Жаратылыс 19 bob

Содом ҳәм Гомора қалаларының қыйратылыўы (1-29). Лут ҳәм оның қызлары (30-38)

1 Кеш болғанда, еки периште Содомға келди. Лут қала дәрўазасының жанында отырған еди. Лут оларды көргенде, күтип алыў ушын орнынан турды да, маңлайы жерге тийгенше ийилип, тәжим етти ҳәм оларға:
2 – Мырзалар, қулыңыздың үйине кириңлер. Аяқларыңызды жуўыңлар ҳәм бизикинде қонып қалыңлар. Соңынан ерте азанда турып, жолыңызды даўам етерсиз, – деди. Олар: – Яқ, бизлер түнди қала майданында өткиземиз, – деди.
3 Бирақ Лут жалынып қоймағанлықтан, олар Лутқа ерип, оның үйине келди. Лут олар ушын аўқат таярлады ҳәм ашытқысыз нан писирди. Олар аўқатланды.
4 Олар еле жатып үлгермей атырып, Содом қаласының ҳәмме тәрепинен барлық еркеклер, жаслардан баслап ғаррыларға шекем Луттың үйин қоршап алды.
5 Олар Лутты шақырып: – Бүгин кеште саған келген адамлар қай жерде? Оларды бизлерге шығарып бер, олар менен жатайық, – деди.
6 Лут сыртқа шығып, арқасынан қапыны жапты да,
7 оларға былай деди: – Туўысқанлар, бундай зулымлықты ислемеңлер!
8 Минекей, мениң еркек қолы тиймеген еки қызым бар. Мен оларды сизлерге шығарып берейин. Оларға қәлегениңизди ислеңлер. Тек бул адамларға қол тийгизбеңлер, өйткени олар үйимнен баспана тапқан қонағым-ғо!
9 Сонда олар: – Ҳәй, жолды босат! Өзиң келгинди болып, қазылық та қылмақшымысаң. Бизлер енди саған бетерин көрсетемиз, – деди де, Лутты бар күши менен ийтерип, қапыны сындырмақшы болды.
10 Бирақ иштеги адамлар қолларын созып, Лутты үйдиң ишине киргизди де, қапыны жаўып таслады.
11 Ал есик алдында турған адамлардың үлкени- кишисин соқыр етип таслады. Олар есикти де таба алмай қалды.
12 Соңынан иштеги еки адам Лутқа былай деди: – Бул жерде басқа кимиң бар? Күйеў балаларың, улларың, қызларың ҳәм қалада өзиңе дерек ким болса да, ҳәммесин бул жерден алып шық.
13 Себеби бизлер бул жерди жоқ етпекшимиз. Бул халық үстинен Жаратқан Ийеге жетип барған шағымлар жүдә көп. Ол бизлерди қаланы жоқ қылыў ушын жиберди.
14 Лут сыртқа шықты да, болажақ күйеў балаларына барып: – Дәрҳал бул жерден кетиңлер! Өйткени Жаратқан Ийе бул қаланы жоқ етпекши, – деди. Деген менен, олар Лутты ҳәзиллесип атыр деп ойлады.
15 Таң атқанда, периштелер Лутты асықтырып: – Ҳаялыңды ҳәм еки қызыңды ал да, тез бул жерден кет! Болмаса, қала жазаланғанда, сен де бирге өлип кетесең! – деди.
16 Ал Лут еле екиленип турған еди. Лутқа Жаратқан Ийениң мийрими түскенликтен, периштелердиң өзлери Луттың, оның ҳаялының ҳәм қызларының қолларынан услап, қаладан шығарды.
17 Оларды сыртқа шығарыўдан-ақ, периштелердиң бири Лутқа: – Кейниңе бурылып қарама. Бул тегисликлердиң ҳеш бир жеринде иркилмей таўға қаш, болмаса өлесең, – деди.
18 Бирақ Лут оларға: – Яқ, мырзалар!
19 Мине, қулыңыз болған мен сизлердиң мийримиңизге еристим ҳәм жанымды қутқарып, үлкен жақсылық қылдыңыз. Бирақ мен таўға жете алмайман, себеби апатқа ушырап, өлип қаламан.
20 Әне, қашып жете алғандай, кишкене бир қала бар екен. Ол кишкене қала-ғо! Мен жанымды сақлап қалыўым ушын, сол қалаға қашып бара қояйын, – деп өтинди.
21 Олардың бири Лутқа: – Яқшы, сениң бул тилегиңди де қабыл етемен. Сен айтқан сол қаланы қыйратпайман.
22 Тез сол жерге қашып бар! Өйткени сен сол жерге барып жетпегениңше, Мен ҳеш нәрсе ислей алмайман, – деди. Сол себептен бул қала Соар* деп аталады.
23 Лут Соарға жетип келгенде, әлле қашан қуяш шыққан еди.
24 Жаратқан Ийе Содом ҳәм Гомора үстине аспаннан отлы күкирт жаўдырды.
25 Ол бул қалаларды, пүткил тегисликти, ол жерде жасаўшылардың ҳәммесин ҳәм жердеги барлық өсимликлерди жоқ етти.
26 Бирақ Луттың ҳаялы артына бурылып қарап, дузға айланып қатып қалды.
27 Ибрайым азанда ерте турып, бурын өзи Жаратқан Ийениң алдында турған жерге келди.
28 Ол Содом менен Гомораға ҳәм пүткил тегисликке қарап, жердиң пеш сыяқлы түтеп турғанын көрди.
29 Солай етип, Қудай тегисликтеги қалаларды қыйратқан ўақытта Ибрайымды еске алды ҳәм Лут жасаған қалаларды қыйратқанда, Лутты аман сақлап қалды.
30 Лут Соарда қалыўдан қорққанлықтан, еки қызы менен бирге қаладан шығып, таўға кетти. Ол еки қызы менен бирге бир үңгирде жасай баслады.
31 Бир күни үлкен қызы кишкенесине былай деди: – Әкемиз қартайып қалды. Бул дүньяның әдети бойынша, бизлерге үйленетуғын бул дөгеректе бирде бир еркек жоқ.
32 Кел, әкемизге шарап ишкизип, оның менен жатайық ҳәм әкемиз арқалы нәсилимизди жалғастырайық.
33 Олар сол күни түнде әкесине шарап ишкизди ҳәм үлкен қызы әкесиниң жанына кирип, оның менен жатты. Бирақ әкеси қызының қашан жатып, қашан турғанын билмеди.
34 Келеси күни үлкен қызы кишкенесине: – Өткен түнде мен әкем менен жаттым. Оған бүгин түнде де шарап ишкизейик ҳәм сен барып, әкемиз бенен жат. Солай етип, әкемиз арқалы нәсилимизди жалғастырайық, – деди.
35 Сол күни түнде олар әкесине және шарап ишкизди ҳәм кишкене қызы әкесиниң жанына кирип, оның менен жатты. Бирақ әкеси қызының қашан жатып, қашан турғанын билмеди.
36 Солай етип, Луттың еки қызы да әкесинен ҳәмиледар болды.
37 Үлкен қызы ул туўып, оған Моаб деп ат қойды. Ол – ҳәзирги моаб халқының бабасы.
38 Кишкене қызы да ул туўып, оған Бен-Аммий деп ат қойды. Ол – ҳәзирги аммон халқының бабасы.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.