Жаратылыс 11 bob
1 Сол ўақытлары дүньядағы барлық адамлар бир тилде сөйлеп, бирдей сөзлерди қолланатуғын еди.
2 Адамлар шығыста көшип жүргенде, Шынар жеринде бир тегислик тапты ҳәм сол жерге орналасты.
3 Адамлар бир-бирине: «Келиңлер, ылайдан гербиш қуйып, оларды отқа писирейик», – деди. Олар тастың орнына гербиш, ылайдың орнына қара май қолланды.
4 Соңынан олар: «Өзимизге бир қала қурайық ҳәм төбеси аспанға жететуғын бир минара тиклеп, даңқымызды шығарайық. Сонда бизлер жер жүзине тарап кетпеймиз», – дести.
5 Жаратқан Ийе адамлар қурып атырған қаланы ҳәм минараны көриў ушын төменге түсти
6 ҳәм былай деди: «Мине, олар бир халық болып, бир тилде сөйлегенликтен, усы исти баслады. Буннан былай олар ойлаған ойларын жүзеге асырмай қоймайтуғын болады.
7 Қәне, төменге түсейик, олар бир-бирин түсинбей қалыўы ушын тиллерин араластырып таслайық».
8 Солай етип, Жаратқан Ийе оларды жер жүзине таратып жиберип, қала қурылысын тоқтатып таслады.
9 Сонлықтан бул қала Бабыл деп аталды. Себеби Жаратқан Ийе сол жерде барлық адамлардың тиллерин араластырып таслап, оларды пүткил жер жүзине таратып жиберген еди.
10 Самның шежиреси мынадай: топан суўынан еки жыл өткеннен соң, Сам жүз жаста болғанда, улы Арпахшад туўылды.
11 Арпахшад туўылғаннан соң, Сам және бес жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
12 Арпахшад отыз бес жасқа шыққанда, улы Шелах туўылды.
13 Шелах туўылғаннан соң, Арпахшад және төрт жүз үш жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
14 Шелах отыз жасқа шыққанда, улы Эбер туўылды.
15 Эбер туўылғаннан соң, Шелах және төрт жүз үш жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
16 Эбер отыз төрт жасқа шыққанда, улы Пелег туўылды.
17 Пелег туўылғаннан соң, Эбер және төрт жүз отыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
18 Пелег отыз жасқа шыққанда, улы Реу туўылды.
19 Реу туўылғаннан соң, Пелег және еки жүз тоғыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
20 Реу отыз еки жасқа шыққанда, улы Серуг туўылды.
21 Серуг туўылғаннан соң, Реу және еки жүз жети жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
22 Серуг отыз жасқа шыққанда, улы Нахор туўылды.
23 Нахор туўылғаннан соң, Серуг және еки жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
24 Нахор жигирма тоғыз жасқа шыққанда, улы Терах туўылды.
25 Терах туўылғаннан соң, Нахор және бир жүз он тоғыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
26 Терах жетпис жасқа шыққаннан соң, оннан Ибрам, Нахор ҳәм Ҳаран деген уллар туўылды.
27 Терахтың урпақларының тарийхы мынадай: Терахтан Ибрам, Нахор ҳәм Ҳаран туўылды. Ал Ҳараннан Лут туўылды.
28 Әкеси Терахтың көзиниң тирисинде, Ҳаран өзиниң туўылған жери болған калдейлердиң Ур қаласында қайтыс болды.
29 Ибрам да, Нахор да үйленди. Ибрамның ҳаялының аты Сарай, ал Нахордың ҳаялының аты Милка еди. Милка Исканың әкеси Ҳаранның қызы еди.
30 Сарай нәсилсиз болып, баласы жоқ еди.
31 Терах улы Ибрамды, Ҳаранның улы болған ақлығы Лутты ҳәм Ибрамның ҳаялы болған келини Сарайды алып, Қанан жерине барыў ушын калдейлердиң Ур қаласынан жолға шықты. Бирақ олар Харан жерине жеткенде, сол жерге орналасып қалды.
32 Терах еки жүз бес жыл өмир сүрип, Харанда қайтыс болды.