Матта жазған Хош Хабар 23 bob

1 Ийсаның диний муғаллимлер менен парисейлерди айыплаўы. 29 Жазаларыңызды тартасызлар! 37 Ийсаның Ерусалим туўралы қайғырыўы. 

1 Сонда Ийса халыққа ҳәм Ѳзиниң шәкиртлерине былай деди:
2 – Муўсаның орынлығына диний муғаллимлер менен парисейлер отырды.
3 Сонлықтан олардың сизлерге айтқанларының ҳәммесин де орынлаңлар. Бирақ, олардың ислегенин ислемеңлер. Себеби олар айтады, бирақ айтқанларын ѳзлери ислемейди.
4 Олар көтере алмайтуғын аўыр жүклерди байлап, адамлардың ийинлерине жүклейди. Ал өзлери оларды бармағы менен де қозғағысы келмейди.
5 Олар барлық ислерин адамлардың кѳзине түсиў ушын ғана ислейди. Маңлайларына ишлеринде Мухаддес Нызам аятлары жазылған қутыларын үлкен етип байлап, кийимлериниң шашақларын узын етип қояды.
6 Олар тойларда тѳрде, мәжилисханаларда сыйлы орында отырыўды жақсы кѳреди.
7 Базарда адамлардың ѳзлерине сыйлап сәлем бериўин ҳәм ѳзлерин «устаз» деп атаўын унатады.
8 Ал сизлер ѳзлериңизди «устаз» деп ататпаңлар, ѳйткени сизлердиң жалғыз-ақ Устазыңыз бар. Сизлердиң бәриңиз бир-бириңизге туўысқансыз.
9 Жер жүзинде ҳеш кимди де «әке» деп атамаңлар, ѳйткени сизлердиң жалғыз-ақ Єкеңиз бар, Ол аспанда.
10 Өзлериңизди «жолбасшы» деп те ататпаңлар, себеби сизлердиң жалғыз-ақ жолбасшыңыз бар, Ол – Масих.
11 Араңыздағы ең уллыңыз сизлердиң хызметшиңиз болсын.
12 Өйткени ким де ким өзин жоқары тутса, ол пәслетиледи, ким де ким өзин пәс тутса, ол жоқары болады.
13 Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Себеби сизлер адамларға Аспан Патшалығының есигин жабасызлар. Ѳзлериңиз де кирмейсизлер, киргиси келгенлерди де киргизбейсизлер.
14 -
15 Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер ѳз диниңизге бир адамды болса да енгизиў ушын теңизди де, қурғақлықты да айланып шығасызлар. Егер биреў енген болса, оны ѳзлериңизден де еки есе жаман дозақы қыласызлар.
16 Ҳәсирет шегесизлер, соқыр жетелеўшилер! Сизлер былай дейсизлер-ғо: «Ким де ким Ибадатхана менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли емес, ал ким де ким Ибадатханадағы алтын менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли».
17 Ҳәй, ақылсыз соқырлар! Ќайсысы уллырақ: алтын ба ямаса алтынды мухаддес қылатуғын Ибадатхана ма?
18 Және де: «Ким де ким қурбанлық шалынатуғын орын менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли емес, ал ким де ким оның үстиндеги қурбанлық пенен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли», – дейсизлер.
19 Ҳәй, соқырлар! Ќайсысы уллырақ: қурбанлық па ямаса қурбанлықты мухаддес қылатуғын қурбанлық шалынатуғын орын ба?
20 Солай етип, қурбанлық шалынатуғын орын менен ант етиўши адам орын менен де, орынның үстиндегилердиң ҳәммеси менен де ант еткен болады.
21 Ибадатхана менен ант етиўши адам Ибадатхана менен де, онда жасайтуғын Ќудай менен де ант еткен болады.
22 Аспан менен ант етиўши адам Ќудайдың тахты менен де, оның үстинде отырған Ќудай менен де ант еткен болады.
23 Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер жалбыз, анис, зийре сыяқлы ѳсимликлердиң оннан бирин Ќудайға бересизлер, бирақ Мухаддес Нызамдағы ең баслыларына: әдилликке, мийрим-шәпәәтке ҳәм садықлыққа кеўил бѳлмейсизлер. Буны да ислеп, оны да қалдырмаўыңыз керек еди-ғо.
24 Ҳәй, ширкейди сүзип таслап, түйени жутатуғын соқыр жетелеўшилер!
25 Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер табақ-кеселердиң сыртын тазалайсызлар, бирақ олардың иши нәпсиқаўлық ҳәм жүўенсизликке толған-ғо.
26 Ҳәй, соқыр парисей! Сен дәслеп табақ-кесениң ишин тазала, сонда олардың сырты да таза болады.
27 Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер ҳәкленген қәбирлерге уқсайсызлар: олар сыртынан сулыў болып кѳринсе де, иши ѳликлердиң сүйеклери менен патаслыққа толған-ғо.
28 Сол сыяқлы сизлер де сыртыңыздан адамларға ѳзлериңизди ҳақ адам етип кѳрсетесизлер, бирақ ишлериңиз еки жүзлилик пенен жаўызлыққа толы.
29 – Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер пайғамбарларға мазарлар орнатасызлар. Ҳақ адамлардың естеликлерин безеп:
30 «Егер де ата-бабаларымыздың заманында ѳмир сүргенимизде, пайғамбарлардың қанын тѳгиўлерине оларға шериклес болмас едик», – дейсизлер.
31 Солай етип, ѳзлериңиздиң пайғамбарларды ѳлтиргенлердиң урпағы екенлигиңизди дәлиллейсизлер.
32 Ата-бабаларыңыздың ислеген гүналарының мѳлшерин толықтыра бериңлер!
33 Жыланлар, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер қалай етип дозақ жазасынан қашып қутылмақшысызлар?
34 Сол себепли Мен сизлерге пайғамбарларды, даналарды, диний муғаллимлерди жиберемен. Сизлер олардың гейбиреўлерин ѳлтиресизлер, гейбиреўлерин атанақ ағашқа шегелейсизлер, басқаларын мәжилисханаларыңызда қамшылап, қаладан-қалаға қуўдалайсызлар.
35 Солай етип, ҳақ Абылдың қанынан баслап, Ибадатханадағы Мухаддесхана менен қурбанлық шалынатуғын орынның арасында сизлер ѳлтирген Барақияның улы Зекерияның қанына дейин, жер бетинде тѳгилген ҳақ адамлардың қанларының бәри де сизлердиң мойынларыңызға жүкленеди.
36 Сизлерге шынын айтып турман: булардың ҳәммеси ушын усы әўлад жазаға тартылады.
37 – Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды ѳлтириўши, Ќудайдың саған жибергенлерин тас пенен урыўшы қала! Ѳз шѳжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер.
38 Мине, үйиңизди Ќудай таслап кетип, ол қаңырап қалады.
39 Сизлерге айтатуғыным: «Ќудайдың атынан Келиўши жарылқанған!» – деп айтқанларыңызға дейин Мени қайтып кѳрмейсизлер.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.