Жаратылыс китабы 44 bob

Жойтылған гүмис кесе

Яҳуданың Бенямин
ушын жалбарыныўы

1 Юсуп өзиниң үй басқарыўшысына былай деп буйырды: – Бул адамлардың қапларын өзлери көтере алғанша азық-аўқатқа толтыр ҳәм ҳәр бириниң гүмисин қабының аўзына сал.
2 Ең генжесиниң қабының аўзына ғәлле ушын төленген гүмисине қоса, мениң гүмис кесемди де салып қой. Үй басқарыўшысы Юсуптиң айтқанындай етип иследи.
3 Ертеңине таң атыўдан, сол адамлар ешеклери менен бирге жолға атландырылды.
4 Олар қаладан узақлап кетпей турып, Юсуп өзиниң үй басқарыўшысына былай деп буйырды: – Бар, сол адамлардың изинен қуў. Жетип алғаныңнан кейин, оларға былай деп айт: «Не ушын сизлер жақсылыққа жаманлық қайтардыңыз?
5 Не ушын хожайынымның гүмис кесесин урлап кеттиңиз? Хожайыным оннан ишип, оны пал ашыў ушын қолланады- ғо. Сизлер жаман ис иследиңлер ».
6 Үй басқарыўшысы ағалы- инилилердиң изинен қуўып жетип, оларға усы гәплерди айтты.
7 Ағалы- инилилер оған: – Мырзамыз, не ушын бундай сөзлерди айтып турсыз? Сизиң қулларыңыз болған бизлер бундай ислерди ислеўден аўлақпыз.
8 Ҳәтте, бизлер қапларымыздың аўзынан тапқан гүмисти Қанан жеринен сизге қайтарып әкелип берген едик- ғо. Қалай бизлер хожайыныңыздың үйинен гүмис ямаса алтын урлаймыз?
9 Гүмис кесе қулларыңыздың қайсы биринен табылса, сол өлтирилсин, ал қалғанларымыз хожайынымызға қул болайық, – деди.
10 Үй басқарыўшысы: – Мейли, сизлер айтқандай болсын. Кесе кимнен табылса, сол мениң қулым болады. Ал қалғанларыңыз айыпсыз боласыз, – деди.
11 Олар дәрҳал қапларын жерге түсирип, аўызларын ашты.
12 Үй басқарыўшы үлкенинен баслап, кишисине дейин, ҳәммесиниң қапларын тексерип шықты. Кесе Беняминниң қабынан табылды.
13 Туўысқанлар қайғыдан кийимлерин жыртты ҳәм жүклерин ешеклерине артып, қалаға қайтып барды.
14 Яҳуда ҳәм туўысқанлары Юсуптиң үйине келгенде, ол еле үйде еди. Олар Юсуптиң алдында жерге жығылды.
15 Юсуп оларға: – Неге бундай иследиңиз? Мендей адамның пал ашып, билип алатуғынын билмедиңиз бе? – деди.
16 Сонда Яҳуда: – Мырзамызға бизлер не айта аламыз? Не деп түсиндире аламыз? Өзлеримизди қалай ақлай аламыз? Қудай қулларыңыздың айыбын әшкара етти. Бизлер де, кесе табылған адам да сизге қул боламыз, – деди.
17 Юсуп: – Яқ, мен бундай ислеўден аўлақпан. Кесе кимнен табылған болса, тек сол маған қул болады. Ал сизлер аман-есен әкеңиздиң алдына қайта бериң, – деди.
18 Сонда Яҳуда Юсупке жақынырақ келип былай деди: – Мырзам, маған бир сөз айтыўға рухсат етиң. Сиз фараон менен бирдей бийликке ийесиз, қулыңызға ашыўланбаң.
19 Мырзам, сиз қулларыңыз болған бизлерден: «Әкеңиз ямаса басқа туўысқаныңыз бар ма?» – деп сорағаныңызда,
20 бизлер сизге: «Ғарры әкемиз ҳәм оның қартайғанда көрген генже улы бар. Оның туўысқаны өлип, анасынан жалғыз қалған еди ҳәм әкемиз оны жақсы көреди », – деген едик.
21 Сонда сиз қулларыңыз болған бизлерге: «Оны маған алып келиң, бир көрейин », – деген едиңиз.
22 Бирақ бизлер сизге: «Бала әкесин таслап кете алмайды. Егер әкеси оннан айырылса, өлип қалады », – деген едик.
23 Сиз қулларыңыз болған бизлерге: «Егер генже иниңиз сизлер менен бирге келмесе, көзиме көринбең », – деген едиңиз.
24 Бизлер сизиң қулыңыз болған әкемизге қайтып барғанымызда, сизиң сөзлериңизди оған айтып бердик.
25 Әкемиз: «Және барып, бизлерге аз-маз азық-аўқат сатып алыңлар », – дегенде,
26 бизлер оған: «Бара алмаймыз, егер генже инимиз бизлер менен бирге барса ғана, барамыз. Генже инимиз бизлер менен бирге болмаса, ол адамның жүзин көре алмаймыз », – дедик.
27 Сонда қулыңыз болған әкемиз бизлерге: «Ҳаялым Раҳиланың маған еки ул туўып бергенин билесиз.
28 Биреўинен айырылдым. Оны бир ҳайўан тилким- тилким етип таслаған, соннан бери оны қайтып көрмедим.
29 Егер сизлер буны да алып кетсеңиз ҳәм ол бир бәлеге жолықса, онда сизлер мениң ғарры басымды сол қайғы менен өлилер мәканына жибересизлер », – деди.
30 Енди мен сизиң қулыңыз болған әкемизге қайтып барғанымда, оның жанынан артық көретуғын улы қасымда болмаса,
31 ол улының жоқ екенин көрип, өлип қалады. Сонда сизиң қулыңыз болған бизлер қулыңыз болған әкемиздиң ғарры басын сол қайғы менен өлилер мәканына жиберемиз.
32 Сизиң қулыңыз болған мен бул бала ушын басым менен жуўап беремен деп, әкеме: «Егер оны саған қайтарып алып келмесем, онда мен бир өмир сениң алдыңда айыпкер болайын », – дедим.
33 Сонлықтан енди баланың орнына сизге мен қул болып қалайын. Ал бала туўысқанлары менен бирликте қайта берсин.
34 Себеби бала жанымда болмаса, әкеме қалай қайтып бараман? Мен әкемниң басына түсетуғын бахытсызлыққа шыдай алмайман.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.