Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 19 bob

1 Ҳалилуйя. 11 Ақ Атлы. 

1 Буннан соң, мен аспанда кѳп санлы аламанның даўысына уқсаған бєлент даўысларды еситтим. Олар былай деди: «Ҳалилуйя! Кутқарыў, уллылық ҳєм қүдирет Кудайымызға тийисли.
2 Себеби Оның ҳүкимлери туўры ҳєм єдил. Ол жер жүзин бузықшылығы менен ҳарамлаған уллы бузық ҳаялды ҳүким етип, Ѳз хызметшилериниң қаны ушын оннан ѳш алды».
3 Олар жєне даўыслап былай деди: «Ҳалилуйя! Бузық ҳаялдың жанған отының түтини мєңгиге бурқырап турады».
4 Сонда жигирма тѳрт ақсақал ҳєм тѳрт мақлуқ жерге жығылып: «Аўмийин! Ҳалилуйя!» – деди де, тахт үстинде отырған Кудайға табынды.
5 Соңынан тахттан шыққан бир даўыс былай деди: «Ҳєй, Кудайымыздың барлық хызметшилери! Оннан қорқыўшы үлкен-киши ҳєммеңиз, Оны алғыслаңлар!»
6 Соң мен үлкен аламанның даўысына, сарқырап аққан суўлардың шуўылдысына ҳєм күшли гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўысты еситтим. Сол даўыс былай деди: «Ҳалилуйя! Ѳйткени ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз патшалық етеди.
7 Шадланып, кеўил кѳтерейик! Оны даңққа бѳлейик! Себеби Козының неке тойы басланажақ, Оның қалыңлығы ѳзин таярлады.
8 Оған кийиў ушын, Таза, жарқыраған аппақ кѳйлек берилди». Таза, аппақ кѳйлек – мухаддеслердиң ҳақ ислерин билдиреди.
9 Сонда периште маған: – Былай деп жаз: «Козының неке тойына шақырылғанлар қандай бахытлы!» – деди. Ол жєне: – Бул сѳзлер – Кудайдың ҳақыйқат сѳзлери, – деди.
10 Мен оған табыныў ушын, аяқларына жығылдым. Бирақ ол маған былай деди: – Бундай қыла гѳрме! Мен де сен ҳєм Ийсаның гүўалығына ийе туўысқанларың сыяқлы, Кудайдың хызметшисимен. Кудайға табын! Ѳйткени Ийсаның гүўалығы – Мухаддес Руўх тєрепинен илҳамландырылған пайғамбаршылық сѳзлериниң тийкары, – деди.
11 Буннан соң, мен аспанның ашылғанын кѳрдим. Ол жерде бир ақ ат турған болып, атқа Мингенниң аты Садық ҳєм Ҳақыйқат еди. Ол єдиллик пенен ҳүким шығарып, саўаш жүргизеди.
12 Оның кѳзлери лаўлап жанған отқа уқсаған болып, ал басында болса кѳп санлы таж бар еди. Онда Ѳзинен басқа ҳеш ким билмейтуғын бир ат жазылған еди.
13 Ол қанға боялған кийим кийген болып, Оның аты – Кудайдың Сѳзи еди.
14 Таза ҳєм аппақ кийим кийген аспан лєшкерлери ақ атларға минип, Оның изинен киятыр еди.
15 Оның аўзынан ѳткир қылыш шығып турған болып, Ол сол қылыш пенен миллетлерди ѳлтиреди. Оларды темир таяқ пенен басқарады ҳєм ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудайдың қєҳєрли ғєзебиниң шарабын сығып шығаратуғын искенжени Ѳзи басады.
16 Оның кийиминде ҳєм санында: «ПАТШАЛАР ПАТШАСЫ ҲЄМ ҲҮКИМДАРЛАР ҲҮКИМДАРЫ», деген ат жазылған еди.
17 Соңынан мен қуяшта турған бир периштени кѳрдим. Ол бєлент даўыс пенен бақырып, аспанда ушып жүрген барлық қусларға былай деди:
18 «Патшалардың, єскербасылардың ҳєм күшли адамлардың, атлардың ҳєм атқа мингенлердиң, азат-қуллардың, үлкен-киши ҳєммениң ѳлигиниң етин жеў ушын бир жерге жыйналып, Кудайдың уллы зыяпатына келиңлер».
19 Сонда мен жыртқыш ҳайўанды, дүнья патшаларын ҳєм олардың лєшкерлерин кѳрдим. Олар атта Отырған менен ҳєм Оның лєшкерлери менен урысыў ушын бир жерге жыйналған еди.
20 Жыртқыш ҳайўан ҳєм оның алдында кєраматлар ислеген жалған пайғамбар қолға алынды. Жыртқыш ҳайўанның тамғасын қабыл етип, оның мүсинине табынғанларды ѳз кєраматлары менен азғырған – усы жалған пайғамбар еди. Олардың екеўи де күкирт жанған от кѳлине тирилей ылақтырылды.
21 Ал қалғанлар атта Отырғанның аўзынан шыққан қылыш пенен ѳлтирилди. Барлық қуслар олардың ѳлигиниң етин жеп тойды.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.