Жаратылыс 18 bob
1 Күнниң жәзийрама ыссы ўақтында, Ибрайым шатырдың кирер аўзында отырған еди. Сонда оған Мамре теребинф тереклиги қасында Жаратқан Ийе көринди.
2 Ибрайым басын көтерип қарағанда, қарсы алдында үш адамның турғанын көрди. Ол дәрҳал отырған орнынан ушып турды да, оларды қарсы алыўға асықты ҳәм жерге дейин ийилип, тәжим етти.
3 Соңынан Ибрайым былай деди: – Мырзам, егер мен мийримиңизге ерискен болсам, мендей қулыңызды шетлеп өтпең.
4 Аяқларыңызды жуўыўыңыз ушын аз-маз суў алдырайын. Мына теректиң астында дем алыңлар.
5 Мендей қулыңыз тәрепке жолыңыз түскен екен, ҳәлленип алыўыңыз ушын жейтуғын бир нәрселер әкелейин. Соң жолыңызды даўам етерсиз. Олар: – Яқшы, өзиң айтқаныңдай қыла бер, – деди.