Мухаддес Китап ўақыялары 85 bob

Петрдиң Ийсадан таныўы

Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 22-бап, 54-62-аятлар.
Петрдиң Ийсадан таныўы  Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 22-бап, 54-62-аятлар.

Жума күнги таң басланды. Ийсаны Каяфа деген бас руўханийге алып барды. Оның үйине диний муғаллимлер менен ақсақаллар жыйналған еди. Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы жалған гүўалық изледи. Петр бас руўханийдиң ҳәўлисине дейин Устазына узақтан ерип барды, сол жерде Ийсаны сораўға тутып атыр еди. Күн суўық болғанлықтан, хызметшилер менен сақшылар көмир жағып, жылынып турды. Петр де олар менен бирге турып жылынды. Қапыны қараўыллаған шоры қыз Петрден:

– Сен де бул Адамның шәкиртлеринен емессең бе? – деп сорады.

– Яқ, Яқ, – деп Петр оны дәрҳәл исендирди.
Солай етип, ол жақында ғана ҳеш қашан бундай қылмайман деп айтқан болса да, Ийсадан биринши мәрте бас тартты. Петр ҳәўлидеги оттың қасына бараман дегенше, дерлик бир саат ўақыт өткен еди. Ол Устазы ҳүким етилип атырғанда Оған не жүз берип атырғанының барлығын еситип, көрип турған еди. Аламан ишине жасырынып, ол ҳүкимниң тамам болыўын күтиўди қәледи. Бираздан соң, хызметшиниң бири Петрге қарап, былай деди:
– Сен де солардың бирисең!

Петр қарсылық билдирип:
– Ийса менен дейсең бе? Ол Адамды улыўма танымайман! – деди.
 

Усылай етип, ол Ийсадан екинши мәрте танды.
Сол ўақытта ҳүким залында қорқынышлы шаўқым көтерилди. Ийсаны түрткиледи, Оның үстинен күлди, базылары Оны ура баслады.
Усы жерде және биреў Петрге:

– Ырасында да, сен солардың бирисең. Бул сениң сөйлегениңнен анық билинип тур, – деди.
Петр Устазына қаншелли жаўызлық қылып атырғанын көрди, сонлықтан да, ол Оның қатарына қосылмаў ушын, былай деди:

– Мен бул Ийсаны танымайман!
Сол ўақытта-ақ, таза күнниң басланғанын хабарлап, қораз қышқырды. Сонда Петр өткен күндеги Қутқарылыў байрамы кешесинде Ийсаның: «Бүгин қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң», – деп айтқан сөзин еследи. Петр өзи танған Ийеге қарады ҳәм Устазының да оған қарап турғанын көрди. Петрди шерменделик ҳәм азап бийлеп алды. Ол қатты өкирип жылаўы менен ҳәўлиден сыртқа шығып кетти. Ол Устазының бул қарасын ҳеш қашан умыта алмады.

 

СОРАЎЛАР:


1. Петрди Ийсаның шәкиртлериниң бири сыпатында ким таныды?
2. Петр не деп жуўап берди? Бул неше мәрте қайталанды?
3. Петр не ушын өкирип жылады?



Shu bobni eshitish:


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.