алды да қулларының бирине:

  • Усыны дәрҳәл писирип, таярла, – деди.

   Ҳәмме нәрсе таяр болғанда, Ибрайым жолаўшыларға жеп-ишиў ушын азық-аўқат берди. Олар жеп боламан дегенше, Ибрайым олардың қасындағы теректиң астында турды.

   Аўқат ўақтында мийманлардың биреўи:

  • Сениң ҳаялың Сара қаяқта? – деп сорады.

   Ибрайым жуўап берип:

– Шатырдың ишинде, – деди.

   Сонда ол былай деди:

– Келеси жылы усындай ўақытта Мен сениң жаныңа сөзсиз қайтып келемен, сол ўақытта Сара уллы болады.

   Сара оны тыңлап турған еди, оның әлле қашан жасы өтип, қартайып қалған еди, соның ушын исенбей ол ишинен күлди.

  • Не ушын Сара күлип атыр? Ол ҳақыйқаттан да ул туўады! Жаратқан Ийе ушын мүмкин емес нәрсе бар ма? – деди периште.

   Қонақлар турып, өз жолын даўам етти. Ибрайым оларды шығарып салыў ушын бирге жүрди де, кейин шатырына қайтып келди.

   Қудай Өз ўәдесин еске алды ма? Әлбетте, бир жылдан кейин шынында да Сара ул туўды! Оған Ысақ деп ат қойды. Ибрайым ҳәм Сара жүдә бахытлы еди. Ысақ ата-анасына бойсынып өсти ҳәм  Қудай оны сүйетуғын еди.

 

Қудай Өз ўәдесин орынлады. Ол Ибрайым менен Сараның ул перзенти болады деген еди ҳәм Ол оларға ул берди. Ибрайым Қудайдың ўәдесине исенип дурыс қылды. Қудайға усындай исеним мақул болды ҳәм бул арқалы «Ибрайым ҳақ деп аталды».
 

Қудайдың ўәдеси толық исениўге ылайықлы, өйткени Жаратқан Ийе ҳәмме нәрсеге қәдир ҳәм Оған ҳеш қандай мүмкин емес нәрсениң өзи жоқ!

 

1. Қудай Ибрайымға қаншелли көп урпақ беремен, деп ўәде еткен еди?

2. Ибрайым жолаўшы сыпатында болып келген периштелерди қалай күтип алды?
3. Олар Ибрайым менен Сараға қандай хабар алып келди?
4. Қудай Өз ўәдесин орынлады ма?
5. Қудай не ушын Ибрайымды қоллап-қуўатлады?  




Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16