Ийса зәйтүн таўында
Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 22-бап, 39-46-аятлар
Ийса он бир шәкирти менен бирге Ерусалимге жақын жердеги ағып турған Кедрон сайының арғы жағасына кетти. Он екинши шәкирти, Яҳуда Исқариот олар менен бирге емес еди.
Қараңғы түнде олар Зәйтүн таўына қарай кетти, ол жерде Ийса Аспандағы Әкесине жийи дуўа ететуғын еди. Таўдың етегинде Гетсемани деген бағ бар еди. Ол жерде зәйтүн ағашлары өсип турған еди. Бағқа кирер аўызда Ийса шәкиртлерине былай деди:
– Усы жерде отырып турың, ал Мен арырақ барып, дуўа етемен, – деди.
Ал Петрге, Яқыпқа ҳәм Юханға Өзи менен бирге жүриўин айтты. Усы ўақыт саат Ийса ушын аўыр болды, Ол азап шекти ҳәм қыйналды. Ийемиз Өзин не күтип турғанын билетуғын еди. Барлық адамлардың гүналарының аўырманлығы Оған жүкленип турған еди. Ийса аўыр азап ҳәм атанақ ағаштағы өлимге баратыр еди. Оның тек ғана денеси аўыр-азап шегип қоймастан, ал алды менен, Ол руўхы ҳәм жаны шыдап болмас азапты көтериўи керек еди. Гүнасыз болған Ийса пүткил адамзаттың гүналары ушын жаза алыўы керек еди. Қайғы ҳәм азапқа толған Ийемиз Ийса Өзиниң сүйген шәкиртлерине:
– Жаным өлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, сергек болып турыңлар, – деди.
О, Әкем, егер Сен қәлесең, бул азап кесесин Меннен өткизип жибер. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын. Сонда аспаннан бир периште Ийсаға көринип, Оған күш берди. Ол азап шегип атырып, және де күшлирек дуўа етти. Оның тери жерге тамған қан тамшылары сыяқлы еди.
Лука жазған Хош Хабар 22:42-44
Ҳәр бир адам сыяқлы, Ийса Өз досларының қоллап-қуўатлаўына мүтәж болып, оларды Өзи менен бирге дуўа етиўге шақырды. Ийса олардан бир неше қәдем арырақ барып, дизерлеп отырды ҳәм жерге жығылып:
– Әке, Әкежаным! Саған ҳәммеси мүмкин. Бул азап кесесин Меннен аўлақ қыл. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын, – деп дуўа етти.
Ҳәр бир адам сыяқлы Ийемиз алдында күтип турған аўыр азаптан қашып қутылғысы келди, бирақ Өз Әкесине бойсыныўшы Ул болғанлықтан, Ол:
– Мениң ерким емес, ал Сениң еркиң болсын, – деди.
Ол азап шегип атырып, және де күшлирек дуўа етти. Оның тери жерге тамған қан тамшылары сыяқлы еди. Сонда аспаннан бир периште Ийсаға көринип, Оған күш берди. Ийса дуўа етип болып, орнынан турды да, Өзи менен бирге дуўа етиўге келген үш шәкиртиниң қасына келди. Бирақ олар дуўа етип атырған жоқ еди, Ийса олардың уйықлап атырғанын көрди. Ийса оларды оятып, Петрге былай деди:
– Шимон, уйықлап атырсаң ба? Уйықламай бир саат та отыра алмадың ба?
Усы сөзи менен Ийса Петрдиң Оның менен бирге болыўын ҳәм Оннан ҳеш қашан ўаз кешпеўин ўәде еткенин еслетиўди қәлеген еди. Ийса еки мәрте шәкиртлерине дуўа етиўде қоллап-қуўатлап турыўын айтты, бирақ Ол еки мәртеде де олардың жанына келгенде, олардың уйықлап атырғанының үстинен шықты.
Ийса үшинши рет қайтып келип, оларға:
– Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Болды, ўақыт келди. Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи. Турыңлар, кеттик. Қараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди.
СОРАЎЛАР:
1. Байрам кешесинен соң Ийса қаяққа барды?
2. Ийса Гетсимани бағында не қылды? Ол Өз Әкесинен не сорап дуўа етти?
3. Ийса Өз шәкиртлеринен не сорады?