Жаратылыс 10 bob

Нухтың улларының урпақлары

1 Нухтың уллары Сам, Хам ҳәм Яфеттиң шежиреси мынадай: топан суўынан кейин олардан балалар туўылды.
2 Яфеттиң уллары: Гомер, Магог, Мадай, Яўан, Тубал, Мешех ҳәм Тирас.
3 Гомердиң уллары: Ашкеназ, Рифат ҳәм Тогарма.
4 Яўанның уллары: Элиша, Таршиш, Киттим ҳәм Доданим.
5 Булардан теңиз жағаларында жасаўшы халықлар өрбиди. Олар өз үлкелеринде ҳәр қыйлы тиллерде сөйлеп, халықлары ҳәр қыйлы қәўимлерге бөлинди.
6 Хамның уллары: Куш, Мысыр, Пут ҳәм Қанан.
7 Куштың уллары: Себа, Хаўила, Сабта, Раама ҳәм Сабтеха. Рааманың уллары: Шеба ҳәм Дедан.
8 Куштың және Нимрод деген де бир улы бар еди. Ол жер жүзиндеги биринши күшли жаўынгер болды.
9 Нимрод Жаратқан Ийениң алдында күшли аңшы болғанлықтан: «Жаратқан Ийениң алдында Нимрод сыяқлы күшли аңшы», – деген сөз келип шыққан.
10 Ол дәслеп Шынар* жериндеги Бабыл*, Эрех, Аккад ҳәм Калне қалаларында патшалық етти.
11 Соңынан ол сол жерден Ашшурға кетип, Ниневия, Рехобот-Ир, Калах қалаларын,
12 сондай-ақ Ниневия менен Калах арасындағы Ресен қаласын қурды. Ол уллы қала болды.
13 Мысырдан луд, анам, леҳаб, нафтух,
14 патрус, каслух ҳәм кафтор халықлары, ал каслух халқынан филист халқы келип шықты.
15 Қананнан туңғыш улы Сидон, кейин Хет туўылды.
16 Сондай-ақ ебус, амор, гиргаш,
17 хиў, арқ, син,
18 арўад, семар ҳәм хамат халықлары да Қананнан келип шықты. Кейин ала қанан қәўимлери әтирапқа тарап жайылып кетти.
19 Қанан халқының жерлери Сидоннан Герар тәрепке қарай Газаға шекем, оннан Содом, Гомора, Адма, Себойым тәрепке қарай Лешаға шекем созылып жатты.
20 Булар өз үлкелеринде ҳәм халықларында ҳәр түрли қәўимлерге ҳәм тиллерге бөлинген Хамның урпақлары еди.
21 Яфеттиң әжағасы Самның да балалары болды. Ол барлық Эбер урпақларының түп бабасы болды.
22 Самның уллары: Элам, Ашшур, Арпахшад, Луд ҳәм Арам.
23 Арамның уллары: Ус, Хул, Гетер, Маш.
24 Арпахшадтан Шелах, Шелахтан Эбер туўылды.
25 Эбердиң еки улы болып, олардың бириниң аты Пелег* еди, өйткени сол ўақытта жерлер бөлинген еди. Ал екиншисиниң аты Иоқтан еди.
26 Иоқтаннан Алмодад, Шелеф, Хасармаўет, Ерах,
27 Ҳадорам, Узал, Дикла,
28 Обал, Абимаел, Шеба,
29 Офир, Хаўила ҳәм Иобаб туўылды. Булардың бәри Иоқтанның уллары еди.
30 Олар шығыста, Мешадан Сефарға шекем созылған таўлы үлкеде жасайтуғын еди.
31 Булар өз үлкелеринде ҳәм халықларында ҳәр түрли қәўимлерге ҳәм тиллерге бөлинген Самның урпақлары еди.
32 Топан суўынан соң, пүткил жер жүзине халық-халық, урыў-урыў болып тараған бул адамлар Нухтың урпақлары еди.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.