Мухаддес Китап ўақыялары 9 bob

Ибрайымның Қудайға болған сүйиспеншилигиниң сыналыўы

Мухаддес Китап, Жаратылыс китабы 22 – бап

Ибрайымның Қудайға болған сүйиспеншилигиниң сыналыўы Мухаддес Китап, Жаратылыс китабы 22 – бап

                Ибрайым ҳәм Сараның шаңарағында улы Ысақ туўылыўы менен олардың шаңарағы және де бахытлы болды.Үшеўи ҳәм Қудайды ҳәм бир-бирин жақсы көрер еди. Ибрайым бай адам болғанын алдыннан билесиз. Бирақ оның жүреги айрықша бир «ғәзийне»ге – улы Ысаққа байланған еди. Ибрайым оны дүньядағы ҳәмме нәрседен гөре көбирек жақсы көрди, тек ғана оның Қудайға болған сүйиспеншилиги оннан да күшлирек еди.

                Бир күни Жаратқан Ийе Ибрайымның сүйиспеншилигин ҳәм Қудайға болған исениминиң  терең екенин билип, оны сынамақшы болды. Сонда Ибрайым Жаратқан Ийениң былай деп айтқан даўысын еситти:

  – Өзиң сүйген жалғыз улың Ысақты алып, Мен айтатуғын таўлардың биринде қурбанлық қыл.

                 Ибрайымға буны ислеў қыйын еди. Бирақ ол Қудай  буйырған ҳәмме нәрсени орынлаўды қәледи, себеби ол Қудайды пүткил жүреги менен сүйди. Ибрайым отын шаўып, ешекке жүкледи, өзи менен бирге Ысақ ҳәм еки хызметкерин алып, ҳәммеси жолға шықты. Сара үйде қалды. Жол узақ еди. Олар ерте таңнан кешке дейин жүрип, ўақты-ўақты менен дем алыўға тоқтап турды. Ысақ қай жерге кетип баратырғанын билмекши болды. «Әлбетте, әкемниң еле маған ҳеш нәрсе демегенине қарағанда, онда қандай да бир себеп бар болса керек», – деп ойлады ол.

               

Ибрайым сапарға шығыўының мақсети хаққында айтпаўының себеби бар еди. Бир күн бурын Қудай оған сондай бир қорқынышлы нәрсе айтты.  Ибрайым буны түсинип те жете алмады. Негизинде, Қудай Ысақтың өлимин улыўма қәлемеген еди. Бирақ Ибрайым Қудайдың буйрығының мәнисин түсинбесе де, бойсыныўға таяр ма я яқ па, соны сынап көриўи керек еди.

 

Бирақ, Ибрайым буны билмейтуғын еди. Ол ҳақыйқаттан да сүйген улын қурбан қылыўым керек деп ойлады ҳәм бул оны жүдә тəшиўишлендирди. Бирақ оған қаншелли аўыр болмасын, ол Қудайдың буйрығын орынлаўды қәледи.

  Ақыры олар бәлент таўға жетип барғанда, Ысақ қызығыўшылығын тыйа алмады.

  – Әке, мине отын ҳәм от. Бирақ жандырылатуғын қурбанлық ушын берилетуғын жанлық қәне? – деп сорады.

  Ибрайым бир аўыз сөз де айта алмады. Ол өзин тамағы қысып қалғандай сезди.

   – Балам, жандырылатуғын қурбанлықты Қудайдың Өзи жеткизеди, – деп ол зорға жуўап берди.

                Ибрайым үлкен қурбанлық орын салыў ушын таўға келип, тасларды жыйнай баслады. Ол таслардан қурбанлық орын қурып, оның үстине отынларды қалады. Кейин улы Ысақты байлап, қурбанлық орындағы отын үстине жатқарды ҳәм баласын баўызламақшы болып, пышақты көтерди.

  Сол ўақытта аспаннан:

  – Ибрайым,  Ибрайым! – деген бир даўыс еситилди.

Ибрайым қолында пышақ пенен балаға қарап қатып қалды:

  – Аўа, Ийем.

  – Балаға тийме! – деди даўыс. – Мине, сениң Маған бойсынатуғыныңды билдим, себеби жалғыз улыңды да Мен ушын қурбан қылыўға таяр екениңди кɵрдим.

 

  Ибрайымның жүреги тынышланды. Ол қуўанышқа толып, қурбанлық орын алдында дизе бүкти. Ол қалтыраған қоллары менен Ысақты босатып, орнынан турыўына жәрдем берди. Әке ҳәм ул қуўаныштан  қушақласып жыласты.

                 Олар қурбанлық орынға жақын жерде қошқардың даўысын еситти. Даўыс шыққан тəрептен Ибрайым ҳәм Ысақ шақлары путаға оралып қалған қошқарды көрди ҳәм улының орнына қошқарды қурбанлық ушын шалып, жағып жиберди.

Солай етип, Ибрайымның алдын айтқан сөзи оранланды: Жаратқан Ийениң Өзи қурбанлық ушын қойды алып келди.

                Таўдан түсип баратырғанда, олар жеңил тартып, қуўанышқа бөленди. Ысақ әкесиниң қолынан қатты услап алды. Екеўи де инсанды ҳәм Жаратқан Ийени сүйиў нени аңлататуғынлығы ҳәм соның менен бирге ҳеш қандай сүйиспеншилик ҳәтте оған исениў қаншелли қыйын болса да, Қудайдың инсанға болған сүйиспеншилигинен уллы емеслиги ҳаққында ойлап, түсинди.

 

        СОРАЎЛАР

  1. Не ушын Қудай Ибрайымға улын қурбан қылыўды буйырды?
  2. Ибрайым Қудайдың буйрығын орынлаўға таяр ма еди?
  3. Ибрайым Ысақты қурбан қылыўға таяр болғанында, оны не тоқтатты?



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16