Жаратылыс 15 bob

Қудайдың Ибрам менен келисим дүзиўи

1 Бул ўақыялардан соң, Жаратқан Ийе Ибрамға былай деп аян берди: – Қорқпа, Ибрам. Мен – сениң қалқаныңман. Саған берилетуғын сыйлық оғада уллы болады.
2 Бирақ Ибрам былай деди: – Қудай Ийе! Сен маған не бересең? Мен еле бийперзентпен-ғо! Мениң үйим дамаскли Элиезерге қалады.
3 Сен маған перзент бермегениң себепли, үйимдеги бир хызметшим мийрасхорым болады.
4 Сонда Жаратқан Ийе Ибрамға: – Сениң мийрасхорың ол емес, ал өзиңнен туўылатуғын балаң болады, – деди.
5 Соңынан Ибрамды сыртқа шығарып былай деди: – Аспанға қара! Егер жулдызларды санай алсаң, оларды санап көр. Мине, сениң урпақларың да сондай көп болады.
6 Ибрам Жаратқан Ийеге исенди ҳәм Жаратқан Ийе сол исенимди әдиллик деп санады.
7 Соңынан Ол Ибрамға: – Бул жерди саған меншик етип бериў ушын, сени калдейлердиң Ур қаласынан шығарған Жаратқан Ийең Мен боламан, – деди.
8 Бирақ Ибрам Оннан: – Қудай Ийе, бул жерлерди меншик етип алатуғынымды қалай билемен? – деп сорады.
9 Сонда Жаратқан Ийе оған: – Маған ҳәр бириниң жасы үш жасар болған қашар, ешки, қошқар, және де, бир қумыры ҳәм кептердиң палапанын алып кел.
10 Ибрам ҳәммесин алып келди ҳәм оларды дәл ортасынан бөлип, бөлеклерди бир-бирине қарама-қарсы қойды. Ал қусларды бөлмеди.
11 Сойылған маллардың денесине жыртқыш қуслар ушып келип, қона баслады, бирақ Ибрам оларды қуўып жиберди.
12 Күн батар ўақытта, Ибрам терең уйқыға кетти. Сонда қорқынышлы бир қара түнек оны қоршап алды.
13 Жаратқан Ийе Ибрамға былай деди: «Мынаны жақсы билип қой: сениң урпақларың жат елде келгинди болып жасайды. Олар төрт жүз жыл қулшылықта болып, езиўшилик көреди.
14 Бирақ Мен оларды қул еткен халықты жазалайман. Соннан соң, олар сол жерден көп мал-мүлик пенен шығып кетеди.
15 Ал сен ғаррылық дәўранын сүрип, өлип жерленесең ҳәм тынышлық пенен ата-бабаларыңның жанына барасаң.
16 Сениң урпақларыңның тек төртинши әўлады ғана бул жаққа қайтып келеди, себеби аморлардың гүнасы еле толыў мөлшерине жеткен жоқ».
17 Күн батып, қараңғылық шөккенде, иши түтеп турған ыдыс ҳәм лаўлаған жалын пайда болып, бөлинген маллардың арасынан жүрип өтти.
18 Усы күни Жаратқан Ийе Ибрам менен келисим дүзип былай деди: «Мен сениң урпақларыңа Мысыр дәрьясынан уллы Евфрат дәрьясына шекем созылған жерди,
19 яғный кен, кениз, қадмон,
20 хет, периз, рефа,
21 амор, қанан, гиргаш ҳәм ебус халықларының жерлерин беремен».


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.