Мухаддес Китап ўақыялары 81 bob

Ийсаның Бетанияда майланыўы

Мухаддес Китап, Юхан жазған Хош Хабар, 12-бап, 1-8 аятлар
Ийсаның Бетанияда майланыўы Мухаддес Китап, Юхан жазған Хош Хабар, 12-бап, 1-8 аятлар

Ийса Өз шәкиртлери менен Қутқарылыў байрамынан алты күн бурын Бетанияға келди. Ол әдеттегидей, Марта, Мәриям ҳәм Лазардың үйинде болды.

Келеси күни Олар ҳәммеси биргеликте Ийсаның Өзи мақаў кеселден шыпалаған Шимонның үйине қонаққа барды. Кешки аўқатқа Марта дастурхан жайып хызмет етти. Мәриям орнынан турып, қымбат баҳалы май қуйылған алавастр гүзени алды да, Ийсаның қасына барды. Ол гүзениң аўзын әсте ғана ашты да, майды Ийсаның басына ҳәм аяғына қуйды. Кейин ол узын шашын жайып, Ийсаның аяғын шашы менен сыпыра баслады. Пүткил үйдиң иши қымбат баҳалы майдың ийисине толып кетти. Сол жердегилердиң базылары Мәриямға ашыўланды. Олар қымбат баҳалы майдың усындай жол менен жоқ қылыныўына иши ашыды. Кейин ала Ийсаға сатқынлық қылатуғын Яҳуда Искариот:

– Не ушын бул май үш жүз динарға сатылып, ақшасы жарлыларға берилмеди? – деди.
Бул сөзлерди ол жарлыларды ойлағаны ушын емес, ал уры болғаны ушын айтты. Орталықтағы пулдың қутысы онда болып, ол қутыға салынғанлардан өзине алатуғын еди.

Ийса шәкиртлердиң наразылықларын тоқтатып, қатаң түрде:

 

– Ҳаялды тынышына қой! Ол буны Мениң жерленетуғын күним ушын сақлап қойған. Жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, ал Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман. Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның Мен ушын ислеген иси айтылатуғын болады, – деди.

 

СОРАЎЛАР:

1. Бетанияда Ийса кимниң үйинде болды? Ол қашан сол жерге барған еди?
2. Мәриям не қылған еди?
3. Мәриямның исине наразылық билдирген қайсы шәкирт еди?



Shu bobni eshitish:


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.