Мухаддес Китап ўақыялары 82 bob

Ақырғы Қутқарылыў байрамы

Мухаддес Китап, Юхан жазған Хош Хабар, 13-бап, 1-32 аятлар
Ақырғы Қутқарылыў байрамы Мухаддес Китап, Юхан жазған Хош Хабар, 13-бап, 1-32 аятлар

Израил халқында Қутқарылыў байрамы ең әҳмийетли байрам саналатуғын еди. Бул рет Ийса Өз шәкиртлери менен байрамды бирге өткизиўди қәледи. Ийса Петр менен Юханға:
 
– Қалаға барыңлар, ол жерде сизлерге гүзе менен суў көтерип киятырған адам гезлескенде, оның изине ериңлер. Ол кирген үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бөлмем қәне?“– деп сорап атыр», – деңлер. Ол сизлерге төсеклер төселип таяр турған жоқарыдағы үлкен бөлмени көрсетеди, – деди.
Шәкиртлер Ийсаның айтқанындай ҳәммесин орынлады.
Кеште олар Ерусалимдеги бир үйде кең бөлмеде жыйналып отырды ҳәм Ийса байрам дәстүринен өзгеше болған бир ис қылды.

Ол ләгенди алып, оған суў қуйды да, бир шәкиртиниң алдына келип, дизерлеп отырды ҳәм оның аяғын жуўа баслады. Бириншисиниң аяғын жуўып, Ол екиншисиниң, үшиншисиниң... аяқларын жуўа баслады. Шәкиртлер таң қалғанлықтан бир-бирине қарасып қойды. Бул нени аңлатыўы мүмкин? Бай адамлардың үйинде қонақлардың аяқларын жуўатуғын хызметшилери болатуғын еди. Бирақ Ийса олардың хызметшиси емес еди-ғо! Ол Устаз, Қудайдың Улы болады! Усыған қарамастан, Ол хызметшиниң ўазыйпасын ислеп атыр! Гезек Петрге келгенде, ол қарсылық билдирип:

– Мениң аяқларымды Сен ҳеш қашан жуўмайсаң! – деди.
Ийса оған қарады да, былай деди:
 

  – Егер Мен сениң аяқларыңды жуўмасам, Мениң менен қатнаста болмайсаң.
Сол ўақыттың өзинде Петр ойланып қалды. Бул жерде әпиўайы ғана оның аяғын жуўыў ҳаққында гәп болып атырған жоқ. Ийса бул ис-ҳәрекетке үлкен мәнини киргизип атыр. Ҳәммесиниң аяқларын жуўып болып, Ол және олардың қасында жамбаслап жатты.
Ол:

  – Мениң сизлерге не ислегенимди түсиндиңлер ме? – деди.
Шәкиртлер үндемеди, себеби олардың ҳәммеси ушын бул ис-ҳәрекеттиң мәниси түсиниксиз болып қалған еди. Ийса түсиндирип:

  – Мен сизлерге не ислеген болсам, сизлер де соны ислеўиңиз ушын, Мен сизлерге өрнек көрсеттим, – деди. Шәкиртлери: «Солай ислеў ме? Хызметшиге айланыў ма? Бирақ Ийса бизлерден усылай ислеўимизди негизинде талап қылыўы мүмкин емес-ғо!» – деп ойлады.
Ийса даўам етип:

  – Сизлер Мени Устаз ҳәм Ийем деп атайсызлар. Дурыс айтасызлар, себеби Мен Солман. Мен сизлердиң Ийеңиз ҳәм Устазыңыз бола тура, аяқларыңызды жуўған болсам, сизлер де бир-бириңиздиң аяқларыңызды жуўыўыңыз тийис, – деди.
Енди кешки аўқатты жеп баслаўға болады. Шәкиртлер аўқатты алып келди ҳәм Ийсаның дуўа етиўин күтти. Бирақ дуўа етпесинен алдын, Ийса Өзиниң өлими ҳаққында айтып, шәкиртлерин және бир мәрте таң қалдырды.

«Мениң үстимнен күледи, Мени азаплайды ҳәм өлтиреди. Бирақ үшинши күни өлимнен қайта тирилемен – бул сөзлер шәкиртлерди қатты қапа қылды, бирақ Ийемиз сөзин даўам етип, былай деди: – Мен азап шекпесимнен алдын, усы Қутқарылыў байрамын сизлер менен бирге өткериўди жүдә қәледим. Себеби кейинги байрамды Мен жаңа дүньяда, Қудайдың Патшалығында байрамлайман».
Олар аўқатланып отырғанда, Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти. Оны сындырып, шәкиртлерине берди де:
  – Алыңлар, бул – Мениң денем, – деди.

 

Соң кесени алып, Қудайға шүкирлик билдирди де, оларға берди. Оннан ҳәммеси ишти. Оларға:

– Бул – көп адамлар ушын төгилетуғын, жаңа келисимди бекитетуғын Мениң қаным, – деди.

Ол қасында отырғанларға кесени узатты ҳәм барлық шәкиртлери гезекпе-гезек оннан ишти. Кешки зыяпат ақырлап қалды. Қутқарылыў байрамын сол тәризде өткергени, алдынғыларға улыўма уқсамайтуғын еди. Шәкиртлер жүз берип атырған ўақыялардың кишкене бөлегин ғана түсинген еди. Деген менен, азғана ўақыт өткеннен соң, олар Ийениң сол Қутқарылыў байрамы кешесинде айтқан сөзлериниң мәнисин түсинип алады.

 

СОРАЎЛАР:


1. Ерусалимде Қутқарылыў байрамының кешесин ким таярлаўы керек еди?
2. Ийса не ушын Өз шәкиртлериниң аяқларын жуўды?
3. Ийса шәкиртлерине ҳәм Өзиниң изине ериўшилерге усы өрнек арқалы нени үйретпекши еди?
4. Ийе Өз шәкиртлерине қандай буйрық берди?




Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16