Жаратылыс 12 bob

Ибрамның шақырылыўы (1-9). Ибрам Мысырда (10-20)

1 Жаратқан Ийе Ибрамға: «Өз елиңди, ағайин-туўғанларыңды ҳәм әкеңниң үйин қалдырып, Мен саған көрсететуғын елге бар.
2 Мен сеннен уллы халық дөретемен. Сени жарылқайман ҳәм атыңды мәртебели қыламан. Сен басқаларға жарылқаў боласаң.
3 Сени жарылқағанларды Мен жарылқайман. Сени нәлетлегенлерди Мен нәлетлеймен. Жер жүзиндеги барлық халықлар сен арқалы жарылқанады», – деди.
4 Ибрам Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша жолға шықты. Лут та оның менен бирге кетти. Ибрам Хараннан шыққан ўақытта жетпис бес жаста еди.
5 Ол өзи менен бирге ҳаялы Сарайды, иниси Лутты, Харанда жыйнаған мал- мүлкин ҳәм хызметшилерин алды да, Қанан жерине қарай жолға шықты. Олар Қанан жерине жетип барғанда,
6 Ибрам ел бойлап жүрип, Шехемдеги Море теребинф терегиниң жанына барды. Сол ўақытлары усы елде қанан халқы жасайтуғын еди.
7 Сонда Жаратқан Ийе Ибрамға көринип: «Мен бул жерди сениң урпағыңа беремен!» – деди. Ибрам өзине көринген Жаратқан Ийеге арнап, сол жерде қурбанлық орын қурды.
8 Кейин ол Бейт-Эл қаласының шығыс жағындағы таўлы жерге қарай жүрип, батыс жақтағы Бейт-Эл қаласы менен шығыс жақтағы Ай қаласының ортасына шатырын тикти. Сол жерде Ибрам Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурып, Оның атын айтып шақырды.
9 Кейин ол Бейт-Эл қаласының шығыс жағындағы таўлы жерге қарай жүрип, батыс жақтағы Бейт-Эл қаласы менен шығыс жақтағы Ай қаласының ортасына шатырын тикти. Сол жерде Ибрам Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурып, Оның атын айтып шақырды.
10 Сол ўақытта елде күшли ашлық болғанлықтан, Ибрам ўақтынша жасап турыў ушын Мысырға кетти.
11 Олар Мысырға жақынлағанда, Ибрам ҳаялы Сарайға былай деди: – Мен сениң сулыў ҳаял екениңди билемен.
12 Мысырлылар сени көргенде: «Бул оның ҳаялы», – деп, мени өлтирип, ал сени тири қалдырады.
13 Оларға: «Оның қарындасыман», – деп айт. Сонда сен себепли олар маған жақсы қатнаста болады ҳәм мен аман қаламан.
14 Ибрам Мысырға келгенде, мысырлылар оның ҳаялының жүдә гөззал екенин көрди.
15 Фараонның хызметкерлери ҳаялды көрип, фараонға оның сулыўлығын мақтап айтып берди. Ҳаял фараонның сарайына алынды.
16 Фараон Сарай себепли Ибрамға жақсы қатнаста болды. Ибрам ири ҳәм майда малларға, еркек ҳәм урғашы ешеклерге, қул ҳәм шорыларға, түйелерге ийе болды.
17 Бирақ Жаратқан Ийе Ибрамның ҳаялы Сарай себепли фараонды ҳәм оның үй-ишин аўыр апатларға дуўшар етти.
18 Сонда фараон Ибрамды шақыртып оған былай деди: «Сен неге маған булай иследиң? Не себептен маған, оның ҳаялың екенин айтпадың?
19 Не ушын оны қарындасым дедиң? Мен оны ҳаяллыққа алайын деп қалдым-ғо. Ҳаялыңды ал да, кет!»
20 Солай етип, фараон өз адамларына Ибрамды ҳаялы ҳәм барлық жыйған- тергенлери менен шығарып салыўды буйырды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16