Жаратылыс 17 bob

Сүннет – келисимниң белгиси

1 Ибрам тоқсан тоғыз жаста болғанда, Жаратқан Ийе оған аян берип: – Мен Қүдирети күшли Қудайман. Мениң жолым менен жүр ҳәм минсиз бол.
2 Ибрам тоқсан тоғыз жаста болғанда, Жаратқан Ийе оған аян берип: – Мен Қүдирети күшли Қудайман. Мениң жолым менен жүр ҳәм минсиз бол.
3 Ибрам ет бетинен жығылды. Сонда Қудай оған былай деди:
4 – Мениң сениң менен дүзетуғын келисимим мынаў: сен көп халықлардың бабасы боласаң.
5 Енди сениң атың Ибрам емес, ал Ибрайым* болады. Себеби Мен сени көп халықлардың бабасы қыламан.
6 Мен сениң нәсилиңди сансыз етип көбейтип, сеннен халықлар дөретемен. Сениң урпағыңнан патшалар келип шығады.
7 Мен сениң менен ҳәм сеннен кейинги урпақларың менен келешек әўладларға өтетуғын мәңгилик келисим дүземен: Мен сениң ҳәм сеннен кейинги урпақларыңның Қудайы боламан.
8 Ҳәзир өзиң келгинди болып жасап атырған пүткил Қанан жерин саған ҳәм сеннен кейинги урпақларыңа мәңгиге меншик етип беремен ҳәм Мен олардың Қудайы боламан.
9 Қудай Ибрайымға және былай деди: – Ал сен ҳәм сеннен кейинги урпақларың Мениң келисимимди әўладлар даўамында сақлаўыңыз тийис.
10 Мениң сениң менен ҳәм сениң урпақларың менен дүзген келисимим, яғный сизлер орынлаўыңыз керек болған келисим мынаў: сизлердиң араңыздағы ҳәр бир ер адам сүннет етилиўи тийис.
11 Сизлер сүннет етилиўиңиз шәрт. Сүннет арамыздағы келисимниң белгиси болады.
12 Ҳәр бир ер бала, соның ишинде үйиңизде туўылған ямаса урпағыңыздан болмай, қандай да бир шет елли адамнан сатып алынған қуллар сегиз күнлигинде сүннет етилсин. Бул әўладлар бойы даўам етсин.
13 Олар үйиңде туўылған болса да, сатып алынған болса да, сүннет етилиўи шәрт. Денеңиздеги бул белги Мениң мәңгилик келисимимниң белгиси болады.
14 Сүннет етилмеген ҳәр бир еркек өз халқы арасынан шығарылып жиберилсин. Өйткени ол келисимди бузған болады.
15 Қудай Ибрайымға және былай деди: – Ендигиден былай, ҳаялыңды Сарай деп емес, ал Сара* деп шақыр.
16 Мен оны жарылқайман ҳәм ол арқалы саған бир ул беремен. Мен оны жарылқайман ҳәм ол халықлардың анасы болады. Оннан халықлардың патшалары келип шығады.
17 Ибрайым ет бетинен жығылды. Ол: «Жүз жасар ғаррыдан бала туўыла ма? Тоқсан жасар Сара бала туўа ма?» – деп ойлап, күлип қойды.
18 Соң ол Қудайға: – Ҳеш болмаса, Исмайыл алдыңда аман жүргей, – деди.
19 Сонда Қудай оған былай деди: – Яқ, ҳаялың Сара саған ул туўып береди. Сен оның атын Ысақ деп қоясаң. Мен оның менен ҳәм оның урпақлары менен мәңгилик келисимимди дүземен.
20 Ал Исмайылға келсек, сениң ол туўралы айтқанларыңды еситтим. Мен оны жарылқап, өсип-өндиремен ҳәм урпақларын есап-сансыз қылып көбейтемен. Исмайылдан он еки көсем келип шығады. Мен оннан уллы халық дөретемен.
21 Бирақ Мен Өз келисимимди келеси жылы усындай ўақытта Сараның туўатуғын улы Ысақ пенен дүземен.
22 Қудай Ибрайым менен сөйлесип болғаннан кейин, жоқарыға көтерилип кетти.
23 Ибрайым Қудайдың айтқанындай, сол күни-ақ үйиндеги барлық еркеклерди: улы Исмайылды, үйинде туўылған ҳәм сатып алынған ер адамлардың ҳәммесин сүннет еттирди.
24 Ибрайым өзи сүннет етилгенде, тоқсан тоғыз жаста,
25 ал улы Исмайыл он үш жаста еди.
26 Ибрайым ҳәм оның улы Исмайыл да сол күни-ақ сүннет етилди.
27 Олар менен бирликте Ибрайымның үйиндеги барлық еркеклер: сол үйде туўылғанлар ҳәм шет елли адамлардан сатып алынған қуллар да сүннет етилди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16